Пуқаралардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиў ҳаққындағы мүрәжатларын көрип шығыўда артықша бюрократиялық тосқынлықлар алып тасланады

    6 желтоқсан 2024 424

    Усы жыл 5-декабрьде Сенаттың Қорғаныў ҳәм қәўипсизлик мәселелери комитетиниң мәжилиси болып өтти. Онда Сенат ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, халық депутатлары ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң турақлы комиссияларының баслықлары, экспертлер, тийисли министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери және ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

    Мәжилисте "Жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине өзгерислер киргизиў ҳаққында"ғы нызам додаланды.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарарына муўапық жас өспиримлер арасында ҳуқықбузарлықлар профилактикасын жаңаша қатнаслар тийкарында жетилистириў ушын Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы структурасында Балалар менен ислесиў басқармасы шөлкемлестирилди. Буннан тысқары, усы басқармаға ишки ислер уйымларынан жас өспиримлер мәселелери бойынша үлкен инспектор-психологлар ҳәм инспектор-психологлар лаўазымларының штаты өткерилди.

    Усы Нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексине Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы Балалар менен ислесиў басқармасы ҳәм оның аймақлық бөлимлери хызметкерлериниң ҳәкимшилик ҳуқықбузарлықлар ҳаққындағы ислерди, соның ишинде, балаларды тәрбиялаў ҳәм оларға билим бериў бойынша миннетлемелерди орынламағаны, жәмийетлик орынларда темеки ямаса алкоголь өнимин пайдаланғаны, сондай-ақ, ержетпеген шахсты социаллық емес ҳәрекетлерге тартыў бойынша ислерди көрип шығыўға және жәрийма түриндеги ҳәкимшилик жаза шараларын қолланыўға байланыслы ўәкилликлерин беккемлеўши өзгерислер киргизилмекте.

    Буннан тысқары, Комитет мәжилисинде "Өзбекстан Республикасы пуқараларын, сырт ел пуқараларын ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларды жасаў орны ҳәм турған орны бойынша дизимге алыў ҳаққында"ғы Нызам да додаланды.

    Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Конституциясының 32-статьясында нызамлы тийкарда Өзбекстан Республикасы аймағында болып турған ҳәр бир шахс мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, жасаў ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықына ийе екени белгиленген, нызамда белгиленген шеклеўлер буған кирмейди.

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 8-майдағы Пәрманында жаңа редакциядағы Конституцияның 32-статьясында белгиленген мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, турақ жай ҳәм жасаў орнын таңлаў ҳуқықының толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў мақсетинде "Ташкент қаласы ҳәм Ташкент ўәлаятында турақлы жасаў орны бойынша дизимге алынатуғын шахслар - Өзбекстан Республикасы пуқараларының категорияларының дизими ҳаққында"ғы Нызамды өз күшин жойытқан деп табыў ҳәм усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи ҳәм жасаў орны бойынша хабардар етиў тәртибин белгилеўши нызам жойбарын ислеп шығыў зәрүр екенлиги белгиленген.

    Сол себепли Ишки ислер министрлиги тәрепинен тийисли нызам жойбары ислеп шығылды ҳәм Нызамшылық палатасы тәрепинен нызам қабыл етилди.

    Нызам менен Өзбекстан Республикасы пуқаралары, сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың жасаў орны бойынша дизимнен өтиўи ҳәм жасаў орны бойынша хабардар етиўи және оларды жасаў ҳәм жасаў орны бойынша дизимнен өткериў тараўындағы тийкарғы принциплер менен түсиниклер белгиленеди.

    Додалаў жуўмағы бойынша Комитеттиң тийисли қарарлары қабыл етилди, деп хабар береди Олий Мажлис Сенатының баспасөз хызмети.


    No date selected
    February 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    Use cursor keys to navigate calendar dates