Енди атызына не егиўди фермердиң өзи шешеди

    Президент Шавкат Мирзиёев 31-июль күни аўыл хожалығында космослық мағлыўматлардан пайдаланыў ҳәм санластырыў илажлары бойынша мәжилис өткерди.

    Бул кеше болып өткен видеоселектор мәжилисиниң логикалық даўамы. Мийўе-овош ҳәм азық-аўқат өнимлерин көбейтиў мәселеси көрип шығылып, мәмлекетимиз басшысы жерден үнемли пайдаланыў, нәтийжелиликти арттырыў жолларын көрсеткен еди.

    Буның ушын анық есап-санақ ҳәм таллаў оғада зәрүр. Президентимиздиң басламасы менен шөлкемлестирилген "Өзбеккосмос" агентлиги усындай имканият бермекте. 2024-жыл 14-октябрьдеги Президент пәрманына муўапық, экономика тармақларында аэрокосмослық технологиялар енгизилмекте.

    Соның ишинде, бул аўыл ҳәм суў хожалығындағы ҳақыйқый жағдайды, кемшиликлерди ашық-айдын көрсетип берип атыр. Еки жыл даўамында тараўда пайдаланылып атырған 4 миллион гектардан аслам жерлер космослық мониторинг етилди. Анықланыўынша, есабатларда көрсетилген айырым майданларда пахта егилмеген, гейде резервтеги ямаса ийеси белгисиз жерлерге егилген.

    Сол себепли мәмлекет тәрепинен ажыратылатуғын жеңиллетилген кредитлердиң мақсетли жумсалыўын аралықтан мониторинг ететуғын система жолға қойылатуғыны белгиленди.

    Климат өзгериўи ҳәм суў жетиспеўшилигинен келип шығып, елимизде аз суў талап ететуғын жаңа сортлар ҳәм агротехнологияға өтилмекте. Бирақ егинлерди суўғарыўда суўдың жумсалыў нормасы ҳәзирги ҳақыйқый талапқа жуўап бермейтуғыны көрсетип өтилди. Гидромодул районластырыў көзқарасы да гөнерген. Ақыбетте каналлардың ақырында жайласқан 3 мыңнан аслам фермерге суў жетип бармай атыр.

    Аўыл ҳәм суў хожалығы системасындағы илимий институтларды тартқан ҳалда суўғарыў нормасы ҳәм гидромодул районластырыўды толық жаңалаў ўазыйпасы қойылды.

    Фермерлер жумсап атырған суўдың елеге шекем анық есабы жоқ екенлиги атап өтилип, оның барлық басқышларын санластырыў, суўдың контурма-контур есабын жүргизиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

    Суў сақлағышлардың сыйымлылығы да жойбарлаў қуўатлылығы бойынша есаплап келинген еди. Кейинги еки жылда 60 ири суў сақлағыш биринши мәрте батиметрлик таллаўдан өткерилди. Ылай шөгиўи себепли айырымларының сыйымлығы кемейгени анықланды.

    Сол себепли барлық суў сақлағышларға "ақыллы" есаплағышлар орнатып, суў муғдарын онлайн бақлаў, олардағы ылайлы азайтыў ўазыйпалары көрсетип өтилди.

    - Жер менен суў аўыл хожалығымыз тәғдирин шешиўши мәселе, - деди Шавкат Мирзиёев.

    Мәжилисте тараўды санластырыў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

    Ҳәзир фермерлер жер, кредит, субсидия ҳәм агрохызметлер бойынша 30 дан аслам платформадан пайдаланбақта. Оны аңсатластырыў ушын олар бирлестирилип, "Санлы аўыл хожалығы" бирден-бир интеграциялық платформасы иске қосылады.

    Енди атызына не егиўди фермердиң өзи шешеди. Буны платформаға да оның өзи киргизеди. Нәтийжеде тийкарғы, тәкирарый ҳәм тоқсанбаслы егинлердиң муғдары алдын ала көринеди. Бул азық-аўқат қәўипсизлиги, баҳаның турақлылығы ҳәм дийқанлардың дәраматында оғада әҳмийетли.

    Бас министрдиң орынбасары Ж.Қўчқоровтың басшылығында азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша комиссия дүзилиўи белгиленди. Жетиспей атырған өнимди көбейтиў ушын жеңиллетилген кредит ҳәм субсидия бериледи.

    Тараўда ушыўшысыз аппаратлардан пайдаланыў да режелестирилмекте. Гүзде 100 ден аслам заманагөй дрон алып келинеди. Жуўапкерлерге жеке меншик секторды тартып, фермерлерге дронлар жәрдеминде хызметлерди жолға қойыў бойынша көрсетпе берилди.

    Сабанларды жағыўға шек қойыўдың нызамлы тийкарларын жаратыў зәрүр екенлиги айтылды.

    Космослық изертлеўлерде қурылыс, кадастр, рудалық емес кәнлер, тоғай ҳәм жайлаў жерлери бойынша да таллаўлар бар екенлиги атап өтилип, министрлер ҳәм ҳәкимлерге оларды үйренип, режелер ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates