Экологиялық ҳәрекетлерди әмелге асырыўда да тиккелей адамлардың өзи тийкарғы қатнасыўшыға айланбақта. Мәселен, пуқаралар өзи басқарып атырған автотранспорт қуралының экологияға тәсири ушын өзи жуўапкер.
Бул процесс елимизде Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 28-ноябрьдеги тийисли қарары менен тәртипке салынбақта. Оған бола, Өзбекстанда жаңа механизм - автотранспорт қуралларынан шығатуғын зыянлы элементлерди қадағалаўға қаратылған "экологиялық транспорт" системасы енгизилмекте. Жаңа система менен 2026-жыл 1-январьдан баслап барлық автотранспорт қуралларын экологиялық категория ҳәм классларға ажыратыў ҳәм олар тийкарында экостикерлер бериў тәртиби белгиленди.
Экологиялық стикерлер ҳаққындағы мағлыўматлар алдынырақ пайда болғаны себепли, елимизде олардың енгизилиўи ҳәм кейин ала транспорт қураллары аймақларда әне усы экологиялық белги бойынша ҳәрекетленетуғынын көпшилик биледи. Ҳәтте адамлар арасында "жақында ески машиналар қалаға кире алмайды, шеклеў орнатылады, тек ғана экологиялық таза автомобиллер көшелерде ҳәрекетлениўи мүмкин", деген пикирлер пайда болған. Яғный ўатанласларымыз жаңа система ҳаққында азлы-көпли хабардар. Бирақ оның қашаннан баслап, кимлерге әмел етиўи, тәртип-қағыйдалары ҳаққында көпшилик билмейтуғын еди.
Енди автомобиллерге экостикер жабыстырыў тәртиби белгиленгеннен соң, жуўапкерлер кең жәмийетшиликке жаңа механизмниң зәрүрлиги ҳәм оның әмелиятта қолланылыўы ҳаққында түсиниклер бермекте.
- Автомобиллерден шығатуғын зыянлы газлер атмосфера ҳаўасына унамсыз тәсир көрсететуғын тийкарғы факторлардан бири болып есапланады, - дейди ИИМ Жәмийетлик қәўипсизлик департаменти ЖПХ мәлимлеме хызметиниң баслығы Зойир Йўлдошев. - Бул тиккелей қоршаған орталықтың тазалығы ҳәм адамлардың саламатлығы менен байланыслы мәселе болғаны себепли, елимизде бул жағдайлардың алдын алыўға қаратылған илажлар барған сайын күшейтилип барылмақта. Әсиресе, Ташкент қаласында ҳаўа патасланыўының алдын алыўға қаратылған бир қатар жумысларға қарамастан, атмосфераның патасланыў дәрежеси жоқарылығынша қалып атырғаны ҳәрекетлерди және де қатаңластырыў зәрүрлигин арттырмақта. Усы мақсетте 2026-жыл 1-январьдан баслап Өзбекстан шараятында "экологиялық транспорт" системасы күшке кирмекте. "Экологиялық транспорт" системасын аймақларда енгизиў үш басқышта әмелге асырылады. Жаңа механизм биринши басқышта 2025 - 2027-жылларда Ташкент қаласында, екинши басқышта 2028 - 2030-жылларда Нөкис қаласы ҳәм ўәлаятлар орайларында, үшинши басқышта болса 2031 - 2034-жылларда басқа барлық аймақлар әмелиятында қолланылады.
Белгиленген тәртип тийкарында транспорт қураллары экологиялық категория ҳәм класларға ажыратылып, оларға "жасыл", "сары" ямаса "қызыл" реңдеги экологиялық стикер бериледи. Биринши мәрте ҳәм жылына бир мәрте стикер алыў пүткиллей бийпул болып, пуқаралардан ҳеш қандай сумма талап етилмейди.
Бийпул диагностика тексериўи
Экологиялық стикер транспорт қуралының қоршаған орталыққа зыянын азайтыўшы қандай да бир қурылма емес. Ол автомобилдиң экологиялық категориясын тастыйықлаўшы электрон мағлыўматларды өз ишине алған арнаўлы этикет болып есапланады. Бул этикетка тийисли тексериўлерден соң транспорт қуралының алдынғы айнасының төменги оң мүйешине, ишки тәрепинен жабыстырылады. Стикердиң реңи ол жабыстырылған автомобилдиң экология ушын қаншелли қәўипсиз екенин билдирип турады.
