Усы күнлерде мәмлекетимиз бойлап аномал ыссы ҳаўа-райы бақланбақта. Ыссы бир ҳәпте даўамында сақланып турыўы прогноз етилмекте.
Әлбетте, бундай ўақытта қуяштан қорғаныў әҳмийетли. Әсиресе, жоқары дәрежедеги ультрафиолет нурлары аллергиялық реакцияларды келтирип шығарыўы менен қәўипли.
Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайының директоры Илмира Разикова бул ҳаққында мағлыўмат берди.
- Бундай шараятта териниң қуяш нурына сезгирлиги артады, - дейди қәниге. - Сол себепли фотодерматоз кеселлиги жүзеге келиўи мүмкин. Яғный ультрафиолет нурланыў тери ямаса инсан денесиндеги ҳәр қандай зат пенен өз-ара тәсирлесип, аллергиялық реакция пайда етиў итималы жоқары.
Фотодерматоз көкиректиң жоқарғы бөлими, мойын, қол аймақларында көбик, исик, қызыл дақ, күйиў көринисиндеги түрли бөртпелер, гейде териниң қыршылыўы, қышыўы ҳәм исиклер пайда болыўы менен көринеди.
Бөртиклер қуяш нуры тәсир ете баслаған дәслепки саатлардан баслап бир ҳәпте даўамында пайда болады.
Бул кеселлик белгилери, әдетте, емлеўлерден соң жоғалады. Бирақ ол созылмалы түрге өтиўи де мүмкин.
Бундай машқалалардан сақланыў ушын, бәринен бурын, саат 10:00 ден 16:00 ге шекем сая-салқын жерлерде болыў усыныс етиледи. Имканияты барынша жабық кийиниў зәрүр.
Тәсиршең тери ушын арналған қуяш нурына қарсы кремлерден пайдаланыў мақсетке муўапық.
Айырым дәрилер фотодерматозды келтирип шығарыўы ямаса кеселликти күшейттириўи бақланади. Соның ушын препаратты қолланыўдан алдын көрсетпелерди дыққат пенен оқыў ямаса шыпакер менен мәсләҳәтлесиў керек.
Сондай-ақ, Эритромицин, Тетрациклин ҳәм Стрептомицин сыяқлы дәрилер ультрафиолет нурларды тартқыў қәсийетине ийе. Усы сүртпелерди қабыл еткен ямаса бет аймақларына сүрткен наўқасларға ыссы күнлерде күндиз көшеге шығыўы усыныс етилмейди.
Егер сизде фотодерматоз белгилери пайда болса, Республикалық қәнигелестирилген аллергология ҳәм клиникалық иммунология илимий-әмелий медицина орайы ҳәм оның аймақлық филиалларына мүрәжат етиўиңиз мүмкин.








