Пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўды күшейтиўге қаратылған нызамлар додаланды

    8 қаңтар 2025 332

    Усы жыл 7-январьда Сенаттың Суд-ҳуқық мәселелери ҳәм коррупцияға қарсы гүресиў комитетиниң мәжилисинде бир қатар нызамлар дәслепки тәризде додаланды.

    Мәжилисте сенаторлар, жергиликли Кеңеслердиң турақлы комиссияларының баслықлары, Жаслар парламенти ағзалары, Комитет жанындағы экспертлер топарының ағзалары, нызам интакерлери, жуўапкер министрликлер менен уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

    "Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине шахс ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин буннан былай да күшейтиўге қаратылған өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Елимизде әмелге асырылып атырған реформалар нәтийжесинде суд-тергеў әмелиятында инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин тәмийинлеўге қаратылған алдынғы ҳәм нәтийжели механизмлер жолға қойылмақта.

    Соның ишинде, усы Нызам менен жынаят ислеўде айыпланып атырған шахстың еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслыққа байланыслы конституциялық ҳуқықларын суд тәрепинен исенимли тәмийинлеў мақсетинде жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларда тергеў судьясы лаўазымы енгизиледи.

    Тергеў судьялары тәрепинен жынаят ислери бойынша судқа шекемги жумыс жүргизиў басқышында процессуаллық қарарларға санкция бериў ҳәм ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди көрип шығыў мәселелерин нызамшылықта белгилеў ушын тергеў судьяларының ўәкилликлери қатарына киргизилген ислерди көрип шығыў тийкарлары менен тәртибин нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

    Комитет мәжилисинде "Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам да көрип шығылды.

    Атап өтилгениндей, Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине бюджет ҳаққындағы нызамшылық бузылыўларының профилактикасын тәмийинлеў, экономикалық жынаятларды өз ўақтында ашыў, ҳәр тәреплеме, толық ҳәм қалыс тергеў жүргизиў тараўында қосымша ўазыйпалар жүкленди.

    Өз гезегинде, додалаўдағы Нызам менен Жынаят-процессуал кодексине ҳәм "Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында"ғы нызамға Департаменттиң жынаят ислери бойынша тергеў жүргизиў бағдарындағы ўәкилликлери анықластырылыўын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилип атырғаны атап өтилди.

    Сондай-ақ, Нызамға муўапық Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекс ҳәм Бюджет кодексине Экономика ҳәм қаржы министрлиги мәмлекетлик финанслық қадағалаў уйымларының ўәкилликлери Бас прокуратура жанындағы Экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаменти Мәмлекетлик финанслық қадағалаў инспекциясының жуўапкершилигине жүклетилиўин нәзерде тутатуғын өзгерислер киргизилип атырғаны айрықша атап өтилди.

    Додалаў процесинде сенаторлар тәрепинен бул Нызам тараўда нызамшылықты, нызам нормаларының анық ҳәм бирдей қолланылыўын тәмийинлеўге, сондай-ақ, суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформаларды ҳуқықый жақтан тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.

    Мәжилис жуўмағында Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди.

    No date selected
    January 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates