Қарарға бола, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарлары төмендегише илимий экспертизадан өткериледи:
- нызам жойбарлары бойынша - тийисли тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелери тәрепинен бийғәрез тийкарда;
- нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер жойбарлары бойынша - тийисли тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелери тәрепинен келисим тийкарында.
Онда, нормативлик ҳуқықый акт жойбарын илимий экспертизадан өткериў нәтийжелери бойынша жуўмақ усыныў характерине ийе болып, жуўмақ жойбарды ислеп шығыўшы шөлкем тәрепинен көрип шығылады.
Жойбарды ислеп шығыўшы шөлкем илимий экспертиза жуўмағында көрсетилген усыныс, наразылық ҳәм пикир-усыныслар ямаса олардың бир бөлегин инабатқа алмаған жағдайда, олар бойынша тийисли түсиниклер берилген ҳалда келиспеўшиликлер кестесин таярлайды.
Әдиллик министрлиги тәрепинен Нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасында нормативлик ҳуқықый ҳүжжетлер жойбарларын илимий экспертизадан өткериўши тийисли тараўдағы мәмлекетлик экспертлик илимий-изертлеў мәкемелери, мәмлекетлик илимий-изертлеў мәкемелери ҳәм мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемелериниң электрон реестри жүргизиледи.
Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларының илимий экспертизасы нәтийжелери бойынша жуўмақ Нормативлик ҳуқықый актлер жойбарларын ислеп шығыў ҳәм келисиўдиң бирден-бир электрон системасы арқалы усынылады.