Аралықтағы ҳәр бир раўажланыў басқышы энергия дәреклерине болған талап ҳәм резерв жаратыў менен тығыз байланыслы болған. Энергия тәмийнаты себепли санаат революциясы жүз берди, қалалар қурылды, жәҳән экономикасы қәлиплести ҳәм бүгин санлы дәўирге қәдем қойылды.
Бирақ, бул раўажланыў артынан өзине тән глобал машқалалар да жүзеге келди. Соңғы он жыллықларда адамзат барған сайын тереңлесип атырған энергетикалық кризис пенен жүзбе-жүз келмекте. Нефть, газ, көмир сыяқлы дәстүрий жанылғы ҳәм жанылғы дереклери шекленген болып, олардың қорлары азайып бармақта. Соның менен бирге, бул ресурсларды қазып алыў ҳәм жағыў процесслери артынан ҳаўа патасланбақта, глобал ысыў жеделлеспекте, ықлым өзгерислери болса пүткил дүньяда тәбийғый апатшылықлардың көбейиўине себеп болмақта. Бул болса заманагөй илим алдына жаңа, әҳмийетли сораўларды қоймақта.
Бул жағдайда жасыл энергия, яғный қайта тикленетуғын энергия дәреклерине мүрәжат етиў тек ғана экологиялық мүтәжлик емес, ал стратегиялық зәрүрликке айланып баратырғаны ҳеш кимге сыр емес. Қуяш нурлары, самал ағымы, әсиресе, гидроэнергия сыяқлы тәбийғый дәреклер тийкарында ислеп шығарылатуғын энергия экологиялық таза, турақлы ҳәм узақ мүддетли шешим сыпатында тән алынбақта. Гидроэнергия, яғный суў ағымынан электр энергиясын алыў технологиясына бүгинги күнде глобал көлемде үлкен итибар қаратылмақта.
Кейинги жыллары мәмлекетимизде "жасыл экономика" принциплери мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарларынан бирине айланды. Бундай қатнас тек ғана қоршаған орталықты қорғаў емес, ал экономикалық турақлылық, энергетикалық ғәрезсизлик ҳәм санаат потенциалын арттырыўға да хызмет етпекте. Әсиресе, энергетика тараўында локализациялаў процесслериниң избе-из алға илгерилеўи бул бағдардағы жетискенликлердиң тийкарғы факторына айланды.
Энергия дереклерин ишки резервлер тийкарында ислеп шығарыў тек ғана экономикалық ғәрезсизликти емес, ал миллий қәўипсизликти тәмийинлеўде де шешиўши әҳмийетке ийе. Усы көзқарастан, гидроэнергетика тармағының раўажланыўы мәмлекетимизде энергетикалық турақлылықты беккемлеў ҳәм санаат инфраструктурасын жаңалаўда стратегиялық әҳмийетке ийе болатуғыны сөзсиз.
Гидроэнергетика тек ғана турақлы электр тәмийнатына ерисиўге емес, ал аўыл хожалығы, коммуналлық хызметлер ҳәм халықтың турмыс дәрежесине унамлы тәсир көрсетеди. Суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў арқалы суўды үнемлейтуғын технологиялар енгизилип, суўғарыў системалары жақсыланбақта ҳәм усы тәризде экологиялық турақлылықты сақлаўға ҳәрекет етилмекте.
Кейинги сегиз жылда әмелге асырылған ири жойбарлар нәтийжесинде мәмлекетте гидроэнергетика потенциалы сезилерли дәрежеде кеңейди. Жаңа гидроэлектр станцияларын қурыў ҳәм барларын модернизациялаў есабынан дерлик 430 мегаватт көлемдеги гидроэнергетика қуўатлылығы дереги жаратылып, әмелдеги өндирис қуўатлықларының көлеми 2,3 гигаваттқа жеткерилди. Бул болса гидроэнергетиканың улыўма энергия ислеп шығарыўдағы үлесин кескин арттырып, турақлы электр тәмийнаты менен кең аймақларды тәмийинлеў имканиятын жаратты.
Соның менен бирге, гидроэлектр станцияларының қурылысы үлкен қаржы ҳәм техникалық ресурсларды талап етеди. Әсбап-үскенелердиң сырт елден алып келиниўи болса қәрежетлерди бираз арттырады, жойбарларды қымбатқа түсиреди ҳәм қурылыс мүддетлерин созып жибереди. Бул болса экономикалық нәтийжелиликке унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин еди.
Бул машқаланы шешиў мақсетинде мәмлекетимизде гидроэнергетика тараўында да локализациялаў процесин басқышпа-басқыш енгизиў әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгиленди. Бүгинги күнде гидроэлектр станциялары ушын зәрүр болған гидроагрегатлар, аўысық бөлеклер ҳәм арнаўлы әсбап-үскенелерди өзимизде ислеп шығарыў бойынша айрықша ҳәрекетлер алып барылмақта.
Бул бағдарда әмелге асырылған ең әҳмийетли басламалардан бири - улыўма баҳасы 27 миллион долларға тең болған “UzHydroPower” қоспа кәрханасының шөлкемлестирилиўи болып есапланады. Бул завод гидроэнергетика ушын технологиялық үскенелер ислеп шығарыўға қәнигелескен болып, бүгинги күнде Орайлық Азиядағы бирден-бир усындай кәрхана сыпатында жумыс алып бармақта.
