Әзиз перзентлерим!
Он жети жасқа шекемги жас өспиримлер арасында Саудия Арабстаны майданларында болып өткен абырайлы жарыста табыслы қатнасып, жоқары сыйлық - Азия кубогин қолға киргизгениңиз бенен халқымыз атынан, өзимниң атымнан шын жүректен қутлықлайман.
Сизлердей нәўқыран, күш-ғайратлы жасларымыздың пүткил турнир даўамында бир де жеңилиске ушырамай, рекорд нәтийже көрсетип, жанажан Ўатанымыздың абырайын мәртлерше қорғағаны, әлбетте, миллий футболимиз тарийхына алтын ҳәриплер менен жазылатуғын даңқлы ўақыя, десек, дурыс болады.
Әсиресе, финалда жарыс ийеси - Саудия Арабстанындай оғада күшли командаға қарсы кескин беллесиўде түрли басымларға қарамастан, он бир ойыншыға қарсы тоғыз футболшы күшли гүрес алып барғаныңыз ҳақыйқый мәртлик үлгиси болды. Сизлер көрсеткен жоқары мәртлик ҳәм шеберлик ҳәр қандай мақтаўға ылайық.
Жарыс жуўмағына бола, үш талантлы ҳәм шебер спортшымыз жеке тәртиптеги сыйлықлардың ийеси болғанын, соның ишинде, Неъматулла Рустамжонов - турнирдиң ең жақсы дәрўазаманы, Асылбек Алиев - ең жақсы топ урыўшысы, Садриддин Ҳасанов - ең жақсы футболшысы сыпатында тән алынғанын да айрықша атап өтиў керек.
Елимиз сизлердиң тымсалыңызда бәрқулла алға умтылып жасайтуғын, жоқары шеклерди иелеўге уқыплы Жаңа Өзбекстан жасларының ең жарқын ўәкиллерин көреди ҳәм сизлер менен ҳақылы түрде мақтанады.
Елимизде спортқа, соның ишинде, футболдың раўажланыўына берилип атырған жоқары итибардың және бир әмелий нәтийжеси болған мине усындай тарийхый жеңис ушын сизлерге, сизлерди тәрбиялап камалға келтирген ата-аналарыңыз ҳәм устаз-тренерлериңизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Сизлер бул жеңистен руўхланып, усы жылы ноябрь айында Қатарда болып өтетуғын жәҳән чемпионатында да Азияның жеңимпаз командасы сыпатында мүнәсип қатнасасыз, деп исенемен.
Бахыт ҳәм табыс сизлерге ҳәмийше яр болсын, әзиз перзентлерим!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти








