Айырым вируслар миллионлап адамларды жуқтырып атырғанына қарамастан, олардағы өлимшилик дәрежеси салыстырмалы түрде жоқары емес. Соның менен бирге, бир қатар инфекциялар шекленген дәрежеде тарқалмақта, бирақ кеселленгенлердиң өмирине оғада жоқары қәўип туўдырмақта.

Naked Science тың жазыўынша, рейтингтиң абсолют жетекшиси қутырыў болып қалмақта: клиникалық симптомлар пайда болғаннан соң өлим жағдайының итималлығы 100 процентке жақынласады.

Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматларына қарағанда, ҳәр жылы 59 мыңға шамалас адам, тийкарынан, Африка ҳәм Қубла-Шығыс Азия мәмлекетлеринде қутырыўдан қайтыс болады.

Тийкарғы жуғыў жолы кесел ҳайўанлардың, көбинесе ийтлердиң тислеўи. Нәтийжели вакцина бар болыўына қарамастан, контакттан кейинги профилактикадан пайдаланыў имканияты шекленгени себепли өлимшилик дәрежеси жоқарылығы сақланып қалмақта.

Рейтингке, сондай-ақ, геморрагик ыссылықты келтирип шығаратуғын вируслар, соның ишинде, Эбола, Марбург ҳәм Конго-Қырым геморрагик ыссылығы киргизилген. Бул кеселликлер көбинесе аўыр ишки қан кетиўлер ҳәм полиорганлық жетиспеўшилик пенен косылып өтеди. Эбола ҳәм Марбург вирусларында өлимшилик 50 процентке шекем жетеди, эпидемиялар тийкарынан Орайлық ҳәм Субсахара Африка мәмлекетлеринде анықланады. 2014-2016-жыллары Батыс Африкадағы ең үлкен Эбола эпидемиясы 11 мыңнан аслам адамның өмирин алып кетти.

Конго-Қырым геморрагик ыссылығы Евроазия ҳәм Африка мәмлекетлеринде әдеўир кең тарқалған. Леталлық 10 дан 40% ке шекем болса, ол ҳәр жылы, экспертлердиң есап-санақлары бойынша, 1-2 мың өлимге алып келеди. Тийкарғы жуғыў жоллары - кенелер шағыўы ҳәм аўыл хожалығының зыянланған ҳайўанлары менен байланысы.

Рейтингтеги вируслардың көпшилиги зооноз келип шығыўға ийе. Нипах ҳәм Марбург вирусларының тәбийий резервуары мийўе жеўши жарғанатлар, Лухо вирусы кемириўшилер менен байланыслы, MERS-CoV дәреги болса бир өркешли түйелер болып есапланады.

Наўқас қуслардан жуғатуғын H5N1 грипп кеселлиги адамларда анықланған жағдайлар арасында 50% әтирапында өлимшилик пенен тәрийипленеди, бул болса мәўсимлик гриппке салыстырғанда бир қанша жоқары.

Қәнигелердиң атап өтиўинше, бундай вируслардың жоқары дәрежедеги өлимшилиги ҳәм ҳайўанлардан келип шығыўы турақлы эпидемиологиялық қадағалаўды, ерте анықлаў системасын раўажландырыўды, миллий денсаўлықты сақлаў системаларының жүз бериўи мүмкин болған эпидемия ҳәм пандемияларға таярлығын күшейтиўди талап етеди.