Бул ҳаққында «Uzbekistan Airports» баспасөз хызмети мәлим етти.
Атап өтилиўинше, барлық өлим жағдайлары мәнзилге жетип барғанға шекем, яғный самолёт бортында жүз берген. 2024-жылы болса 14 өлим жағдайы дизимге алынған болып, олардан 11 и пәрўаз ўақтында, 3 еўи болса Ташкент халықаралық аэропортының ушып келиў залында жүз берген.
"Көпшилик жағдайлар пәрўаз ўақтында жүз береди, соның ушын жолаўшылар жүзеге келиўи мүмкин болған қәўиплерди алдыннан билиўи ҳәм ҳаўа қатнаўына қарсы медициналық көрсетпелерди есапқа алыўы зәрүр", - деди «Uzbekistan Airports» медициналық хызметти раўажландырыў бөлиминиң баслығы Севара Салихова.
Мәлим етилиўинше, 2024-жылы Өзбекстан аэропортларында денсаўлығы себепли 46 жолаўшы пәрўазға қойылмаған болса, 2025-жылдың алты айы ишинде бул көрсеткиш 61 ге жеткен.
Ушыўға қарсы тийкарғы медициналық көрсетпелер:
- Жақында өткерилген хирургиялық әмелиятлар;
- Жүрек тутыўы, турақсыз стенокардия сыяқлы өткир жүрек-қан тамыр кеселликлери;
- Инсульт ҳәм басқа неврологиялық жағдайлар;
- Пневмония, аўыр бронхиал астма, пневмоторакс;
- Тромбоемболия, қан кетиўи, аўыр анемия;
- Қулақ, мурын яки көздеги баротравмалар;
- Ҳәмиледарлықтың соңғы басқышлары, әсиресе асқынған жағдайлар.
Сондай-ақ, айырым авиакомпаниялар шыпакер мағлыўматнамасын талап етиўи мүмкин - атап айтқанда, турақсыз диагноз, кислородқа мүтәжлик ямаса медициналық бақлаў зәрүр болғанда.
Пәрўаз алдынан жолаўшыларға усыныслар:
- Авиакомпанияның рәсмий қағыйдалары менен танысың;
- Кеселлик бойынша шыпакер мәсләҳәтин алың;
- Зәрүр жағдайда алдыннан медициналық мағлыўматнама таярлаң.