Экостикерлер үш түрли - жасыл, сары ҳәм қызыл реңде болады ҳәм ҳәр бири экологиялық категорияларды билдиреди. Жасыл - "таза", сары - "орташа", қызыл - "зыянлы" экологиялық дәреже белгилери есапланады. Транспорт қуралының экологиялық класы ислеп шығарыўшы тәрепинен тастыйықланған экологиялық класс ("евро" стандартлары) тийкарында, экологиялық класы анықланбаған жағдайларда болса диагностика тексериўлери нәтийжелерине бола белгиленеди. Берилген жуўмақ тийкарында автомобиль айнасына "қызыл", "сары" ямаса "жасыл" этикет (стикер) жабыстырылады.
- Мәмлекетимиздиң барлық аймағы бойлап транспорт қуралларын дизимге алыў-диагностика орайы шөлкемлестирилген болып, айдаўшылар экостикерлерди әне усы мәнзиллерде бир неше минут ишинде алыўы мүмкин, - дейди Зойир Йўлдошев. - Буның ушын арнаўлы экологиялық операторлар тартылған. Олар заманагөй қурылмалар жәрдеминде транспорт қуралларынан шығып атырған түтинди өлшеп, оның қайсы стикерге сәйкес келиўин анықлайды. Диагностика тексериў нәтийжелери болса "Автомототранспорт есабы" бирден-бир электрон системасына киргизиледи.
Қәнигелердиң атап өтиўинше, экостикер бериў транспорт қуралының ислеп шығарылған жылына байланыслы емес. Тийкарғы өлшем автомобилдиң экологиялық класы ("евро" стандарты) ҳәм оның техникалық жағдайының әмелдеги экологиялық талапларға муўапықлығы есапланады.
Жаңа системаның қалай ислейтуғыны Ташкент қаласы Мирабад районындағы транспорт қуралларын диагностика тексериў орайындағы тәжирийбе әмелияты мысалында көрсетип берилди. Экостикер бериў тәртиби реал автомобиль мысалында басқышпа-басқыш түсиндирилди. Ҳақыйқатында да, операция бир неше минут ишинде пүткиллей бийпул әмелге асырылды. Процессте 1996-жылы ислеп шығарылған автомобиль диагностикалық тексериўден өткерилип, оған "жасыл" экостикер берилди.
Гәп сонда, газ ҳәм дизельде жүретуғын ҳәр бир машинаның түтин шығарыў системасы болады, оннан шығатуғын түтин муғдары, компонентлери ҳәм ҳәр бир компоненттеги өз алдына муғдар есап-санақ етиледи. Буны диагностика орайларындағы заманагөй қурылмалар биймәлел анықлап береди. Олардың нәтийжелери тийкарында автотранспортларға белгиленген стикерлер жабыстырылады. Стикерлердиң реңлери зыянның процентинен келип шығып белгиленеди. Жасыл стикер автомобилдиң техникалық ҳәм экологиялық жағдайы жақсы екенлигин билдиреди. Қызыл стикер алған машинаның тәбиятқа зыяны жоқары болады ҳәм бул этикет ескертиў дегени. Бундай машина ийеси илажы барынша қысқа мүддетлерде анықланған техникалық насазлық, кемшиликлерди сапластырыўы мақсетке муўапық. Келешекте болса қызыл стикерли машиналардың пайтахт бойлап өз алдына ажыратылған жасыл аймақларда ҳәрекетлениўине шеклеўлер орнатылып, қадағалаўға алынады. Бул қандайда бир ажыратыў, жаңа шеклеўлерди орнатыў мәнисинде емес, әпиўайы барлық транспорт қуралларын жасыл стикерге өткериў ҳәр биримиздиң денсаўлығымыз, экология ушын зәрүр.
Айдаўшылар экостикерди еки түрли тәртипте алыўы мүмкин. Бириншиси, транспорт қуралын дизимнен өткериў ямаса қайта дизимнен өткериў процесинде экостикер автоматикалық түрде бийпул бериледи. Екиншиси, пайдаланыўда болған транспортлар ушын ықтыярлы мүрәжат тийкарында экостикер алынып, рәсмийлестириледи. Этикеттен пайдаланыў мүддети белгиленбейди, бирақ айырым жағдайларда, атап айтқанда, транспорт ийеси ямаса мәмлекетлик номер өзгергенде, машинаның алдынғы айнасы алмастырылғанда, стикер зыянланғанда ямаса өшип кеткенде оны қайта рәсмийлестириўге туўра келеди.
Бир мәртеден артық қайта диагностикалаў ҳәм стикер алыў болса базалық есаплаў муғдарының 1 есеси тийкарында төлемли әмелге асырылады. Себеби, жаңа системаға бола, ҳәр бир транспорт қуралының ийеси жылына бир мәрте қайта диагностика өткерип, экологиялық категорияны жақсылаў ҳуқықына ийе.
