Үш күн даўам еткен илажда халықаралық, мәмлекетлик ҳәм жеке меншик структуралардан бир неше жүз эксперт қатнасты.
Халықаралық шөлкемлердиң мағлыўматларына бола, дүнья жүзи бойынша 2 миллиардтан аслам адам елеге шекем қәўипсиз ишимлик суўы, 3,5 миллиард адам болса ақаба суў хызметлеринен пайдаланбаған. Глобал мақсетлерге ерисиў ушын жылына дерлик 140 миллиард доллар муғдарында инвестиция талап етиледи, бул болса мәмлекет қаржыландырыўының ҳәзирги көлеминен дерлик еки есеге көп.
Орайлық Азияда қала халқын суў менен тәмийинлеў дәрежеси 90 проценттен артады, бирақ санитариялық инфраструктура төмен дәрежеде қалмақта: ақаба суўлардың 25 проценттен азы тазаланады, 10 миллионнан аслам аўыл халқы қәўипсиз суўдан пайдаланбайды. Тармақлардың тозғанлығы, суўдың жоғалыўы (30-40 процент), тәмийнаттағы үзилислер ҳәм коммуналлық кәрханалардың финанслық турақсызлығы қосымша машқалалар туўдырмақта. Климат өзгериўи тараўға жүклемени күшейтпекте.
Регион мәмлекетлерине суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын модернизациялаў ушын кеминде 12 миллиард доллар зәрүр. Бул қаржылар инфраструктураны жаңалаў, процесслерди санластырыў, кәрханалардың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм аўыллық жерлерде хызметлерден пайдаланыў имканиятларын кеңейтиўге қаратылыўы керек.
Орайлық Азияның көплеген суў каналлары әллеқашан хызметлер сапасын ҳәм финанслық турақлылықты жақсылаўға хызмет ететуғын реформалар ҳәм инвестициялық бағдарламаларды әмелге асырмақта. Конференцияда өз тәжирийбелери менен бөлисиў ушын Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан ҳәм Өзбекстанның мәмлекетлик ҳәм жеке меншик структуралары, сондай-ақ, халықаралық шөлкемлер ҳәм қаржы институтлары - Жәҳән банки, IFC, АБР, АИИБ, ЕТРБ, БМШ агентликлери, AFD ҳәм басқа да шөлкемлердиң ўәкиллери келди.
Стратегиялық ҳәм техникалық сессиялар шеңберинде инвестициялық режелестириў, жеке меншик капиталды тартыў, энергия үнемлеўши ҳәм санлы шешимлерди енгизиў, қарыйдарларға хызмет көрсетиўди ҳәм коммуналлық кәрханалардың финанслық турақлылығын арттырыў мәселелери додаланды. Технологиялар алмасыўы, трансшегаралық бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм жеке меншик сектордың интеграциясына айрықша итибар қаратылды.
Қатнасыўшылар Орайлық Азия мәмлекетлери ҳәм бир қатар сырт мәмлекетлер - Австрия, Албания, Болгария, Корея, Сингапур, Түркия, Малави сыяқлы мәмлекетлердиң тәжирийбеси менен танысты. Өзбекстан кәрханалары ҳәм халықаралық компаниялар тәрепинен ислеп шығарылып атырған техника ҳәм үскенелер көргизбеси шөлкемлестирилди.
Өз алдына сессия жас қәнигелерди таярлаў ҳәм тараўдың кадрлар потенциалына бағышланды. Сондай-ақ, қатнасыўшылар Ташкент ўәлаятындағы суў тәмийнаты ҳәм ақаба суўларды тазалаў объектлери, арнаўлы үскенелер ислеп шығарыў кәрханаларында да болды.
Жәҳән банки ҳәм оның шериклери - SECO, Корея жасыл өсиў траст фонды (KGGTF) ҳәм Суў қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша глобал шериклик (GWSP) регионды қоллап-қуўатлаўда даўам етпекте. Ҳәзирги ўақытта Орайлық Азия мәмлекетлеринде суў ресурслары тараўында улыўма баҳасы 1,1 миллиард долларлық жойбарлар әмелге асырылмақта, олардың ярымынан көби суў тәмийнаты ҳәм ақаба суў системасын раўажландырыў, инфраструктураны модернизациялаў ҳәм халыққа хызметлер сапасын жақсылаўға қаратылған.









