Дүньяның ҳәр қыйлы мәмлекетлеринен жетекши жас қәнигелер менен биргеликте жасалма жолдас ҳәм аэрокосмослық технологиялар бойынша тереңлестирилген билим алды.
Оқыў жуўмағында Самирбек өз командасы менен "Ең жақсы жойбар" номинациясында биринши орынды қолға киргизди. Олардың жумысы үш мәмлекетте, соның ишинде, Өзбекстанда, жасалма микроспутниклерди қолланыў имканиятларына бағышланған еди. Презентацияда қатнасыўшылар конструктивлик шешимлер, иске түсириў процеси, ионосфераның сигналлар кешигиўине тәсири ҳәм технологияны миллий бағдарламаларға енгизиў потенциалын толық сәўлелендирип берди, деп хабар береди "Эл-юрт умиди" қорының баспасөз хызмети.








