Мәжилис алдында соңғы жылларда Ферғана ўәлаятында әмелге асырылған системалы реформалардың нәтийжелери талланды. Жер ҳәм қазылма байлықлардың шекленгенине қарамастан, регионда экономиканы диверсификациялаў даўам еттирилди, санаат, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм мәлимлеме технологиялары тармақларында турақлы өсиў тәмийинленди.
Атап айтқанда, 2017-жылы халықтың жан басына жалпы аймақлық өним 7 миллион сумды қураған болса, 2025-жылға барып 26,6 миллионға жетип, 3,8 есеге көбейди. Бул халықтың экономикалық белсендилиги ҳәм дәраматлары сезилерли дәрежеде артқанынан дәрек береди.
Халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм социаллық қорғаў бағдарында да унамлы өсиў бақланды. Өткен жылы 519 мың халықтың бәнтлиги тәмийинленип, олардың дәраматлары арттырылды, 53 мың шаңарақ кем тәмийинленгенлер дизиминен шығарылды. Келешекте 2026-жылдың ақырына шекем жумыссызлықты 3 процентке, кәмбағаллықты 2,7 процентке азайтыў нәзерде тутылмақта.
Ўәлаяттың инвестициялық ҳәм сыртқы саўда жумысы да сезилерли дәрежеде өсти. Ўәлаятта 26 ири, 357 орта ҳәм киши инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 1,2 миллиард доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилген. Экспорт көлеми турақлы артып бармақта, экспортшы кәрханалардың саны көбейди.
Өткен жылы аўыл хожалығында 94,3 мың гектар майданда 816,7 мың тонна ғәлле жетистирилип, орташа зүрәәтлилик гектарына 86,6 центнерди қурады. Пахташылықта 72 мың гектарда 324 мың тонна өним жетистирилген. Мийўе-овош экспорты 403 миллион долларға жеткен. Қыйтақ жер ҳәм ықшам ыссыханалар есабынан мыңлаған шаңарақлар турақлы қосымша дәрамат дәрегине ийе болды.
Мәжилисте Ферғана ўәлаятын раўажландырыў бойынша тийкарғы ўазыйпалар белгиленди.
Инвестициялар ҳәм экспорт көлеминиң турақлы өсиўи, жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты қысқартыўға системалы ҳәм мәнзилли қатнас жасаў талап етилетуғыны атап өтилди. Усы мақсетте Ферғана ўәлаяты ушын улыўма баҳасы 8,2 миллиард доллар болған жаңа ири жойбарлар пакети қәлиплестирилген.
Усы жылдың өзинде улыўма баҳасы 4,2 миллиард долларлық жойбарларды иске қосыў режелестирилген болып, соннан 2,7 миллиарды санаат, 210 миллионы аўыл хожалығы, 1,2 миллиарды хызмет көрсетиў ҳәм туризм тараўларына туўра келеди.
Соның менен бирге, кейинги жыллары санаат ушын ажыратылған 2 мың 115 гектар жердиң 40 проценти елеге шекем аукционға шығарылмағаны көрсетип өтилди. Қосымша жер ажыратыўдан алдын бос жерлердиң инфраструктурасын жақсылап, инвестициялық жойбарларды жайластырыў нәтийжелилигин арттырыў ушын исбилерменлерге бериў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Усы жылы 98 мың турақлы жумыс орнын жаратыў, 423 мың халықтың дәраматын арттырыў, 74 мың жумыс орнын "саядан" шығарыў режелестирилген.
Бувайда, Учкўприк, Қува, Ўзбекистон, Ёзёвон районлары, Марғилон, Ферғана, Қоқанд ҳәм Қувасай қалаларын жумыссызлық ҳәм кәмбағаллық болмайтуғын аймаққа айландырыў ўазыйпасы қойылды. Жумыссызлық ҳәм кәмбағаллықты еки есеге қысқартыў ушын шараяты аўыр 7 район ҳәм 132 мәҳәллениң инфраструктурасын жақсылаўға 800 миллиард сумнан аслам қаржы қаратылады. Буннан тысқары, "Мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде банклер тәрепинен 1,4 триллион сум муғдарында кредит ресурслары бериледи.
Аўыл хожалығында мийўе-овошларды шийки зат емес, жоқары қосымша қунлы таяр өним сыпатында жеткерип бериўди жолға қойыў арқалы экспорт көлемин 510 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Оның ушын қытайлы инвесторлардың қатнасыўында Ферғана ҳәм Қувасай қалаларында улыўма баҳасы 175 миллион доллар болған агрологистика орайлары қурылады.
Өзбекстан, Бешарық ҳәм Алтыарық районларында шарўашылық, сүтти қайта ислеў ҳәм нәсилли шөжелер жетистириў бойынша улыўма баҳасы 21 миллион долларлық 4 жойбардың иске қосылыўы режелестирилген.
Халықтың өсиўине қарап социаллық инфраструктураны да раўажландырыў зәрүрлиги атап өтилди. Быйыл 33 мектепти қурыў ҳәм реконструкциялаў ушын 343 миллиард сум қаржы ажыратылды. Аймақлардың басшыларына қосымша имканиятларды иске қосыў ҳәм жеке меншик секторды тартыў есабынан инфраструктураны жақсылаў бойынша тапсырмалар берилди.
Туризм потенциалын кеңейтиў мақсетинде Сўх районында Уғама ҳәм Мираки тәжирийбеси тийкарында туристлик комплекслер, Ферғана районында ири туристлик-рекреациялық зона шөлкемлестириледи. Қоқанд қаласында жаңа туристлик объектлер шөлкемлестирилип, мәдений мийрас объектлери бойлап маршрутлар шөлкемлестириледи.
Сондай-ақ, Қоқанд қаласында 17 мәмлекетлик мәкемени "Жаңа Өзбекстан" массивине көшириў арқалы барлық мәмлекетлик хызметлерди бир жерде көрсетиў бойынша қолайлы ҳәм нәтийжели система жаратыў ўазыйпасы қойылды.
Мәлимлеме технологиялары тараўында Ферғана ўәлаяты экономикасының әҳмийетли драйверлеринен бири сыпатында ИТ бағдарын жедел раўажландырыў нәзерде тутылған.
Бүгинги күнде ўәлаятта 139 ИТ-парк резиденти жумыс алып бармақта. Усы жылы ИТ хызметлер көлемин 3,5 триллион сумға, экспортты 30 миллион долларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Ферғана қаласында жаңа ИТ-парк ҳәм комплекс қурыў, сондай-ақ, "Муҳаммад ал-Хорезмий мийрасхорлары" жойбарын әмелге асырыў, Марғиланда халықаралық ИТ-университетин қурыў режелестирилген.
Мәжилис жуўмағында мәмлекетимиз басшысы ҳәр бир жойбарды халықтың бәнтлигин тәмийинлеў ҳәм турмыс дәрежесин арттырыў мәселелери менен үнлес ҳалда әмелге асырыў, белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы ушын жеке жуўапкершиликти күшейтиў бойынша анық тапсырмалар берди.