Ташкентте экологиялық бағдардағы www.batareykalar.uz жойбарының презентациясы болып өтти. Бул баслама 2024-жылы Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўи министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген III Халықаралық "Жаслар - келешек дөретиўшиси!" экология ҳәм туризм форумында "Ең жақсы экологиялық жойбар" номинациясында жеңимпаз деп табылған. Жойбар авторы ҳәм презентация интакери экобелсенди Ферузбек Сайфуллаев болып есапланады.
Жойбар ең әҳмийетли экологиялық машқалалардан бири - жумсалған батареяларды қәўипсиз жыйнаў ҳәм жоқ етиў мәселесине қаратылған. Себеби бул шығындылар қурамында қорғасын, кадмий, сынап, никель ҳәм литий сыяқлы аўыр металлар болып, олардың надурыс утилизациясы қоршаған орталық ҳәм инсан саламатлығы ушын үлкен қәўип туўдырады.
Бул баслама шеңберинде пүткил мәмлекет бойлап 100 арнаўлы контейнер орнатылды. Жыйнаў пунктлериниң анық мәнзиллери www.batareykalar.uz платформасында жайластырылған болып, ҳәр бир пуқара өзине ең жақын контейнерди аңсат табыўы мүмкин.
Ҳәзирги ўақытта республика аймақларында 28 шығынды жыйнаў пунктлери жумыс алып бармақта. Ҳәр бир пункт Экология министрлиги ҳәм Шығындыларды басқарыў агентлигиниң аймақлық басқармаларында ҳәм Корзинка супермаркетлеринде жайластырылған. Ташкент қаласында болса 72 пункт иске қосылған болып, олардың ярымы Корзинка дүканларында, қалғанлары мәмлекетлик уйымлар ҳәм билимлендириў мәкемелеринде жайласқан.
Өзбекстанда ҳәзирше батареяларды қайта ислеўге қәнигелескен завод жоқ болса да, жойбар экологиялық қәўипсизлик талаплары тийкарында, бийғәрез баслама сыпатында әмелге асырылмақта. Жыйналған барлық батарейкалар қәўипсиз шараятта ўақтынша сақланады ҳәм кейин ала “No Waste” компаниясы тәрепинен халықаралық стандартларға муўапық утилизацияланады.
Жойбар халықты материаллық хошаметлеўсиз әмелге асырылмақта. Онда тийкарғы итибар - пуқараларда экологиялық мәдениятты қәлиплестириў ҳәм шығындыларды саналы түрде басқарыў бағдарында жуўапкершиликти арттырыўға қаратылған.








