Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Өзбекстан-2030 стратегиясын Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм жасыл экономика жылында әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарлама ҳаққында"ғы пәрманы жойбары жәмийетшиликтиң додалаўына қойылды.
Жойбарда қоршаған орталыққа тәсир етиў бойынша I ҳәм II категорияға тийисли кәрханалардың экологиялық өндириске өтиўдеги ҳәрекетлерин хошаметлеў мақсетинде 2025-жыл 1-августтан баслап жаңа тәртип енгизилиўи мүмкин.
Биринши басқышта - атмосфера ҳаўасының патасланыўы фон мониторинги станцияларын орнатқан кәрханаларға:
тәбиятқа зыян жеткериў бойынша компенсация төлемлеринен қәлиплескен қарыздарлықтан ўаз кешиў;
тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке қаратылатуғын компенсация төлемлериниң 50 процентке шекемги бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў нәзерде тутылмақта.
Екинши басқышта - мониторинг станцияларын орнатқан кәрхана келеси бир жыл даўамында шаң-газ ҳәм локал суў тазалаў үскенелерин орнатқанында, тәбиятқа зыян жеткериў бойынша республикалық бюджетке қаратылатуғын компенсация төлемлериниң 70 процентке шекемги бөлегин еки жыл даўамында қайтарыў белгиленеди.
Онда усы бәнтте нәзерде тутылған жеңилликлер мәмлекетлик хызметлер орайлары ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги тәрепинен берилетуғын жуўмақ тийкарында усынылады.
Сондай-ақ, 2025-жыл 1-ноябрьге шекем Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги тәрепинен хожалық жумысын жүргизиўши кәрхана ҳәм шөлкемлер тәрепинен жеткерилген экологиялық зыянларды мәжбүрий қамсызландырыў системасын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша нызам жойбары ислеп шығылады.