Диетологлар қаўынды тек пискен ҳалда, тийкарғы аўқатлар арасында ҳәм басқа өнимлер менен араластырмай жеўди усыныс етеди. Қаўынды аш қарынға ямаса кеште саат 17:00 ден кейин жеў мақсетке муўапық емес.
Кеште углеводларға бай өнимлерди жеў организмде инсулин муғдарының артыўына ҳәм майлардың топланыўына себеп болады. Соның менен бирге, айырым медициналық жағдайларда қаўынды жеў улыўма усыныс етилмейди.
Мәселен, асқазан жарасы ямаса гастриттиң күшейген дәўиринде қаўыннан тыйылыў керек.
Қаўын калориялылық жағынан жоқары емес - 100 граммында орташа 30-38 килокалория бар. Бирақ, гликемик индекси жоқары болғаны ҳәм қурамында қант муғдары көп болғаны себепли, ол қантлы диабет ямаса семизликке бейим адамлар ушын мақул өним есапланбайды.
Соның менен бирге, қаўын инсан саламатлығы ушын бир қатар пайдалы қәсийетлерге ийе.
Ол нерв системасын тынышландырады, кейпиятын жақсылайды, организмди зәрүр витаминлер ҳәм антиоксидантлар менен тәмийинлейди. Атап айтқанда, қурамындағы фолий кислотасы себепли ҳәмиледар ҳаяллар ушын айрықша пайдалы есапланады.
Қаўын иш қатыўы, жүрек искерлигиниң төменлеўи, көриў қәбилетиниң төменлеўи, сүйек машқалалары, териниң қурыўы ҳәм солыўы, шаш ҳәм тырнақлардың жағдайы жаманласқанда жәрдем бериўши тәбийғый қурал сыпатында да усыныс етиледи. Сондай-ақ, иммунитетти беккемлеўде де нәтийжели тәсир көрсетеди.
Санитариялық-эпидемиологиялық хызмети пуқараларға қаўын ҳәм ғарбыз сыяқлы палыз өнимлерин жол бойында сатып алмаўды усыныс етеди. Себеби, бундай өнимлер қоршаған орталықтағы токсикалық затларды өзине сиңдириўи ҳәм инсан саламатлығына үлкен қәўип туўдырыўы мүмкин.