"Экологиялық транспорт" - бул не?
Ҳақыйқатында да, автотранспорт қуралларынан шығып атырған зыянлы газлер бүгин экологиялық орталықты жаманластырып атырған тийкарғы факторлардан бирине айланған. Әсиресе, халықаралық сапа стандартларына жуўап бермейтуғын жанылғы түрлери атмосфера ҳаўасын айрықша зыянлап атырғаны таллаўларда да көрсетилмекте. Елимизде 2026-жылға шекем АИ-80 маркалы бензинден толық ўаз кешиў талабы қойылғанының себеби де сонда.
Экостикер де тек ғана баҳа ямаса машина айнасын "безетиў" ушын енгизилип атырған жоқ. Буннан тийкарғы мақсет транспорт қуралының экологияға шығаратуғын зыянлы тәсирин азайтыў болып табылады. Яғный автомобилди бир жылда бир мәрте диагностика тексериўинен өткериў арқалы тийисли категориядағы стикер берилгеннен соң, оның аймақларда ҳәрекетлениўи де усы тийкарда белгиленеди.
Яғный "экологиялық транспорт" системасы арқалы еки механизм енгизилмекте. Бириншиси, транспорт қуралларына экостикер бериў тәртиби болса, екиншиси, экологиялық зоналарды белгилеў әмелияты. Мағлыўматларға қарағанда, аймақлардағы экологиялық зоналардың шегаралары Халық депутатлары жергиликли кеңеслери тәрепинен Экология комитетиниң усынысына тийкарланып белгиленеди. Бундай зоналардың айрықша тәрепи сонда, оларда "орта" ҳәм "зыянлы" экологиялық категорияларға тийисли ҳәмде экологиялық стикери болмаған автомобиллердиң ҳәрекетлениўи қадаған етиледи.
- Экологиялық зоналар баллық система тийкарында белгиленеди, - дейди Мәмлекетлик экологиялық экспертиза орайы бас директорының кеңесгөйи Ислам Хушвақтов. - Бул тийкарынан қаланың ең патасланған, санаат кәрханалары бар айырым киши аймақлар болыўы мүмкин. Бул аймақларға "сары" ҳәм "қызыл" категориядағы ямаса экостикерсиз машиналардың кириўине рухсат берилмейди. Тек ғана белгиленген тәртипте ҳәм муғдарда компенсация төлемлерин әмелге асырған және экологиялық зона аймағында турақлы жасайтуғын ямаса мийнет етиўди әмелге асыратуғын пуқаралар усы аймақта шеклеўлер ҳәм қадаған етиўлерсиз ҳәрекетлениў ҳуқықына ийе болады. Басқа илажы да бар. Яғный "сары" ямаса "қызыл" экостикер берилген транспорт қуралы диагностика процесинде көрсетилген кемшиликлерди сапластырып, бийпул тәризде қайта тексериўден өтиў ҳәм экостикерди жаңалаў ҳуқықына ийе.
"Жасыл" стикерлер ҳаққында сөз болғанда, көпшиликтиң көз алдына электромобиллер келеди. Бирақ қәнигелердиң айтыўынша, бул түсиник надурыс. Себеби электромобиллерден тәбиятқа ҳеш қандай зыянлы газлер шығарылмағаны себепли, экологиялық көриктен өткериў әмелияты оларға тийисли емес. Қалаберди, айырым түрдеги транспорт қураллары ушын да ҳеш қандай экостикер алыў талап етилмейди. Атап айтқанда, скутер, мопед ҳәм үш дөңгелекли транспортлар, жәмийетлик транспорт (таксы ҳәм жөнелисли таксиден тысқары), оператив ҳәм арнаўлы хызмет машиналары, транзит арқалы ҳәрекетленип атырған, Өзбекстанда 90 күнге шекем ўақытша турған транспорт қураллары сыяқлыларға экостикер алыў талабы қолланылмайды. Ислеп шығарылғанына үш жылдан аспаған гибрид автомобиллер де "таза" категориялы транспорт қураллары есапланады. Айрықша дизимге кирмейтуғын транспорт қураллары болса келеси жылдың басынан диагностикалық тексериўден өткерилип, экостикер алыўына туўра келеди.
Пуқаралар болса экостикер алыў арқалы өз автомобилиниң қоршаған орталыққа қаншелли тәсир етип атырғанын билиў менен бирге бул бағдарда еркин қадағалаўды әмелге асырады. Усы тәризде экологиялық илажлардың тийкарғы қатнасыўшыларынан бирине айланады.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы