Олий Мажлис Нызамшылық палатасында депутатлар "Өзбекстан Республикасы Конституциясы жаңа редакцияда қабыл етилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында"ғы нызам жойбарын көрип шықты.

Нызам жойбары менен Жынаят-процессуал кодекс ҳәм "Судлар ҳаққында"ғы Нызамға төмендегилерди нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте:

жынаят ислеўде айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда нәзерде тутылған тәртипте ашық-айдын суд додалаўы жолы менен дәлилленип ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен анықланбағанша айыпсыз деп есапланыўы;

гүман етилиўшиге, айыпланыўшыға ҳәм судланыўшыға өзин қорғаў ушын барлық имканиятлардың тәмийинлениўи;

айыпқа байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары тамам болған болса, гүманланыўшының, айыпланыўшының, судланыўшының яки судланғанның пайдасына шешилиўи керек;

гүман етилиўши, айыпланыўшы ямаса судланыўшы өзиниң айыпсызлығын дәлиллеў шәрт емеслиги ҳәм қәлеген ўақытта үндемеў ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкинлиги;

ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўа болыўға мәжбүр болмаўы;

егер шахстың өз айыбын мойынлағанлығы оған қарсы бирден-бир дәлил болса, ол айыплы деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы мүмкин емес;

шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар бола алмайтуғынын нәзерде тутатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Бул нызам жойбарының қабыл етилиўи жаңа редакциядағы Конституциямыздың сөзсиз ҳәм толық әмелге асырылыўына, онда беккемленген тийкарғы принциплердиң Жаңа Өзбекстан идеясына үнлес түрде әмелге асырылыўына, пуқаралардың суд арқалы қорғалыў ҳуқықының кепилликлерин тәмийинлеўге хызмет етеди.