баннер
22 Apr 2025
01:57

    Пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы тастыйықланды

    "Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясын тастыйықлаў ҳаққында"ғы Нызам (ӨРН-1037-санлы, 25.02.2025 ж.) қабыл етилди.

    Нызамға бола, Өзбекстан Республикасында пуқаралардың ҳүждан еркинлигин тәмийинлеў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясат концепциясы тастыйықланды.

    Концепция ҳүждан еркинлигине болған ҳуқықты ҳәм Өзбекстан Республикасы дүньялық мәмлекет екенлигине байланыслы конституциялық қағыйдаларды әмелге асырыў ҳәм диний тараўдағы мәмлекетлик сиясаттың мақсети, ўазыйпалары, принциплери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилейди.

    Концепция мәмлекетшилигимиз раўажланыўының бай миллий-тарийхый тәжирийбесине ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға сүйенген ҳалда ислеп шығылған болып, көп миллетли ҳәм көп конфессиялы Өзбекстанда улыўма жәмийеттиң мәплерин жүзеге шығарыў, демократия, дүньялық, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик ҳәм аўызбиршилик тийкарында өз-ара татыўлықта жасаў ҳәм избе-из раўажланыў ушын зәрүр турақлы орталықты тәмийинлеўге қаратылған.

    Өзбекстанда диний тараўдағы мәмлекет сиясатының мақсети пуқаралардың ҳүждан еркинлигине болған ҳуқықларын әмелге асырыў ушын тең шараятлар жаратыўдан, түрли динлерге тийисли диний шөлкемлер арасында өз ара келисим ҳәм ҳүрмет орнатылыўына көмеклесиўден, конфессиялараралық татыўлықты беккемлеўден, жәмийетте диний кеңпейилликти ҳәм дүньялықты тәмийинлеўден ибарат.

    Нызам рәсмий жәрияланған күннен баслап күшке киреди.



    No date selected
    April 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    Use cursor keys to navigate calendar dates
    Телеграм каналымыз
    Text to speech