Денсаўлықты сақлаў министрлиги баспасөз хызмети Республикалық көз кеселликлери клиникалық емлеўханасының бас шыпакери, медицина илимлери бойынша философия докторы Отабек Икромовтан бул қаншелли дурыс екенлиги ҳаққында сорады.
- Тийкарғы мәселеге тоқтап өтпестен алдын онкологиялық кеселликлер ҳәзирги күнниң әҳмийетли машқалаларынан бирине айланып баратырғанын айтыў керек, - дейди қәниге. - Буны Жәҳән денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы да тастыйықлайды. Яғный, онкология диагнозы қойылғаннан кейинги бир жыл ишинде ҳәр үшинши наўқас қайтыс болады екен. Көринип турғанындай, мәселе ҳақыйқатында да қатаң.
Соңғы 10 жылда өспе кеселликлери сезилерли дәрежеде көбейди, соның ишинде көриў ағзасының онкологик кеселликлери де. Ол улыўма өспелер кеселликлериниң бир процентин қурайтуғыны бизди қәтержам етпеўи керек. Себеби, бүгин дүньяда ҳәр 100 мың адамға дерлик 4 усы түрдеги кеселлик туўра келеди.
Енди тийкарғы мәселеге өтемиз. Көз өспеси кеселликлериниң артыўында турақлы жолдасымызға айланып атырған гаджетлердиң үлеси үлкен бе? Германияның Эссен университети қәнигелери бул сораўға жоқ, деп жуўап берген.
Гәп сонда, олар 2020-жылы COVID-19 пандемиясы мүнәсибети менен өткерген илимий изертлеў даўамында мобил телефонлар ҳәм басқа гаджетлер инсан көриў ағзасы нурланыўы ҳәм онкологиялық кеселликлерге алып келмейтуғыны дәлилленди.
Көз ракине алып келетуғин тийкарғы факторлар төмендегилерден ибарат:
нәсиллик кеселликлер
Экологияның зыянлы тәсири
айырым вируслы кеселликлер
Бирақ, балалар, әсиресе, олардың ата-аналары гаджетлер көз рак кеселлигине улыўма себеп болмайды, деп қәтержамлыққа берилмеўи керек.
Гаджетлерден үзликсиз пайдаланыў ақыбетинде түрли кеселликлерге, соның ишинде, көз өспесине алып келиўи мүмкин екенлигин түсиниў ушын тараў қәнигеси болыў шәрт емес.
Кейинги ўақытта "қурғақ көз" синдромы сезилерли дәрежеде көбейип атырғаны да ҳәммемизди сергекликке шақырыўы зәрүр.
Усылардан келип шығып, офталмологлардың көрсетпесине әмел етиў, балалар күнине 2 сааттан артық гаджетлер менен шуғылланыўына жол қоймаў, жумыс процеси компьютер менен байланыслы болған инсанларға болса көз үсти бөлегин ығалландыратуғын арнаўлы препаратлардан пайдаланыў усыныс етиледи.
Улыўма алғанда, ҳәзирги мәлимлеме технологиялары дәўиринде гаджетлерден пайдаланбаў мүмкин емес. Бирақ, норманы билиў ҳәм оған әмел етиў өзимиз ҳәм саламатлығымыз ушын зәрүр.