Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы, Министрлер Кабинети, Энергетика министрлиги, Бас прокуратура, тийисли министрликлер менен уйымлар ҳәм ўәлаят ҳәкимликлериниң жуўапкерлери қатнасқан бул илажда жанылғы- энергетика тараўы объектлериниң қыс мәўсиминде турақлы ислеўи, халықтың турақ жайлары, социаллық тараў объектлери ҳәм экономика трамақларын энергия ресурслары менен үзликсиз тәмийинлеў мәселелерден екени атап өтлди.
Әйне, усы талаплардан келип шығып, илажда электр энергиясы ҳәм тәбийғый газден нәтийжели ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў бойыншаорынларда алып барылып атырған үгит-нәсиятлаў жумысларының жағдайы да талқыланды.
Онда шығып сөйлегенлер қыс мәўсиминде халық, социаллық тараў объектьлери (денсаўлықты сақлаў, мектепке шекемги билим бериў, мектеп ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелери) ҳәм экономика тармақларын энергия ресурслары менен турақлы тәмийинлеў биринши дәрежели ўазыйпа екенин атап өтти. Сондай-ақ, кәрханалар тәрепинен әмелге асырылып атырған жумыслар сын көзқараста додаланды.
Барлық жуўапкерлерге ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериў объектлериниң исенимли жумысын тәмийинлеў ҳәм энергия ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў жумысларын жеделлестириў ўазыйпасы қойылды.
Министрлик ҳәм система кәрханалары тәрепинен гүзги-қысқы мәўсимди шығынсыз өткериў ушын түни-күн наўбетшилик енгизилгени, авариялардың алдын алыў ҳәм сапластырыў ушын арнаўлы бригадалар шөлкемлестирилгени мәлим етилди. Усы бригадалар зәрүр техникалар, материаллар ҳәм қорғаў қураллары менен тәмийинленген.
Сондай-ақ, мәжилисинде барлық объектлерде 24/7 жумыс режимине өтилгени ҳәм жумысшы топарлар тәрепинен жумыслар турақлы қадағаланып атырғаны атап өтилди.