Халықаралық экспертлердиң таллаўына бола, Өзбекстан ең көп энергия жумсайтуғын мәмлекетлер қатарына киреди. Атап айтқанда, елимизде жалпы энергия тутыныўының дерлик 50 проценти имаратлар үлесине туўра келеди, 1 квадрат метрге жумсалып атырған энергия муғдары болса Европа мәмлекетлерине салыстырғанда бир неше есеге жоқары.
Усы мүнәсибет пенен өткен жылы энергия нәтийжелилиги тараўында системалы реформаларды әмелге асырыў ушын өз алдына агентлик шөлкемлестирилди. Жаңа структураға 2030-жылға шекем экономикада энергия жумсалыўын кеминде 20 процентке, мәмлекетлик уйымлар ҳәм социаллық шөлкемлерде 15 процентке қысқартыў ўазыйпасы жүкленди.
Презентацияда агентликтиң 2026-жылға мөлшерленген жумыс режелери көрип шығылды.
Елимиздеги имаратлардың көпшилиги өткен әсирдиң 60-70-жылларында қурылған болып, олардың энергия шығынлары жоқары. Сол себепли социаллық объектлер ҳәм турақ жай массивлериниң энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша кең көлемли жумысларды әмелге асырыў режелестирилген. Усы жылы бул мақсетлер ушын 150 миллиард сум субсидия ҳәм компенсациялар қаратылады.
Республикамыздағы 30 мыңнан аслам социаллық объектлердиң энергия нәтийжелилигин арттырыўда халықаралық финанс институтларының қатнасын кеңейтиў ҳәм жеке меншик инвестицияларды тартыўға айрықша итибар қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.
Атап айтқанда, быйылғы инвестициялық бағдарлама шеңберинде 770 социаллық объект энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында модернизацияланады. Оған халықаралық финанс институтларының 264 миллион доллар қаржысы тартылады.
Энергия үнемлеў арқалы дәрамат алыў механизмлерин ислеп шығыў - энергосервис компаниялары (ESCO) хызметлерин раўажландырыў, сондай-ақ, тийисли базарды қәлиплестириў мәселелери де көрип шығылды.
Имаратлардың энергия аудитин өткериў, объектлерди энергия нәтийжелилиги стандартлары тийкарында жойбарлаў ҳәм моделлестириўде санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланыў режелери ҳаққында мәлимлеме берилди.
Санаат тараўында да энергия нәтийжелилигин арттырыў бойынша анық режелер белгиленди. Атап айтқанда, усы жылы 142 тоқымашылық кәрханасында қуяш панеллерин орнатыў режелестирилген. Бул кәрханалардың 722 миллион киловатт саат электр энергиясы ҳәм 693 миллиард сум қаржыларын үнемлеў имканиятын береди. Сондай-ақ, ишимлик суўы тәмийнаты системасындағы 300 насосты модернизациялаў режелестирилген.
Орайласқан ыссылық тәмийнаты системасындағы машқалаларға айрықша итибар қаратылды. Ҳәзирги ўақытта қазанханалар ҳәм ыссылық тармақларының бир бөлегиниң тозыўы нәтийжесинде энергияның жоғалтылыўы жоқары. Усы мүнәсибет пенен быйыл қазанхана ҳәм ыссылық системаларын модернизациялаў, оларды жабық системаға өткериў шеңберинде 400 жеке ыссылық пунктин орнатыў, кеминде 100 километр ыссылық тармақларын жаңалаў режелестирилген.
Жуўапкерлерге имаратларды қурыў, оңлаў ҳәм реконструкциялаўда энергия нәтийжелилиги стандартлары ҳәм тәсиршең қағыйдаларды ислеп шығыў бойынша тапсырмалар берилди.
Презентацияда электр энергиясы тараўында бәсекили базар механизмлерин енгизиў бойынша көрилип атырған илажлар додаланды.
Атап айтқанда, төмен күшлениўли тармақларды жеке меншик секторға бериў Самарқанд ўәлаятынан басланып, келеси басқышта Әндижан, Жиззақ, Наманган, Сырдәрья, Ташкент ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында кеңейтиледи. Бул тармақларды жаңалаўға инвестициялар тартыў есабынан жоғалтыўларды сезилерли қысқартыў имканиятын береди.
Электр энергиясының көтере базарын қәлиплестириў бойынша жумыслардың барысы ҳаққында мағлыўмат берилди.
Бүгинги күнге шекем жылына 10 миллион киловатт-сааттан аслам электр энергиясын пайдаланатуғын көтере тутыныўшылардың дизими дүзилди. Бул кәрханалар ушын электр энергиясын саатына баҳа белгилеп, көтере базардан тиккелей шәртнама тийкарында сатып алыў системасын енгизиў усыныс етилди.
Ҳәзирги ўақытта энергетика ҳәм коммуналлық тараўлар ушын өз алдына регуляторлар шөлкемлестириў бойынша жумыс алып барылмақта. Сырт ел тәжирийбесин есапқа алып, бирден-бир регулятор шөлкемлестириў усынысы билдирилди.
Президентимиз усынысларды мақуллап, энергия нәтийжелилигин арттырыў, энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм энергетика базарында бәсеки орталығын жаратыў әҳмийетли екенин атап өтти ҳәм жуўапкерлерге тийисли тапсырмалар берди.
Прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларына додаланған тараўларда нызамшылық талапларына қатаң әмел етилиўин ҳәм жуўапкершиликтиң сөзсиз екенлигин тәмийинлеў, белгиленген илажларды сөзсиз әмелге асырыўда ҳәкимликлер менен тығыз бирге ислесиў ўазыйпасы қойылды.