Қаншама машақат пенен қурған ыссыханасын күшли самал көтерип кетти. Енди жетилисип киятырған зүрәәтин суўық урып кетти. Қалаберди, қоңсылары "Бизиң аймағымызда қыс суўық, бундай шараятта ыссыхана егин жетиситириў мүмкин емес", деп оны жумысынан қайтармақшы болды. Бирақ, егин егиўдиң тәсилин алып, тәжирийбе топлаған жигит қыста да бийкар отырмай, дәрамат табыў мүмкин екенлигин әмелде дәлиллеўге ҳәрекет етти.
- Мен ушын қыйтақ жеримдеги ҳәр бир қарыс жер санаўлы. 8 сотихлы ыссыхананы альтернатив жанылғы - көмир ҳәм брикетте ислейтуғын инновациялық қурылма менен ысытыўды қәлеймен. Бир ақыллы ысытыў қазанханасы 100 квадрат метр орынды ысытыў қуўатлылығына ийе. Оның өзине тән тәрепи, ыссыханадағы ҳаўа температурасын қурылма тиккелей қадағалап барады. Бул артықша қәрежет ҳәм әўерегершиликлерди сапластырады, - дейди Қараөзек районы "Мәденият" аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Генжемурат. - Аўылымыздың драйвери шарўашылық ҳәм дийқаншылық. Бүгинги күнде аймағымызда 7-8 шаңарақта ыссыхана бар. "Қоңсы қоңсыдан тәлим алады" дегениндей, алдын маған күлиип жүргенлер бүгин қыйтақ жер сырларын үйрениў ушын мәсләҳәт алыўға келмекте.
Өткен ҳәптеде Президентимиздиң басшылығында қыйтақ жерде ҳәм ижараға берилген дийқаншылық жерлеринде дәраматлы егинлер жетистириўдиң жаңа системасы бойынша мәжилис өткерилген еди. Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлардағы тәжирийбели дийқанлар ҳәм жер ийелери менен сәўбетлести. Қыйтақ жердеги ыссыханадан жылына 4 мәрте өним жетистирип, жоқары дәрамат алып киятырған қарақалпақстанлы Генжемурат Турдымуратовты "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады.
Қаҳарманымыз Генжемурат Турдымуратов ақманғытлы Гүлнара менен турмыс қурғаннан соң, бир неше жыл даўамында сырт еллерде жумыс ислеп, өнер үйрениўге туўра келген. Ол сырт елде үйренген тәжирийбелерин турмысқа енгизип, 2019-жылдан берли қыйтақ жеринде ыссыхана қурып, онда палыз өнимлерин жетистирип келмекте.
- Дийқаншылыққа әзелден қызығаман. Жақсы дәрамат табыў ҳәм ыссыхананы кеңейтиў мақсетинде 2021-жылы қыйтақ жеримде ыссыхана қурыў бойынша усынысымды аймағымыздағы ҳәким жәрдемшиси Зийўар Жақсимоваға билдирдим. Олар басламамды қоллап-қуўатлап, жумыс баслаўым ушын банктиң районлық филиалынан 15 миллион сум жеңиллетилген кредит алыўыма жәрдемлести. Соның нәтийжесинде қыйтақ жериме 1,5 сотихлы ыссыхана қурдым. Нәтийже жаман болмады. Келеси 2022-жылы банк кредитинен толық қутылдым ҳәм және усы банктен ыссыхана ҳәм керекли әсбап-үскенелерди сатып алыў ушын 33 миллион сум жеңиллетилген кредит алдым, - дейди Генжемурат. - Ҳәр жылы ыссыханаларда помидор ҳәм қыяр нәллерин жетистирип, базарға шығараман. Қалған жеримде де басқа овош-палыз егинлерин егип, орташа есапта жылына 100 миллион сумнан аслам дәрамат көремен. Президентимиз видеоселекторда мени "Дўстлик" ордени менен сыйлықлады. Бул азы-кем хызметлериме көрсетилген жоқары тән алыў деп билемен.
Мақаламыз қаҳарманының 24 сотих қыйтақ жеринде 28 түп алма, 8 түп алмурт, 8 түп ерик ҳәм 50 түп жүзимнен мол өним жетистирилмекте. Ол өз үйинде "Жас ыссыханашылар мектеби"н ашып, онда тараўға қызығыўшы аўылласларына тәжирийбелерин үйретпекте.
- Дәслеп бираз қыйналдым. Сырт елде ислеўден гөре, үйимде, балаларымдың жанында болыў, оларға зәрүр тәрбия бериўди қәлер едим. "Көз қорқақ, қол батыр" дегениндей, ыссыханадан 4-5 мәрте өним алыўды үйрендим. Бунда маған устазлық еткен Азиз Нурбековтан миннетдарман, - дейди Генжемурат. - Ыссыханаға, ең тийкарғысы, жақтылық, ыссылық, температура, суў, төгин, мийнет ҳәм әлбетте, меҳир бериў керек. Ҳәзирги ўақытта тәбийий биогумустан пайдаланып атырмыз.
Қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў, алдынғы жумыс тәжирийбелери ҳәм басламаларды қоллап-қуўатлаў барған сайын ғалаба ен жаймақта. Генжемурат сыяқлы мыңлаған қыйтақ жер ийелери бир қарыс жерден де өнимли пайдаланып, мол дәраматқа ийе болмақта. Ең тийкарғысы, бул бағдардағы реформалар халықтың бәнтлигин тәмийинлеў менен бирге ел дастурханының молшылығына да тийкар жаратпақта.
Минажатдин ҚУТЛЫМУРАТОВ,
“Янги Ўзбекистон” хабаршысы