Премьера жуўмағында "Тайметов. "Жеңис хабаршысы" өзбек режиссёрының фильми Екинши жер жүзилик урыс қаҳарманы ҳаққындағы ең жақсы фильм сыпатында сыйлықланды, деп хабар бермекте "Дунё" МА.

Бул ҳүжжетли картина өзбек халқының Екинши жер жүзилик урыстағы қаҳарманлығы ҳәм жеңиске қосқан үлеси, сондай-ақ, биринши өзбек әскерий ушыўшысы, Өзбекстан авиа мектебиниң тийкарын салыўшысы, Ташкент аэропортының биринши директоры Абдусамат Тайметов ҳаққында сөз етеди.

Жеңимпаз сыпатында фильм «RT.Док» каналында көрсетиледи.