Мысалы, зыянланған товарлар ушын ямаса гигиеналық себеплерге байланыслы утилизация қылыў зәрүр болса, айрықша жағдайлар нәзерде тутылады. Бунда компаниялар өзлери утилизация қылатуғын товарлар ҳаққындағы мағлыўматларды ашып бериўи керек болады.

Басылымның атап өтиўинше, жаңалықлар базардағы ҳәзирги жағдайды өзгертиўи керек: тоқымашылықты утилизациялаў көбинесе оны қайта ислеўге салыстырғанда арзан түседи, соның ақыбетинде ЕАда ҳәр жылы миллионлаған кийим-кеншеклер шығындыханаларға тасланады.

- Буған онлайн саўда жәрдем береди, бунда қарыйдарлар жүдә көп муғдардағы товарларды қайтарады - компанияларға көбинесе оларды сатыўға қайтарыўдан гөре утилизациялаў аңсатырақ. Еврокомиссия мағлыўматларына бола, Европа Аўқамында сатылмаған аяқ кийим ҳәм ҳәр қыйлы кийим-кеншеклердиң дерлик он проценти жоқ етиледи - көбинесе олар өртеп жибериледи. Бул жылына шама менен 5,6 миллион тонна карбонат ангидрид газин шығарыўға себеп болады - мәселен, пүткил Швеция шығаратуғын СО2 дан көп. Тек ғана Германиядағы онлайн саўданың өзинде жылына дерлик 20 миллион қайтарылған товарлар утилизацияланады. Бул қоршаған орталыққа ҳәм климатқа унамсыз тәсир етпекте, - делинеди хабарда.

Европа комиссиясы компанияларды товар-материаллық базасын нәтийжели басқарыў, қайтарыўды жақсылаў ҳәм альтернатив усылларды - қайта сатыў, қайта ислеў ямаса улыўма кийим-кеншекти саўғаға бериўди көрип шығыўға хошаметлеў нийетинде, деп жазбақта inform.kz.