Бул ҳаққында Лондон Патшалық колледжи жанындағы емлеўхана шыпакерлери “Daily
Mirror” газетасына берген пикиринде ескертти.
Оған 20 жаслы британиялы Райли Любастың жағдайы себеп болған. Ол
аязлаўдың белгилерин жеңиллестириў ушын еки түрли дәри-дәрмақ қабыл еткен,
бирақ оларда да парацетамол бар екенлигин билмеген. Бир неше күннен кейин
жигиттиң қарнында аўырыў ҳәм аўқатланыўда машқалалар пайда болды.
Любастың аўҳалы тез төменлеп кетти. Онда өткир баўыр жетиспеўшилиги пайда
болып, кейин басқа ағзаларының функциялары бузыла баслаған. Жас жигит интенсив
терапия бөлимине өткерилди, ол жерде оған турмыслық әҳмийетке ийе функциялардың
аппарат жәрдеми ҳәм диализ зәрүр болды. Буннан тысқары, ол баўыр
трансплантациясын күтип атырған наўқаслар дизимине киргизилген.
Кейин ала баўырдың жумысы тиклене баслады ҳәм бир неше ҳәптеден соң
шыпакерлер наўқасты аппаратлардан үзиўге еристи.
Изертлеўлердиң көрсетиўинше, парацетамолдың дозасы асырып жиберилгенде
организмде зәҳәрли метаболит - препараттың тарқалыў өниминиң артықша муғдары
пайда болады. Нормал жағдайда организм оны глутатион жәрдеминде
зыянсызландырады, бирақ нормадан артық дозалап жиберилгенде бул дәрилик заттың
запасы таўсылып кетиўи мүмкин.
Нәтийжеде токсиклик метаболит баўыр клеткаларын зыянлайды, аўыр
жағдайларда өткир баўыр жетиспеўшилигине алып келиўи мүмкин. Дозасы көп
муғдарда қолланылғанда бүйрек зыянланыўы, қан уйыўының бузылыўы ҳәм басқа
асқыныўлар жүз бериўи мүмкин.
"Жасларда тосыннан доза артып кетиўи салыстырмалы түрде аз
ушырасады, бирақ қәўип адам бир ўақыттың өзинде қурамында парацетамол болған
еки дәрини қабыллағанда жүзеге келеди. Қәўип топарына аз салмақлы наўқаслар да
киреди", - деп атап өтти терапевт шыпакер, Улыўма әмелият шыпакерлери патшалық
колледжиниң Уэльс бөлиминиң баслығы доктор Уилл Макинтош.
Қәнигениң атап өтиўинше, вируслы кеселликлер ўақтында өз ўақтында дем
алыў организмниң тиклениўине жәрдем береди. Бирақ, көплеген адамлар кеселликке қарамастан
оқыўды ҳәм жумыс ислеўди даўам етеди.