"Жер асты ҳаққында"ғы нызам күшке кирди

    15 ақпан 2025 1528

    Ҳүжжет Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен 27-августта қабыл етилген болып, 20-сентябрь күни Сенат тәрепинен мақулланған еди.

    Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги мәлимлеме хызметиниң мәлим етиўинше, "Жер асты ҳаққында"ғы нызам рәсмий күшке кирди. Ҳүжжет Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен 27-августта қабыл етилген болып, 20-сентябрь күни Сенат тәрепинен мақулланған еди.

    Нызамды ислеп шығыўда Австралия, Канада, АҚШ, Россия, Түркия, ҚАР, Индонезия, Әзербайжан ҳәм Қазақстан сыяқлы мәмлекетлердиң тараўдағы тәжирийбеси үйренилди. Ҳүжжетте сырт ел инвесторлары ҳәм мәмлекет мәплерин үйлестириў мақсетинде қолайлы шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

    Нызам жойбары Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки экспертлериниң қатнасыўында додаланды.

    Сондай-ақ, Таў-кән санааты ҳәм геология министрлиги, Энергетика министрлиги, Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм ықлым өзгериўи министрлиги, "Өзбекнефтгаз" АЖ, Илимлер академиясы ҳәм Стратегиялық реформалар агентлигиниң қәнигелери де өз усынысларын билдирди.

    Нызам жер асты байлықларын жуўапкершиликли геологиялық жақтан үйрениў, олардан нәтийжели пайдаланыў ҳәм қорғаўды системалы жолға қойыўға хызмет етеди.

    Сондай-ақ, жергиликли ҳәм сырт ел инвестицияларын тартыў, бар шийки зат тийкарында заманагөй өндирис қуўатлықларын иске қосыў, алыс аймақларда турақлы жумыс орынларын жаратыў, экономика ушын салық базасын кеңейтиў ҳәм сыртқы базарларда бәсекиге шыдамлылықты арттырыўға жәрдемлеседи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates