Қарарға муўапық, улыўма майданы 2 мың 396 гектар болған "Ферғана" туристлик-рекреациялық зонасы шөлкемлестирилмекте.

Туризм зонасы 30 жыл мүддетке, кейин ала оның жумыс ислеў мүддетин созыў имканияты менен шөлкемлестириледи.

Ферғана районында малина жетистириўге қәнигелескен "Водил" агротуризм кластерин туризм объектине айландырыў ушын зәрүр инфраструктура жаратылады. Сондай-ақ, потенциаллы исбилерменлерди тартқан ҳалда, малина плантациялары аймағында жеңил конструкциялы хызмет көрсетиў объектлери шөлкемлестириледи.

2026-2027-жылларда Язёвон районында "Орайлық Фарғона" суў сақлағышы әтирапындағы жер майданларында туристлик хызметлерди жолға қойыў арқалы жаңа жумыс орынлары жаратылады.

Ферғана районындағы "Санаат" ҳәм "Ҳосилот" мәкан пуқаралар жыйынлары аймағында сырт еллердиң унамлы тәжирийбеси тийкарында малина плантацияларын шөлкемлестириў, музлатқышлы қоймаханалар ҳәм терең қайта ислеў цехларын қурыў арқалы агротуризм хызметлери жолға қойылады.