Ташкент ўәлаятының Бостанлық районында, дерлик 5 гектар майданда жайласқан бул кәрхананы өз көзим менен көрмегенимде, шынында да, исениў қыйын еди. Бүгинги күнде бул жерде жүзлеген ўатанласларымыз жумыс пенен бәнт. Олар тек ғана өз шаңарағын тәмийинлеп қоймастан, ал мәмлекеттиң раўажланыўы, халықтың абаданлығы ушын пидәкерлик пенен мийнет етпекте. Әсиресе, алдын сырт елде ислеп, жыллар даўамында шаңарағынан узақта жасаған пуқаралардың Ўатанға қайтып, өз елинде, шаңарағының қушағында ислеп атырғаны қуўанышлы жағдай. Завод хызметкерлери ушын жаратылған жумыс шараятлары, социаллық кепилликлер ҳәм қоллап-қуўатлаў системасын көрип қуўандық.
Итибарлы тәрепи, “UzHydroPower” заводы гидроагрегатлар ислеп шығарыў бойынша Орайлық Азияда бирден-бир болып, дүньядағы бар 10 заводтан бири болып есапланады. Бул болса Өзбекстанның тек ғана тутыныўшы емес, ал жоқары технологиялық өнимлерди экспорт етиўши мәмлекет сыпатында қәлиплесиўине тийкар жаратпақта.
Хош, бул заводтың мәмлекет экономикасы ҳәм энергетика тараўындағы әҳмийети неде? Бәринен бурын, жергиликли өндирис жолға қойылыўы есабынан импортқа байланыслылық азайды. Бул болса миллий экономикаға түсетуғын басымды жеңиллестирди. Соның менен бирге, жергиликли үскенелер тез ҳәм арзан жеткерип берилип атырғаны себепли, ГЭСлерди қурыў ҳәм қайта үскенелеў процесслери нәтийжели болды. Және де әҳмийетлиси, жаңа жумыс орынлары жаратылды, жергиликли қәнигелердиң маманлығы артпақта.
Бул процесслер жергиликли өндирисшилердиң инновациялық потенциалын раўажландырыўға, аймақлық экспорт имканиятларын кеңейтиўге хызмет етпекте. Әсиресе, жақын қоңсы мәмлекетлер менен санаат кооперациясының жолға қойылғаны регионда елимиздиң абырайын арттырып атырғаны да бар гәп.
- Заводта “Made in Uzbekistan” миллий бренди тийкарында қуўатлылығы 1 киловатттан 40 мегаваттқа шекемги гидроагрегатлар, турбиналар ҳәм генераторлар, сондай-ақ, республикамызда бурын ислеп шығарылмаған 14 түрдеги ҳәр қыйлы қуўатлықтағы суў-насос агрегатлары және ГЭС ҳәм суў сақлағышлардың гидротехникалық қурылмалары ушын ҳәр қыйлы өлшемдеги металл конструкциялар (затворлар, ири металл қубырлар, пәнжерелер ҳәм басқалар) ислеп шығарылады, - дейди завод директоры Ғолиб Пардаев.
Өзбекстанда гидроэнергетика санаатын турақлы ҳәм нәтийжели раўажландырыў ушын тек ғана жаңа электр станцияларын қурыў емес, ал оларды керекли үскенелер менен тәмийинлейтуғын технологиялық базаны мәмлекеттиң ишинде қәлиплестириўге де тийкарғы әҳмийет қаратылмақта. Ҳәзирги жағдайда тийкарғы бағдарлардан бири санаат кооперациясы ҳәм терең локализациялаў процесслери болып есапланады. Бул тек ғана халықаралық технологияларды өзлестириў емес, ал миллий санаат потенциалының артқанын да айқын көрсетпекте.
Және бир әҳмийетли тәрепи жергиликли өндиристиң экономикалық нәтийжелилигинде. “UzHydroPower” тәрепинен ислеп шығарылып атырған гидроагрегатлардың баҳасы сырт ел аналоглары менен салыстырғанда, әдеўир арзан. Мәселен, Қытайдан алып келинетуғын үскенелерге салыстырғанда 12 процентке, Россия өнимлерине салыстырғанда болса 27 процентке шекем үнемли вариант сыпатында усыныс етилмекте. Бул болса инвестиция қәрежетлерин азайтыў, жойбарларды тезирек әмелге асырыў ҳәм улыўма қурылыс қәрежетлерин оптималластырыў имканиятын жаратады.
Жергиликли өндирис арқалы импортқа байланыслылық кескин азайып, ишки санаат ресурсларына таянған бийғәрез тәмийнат шынжыры пайда болмақта. Бул болса мәмлекетимиздиң энергетикалық қәўипсизлиги ҳәм технологиялық ғәрезсизлигин беккемлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Заводтың жоқары нәтийжелилиги ҳәм сапалы өнимлери себепли, 2026-жылдан баслап қоңсы мәмлекетлерге таяр гидроэнергетика үскенелерин экспорт етиў режелестирилген. Бул арқалы Өзбекстан тек ғана ишки талапты қанаатландыратуғын емес, ал регионаллық дәрежеде бәсекиге шыдамлы өним ислеп шығаратуғын мәмлекет сыпатында қәлиплесиўи нәзерде тутылмақта.
Кәрханада 250 ден аслам жумыс орны жаратылған болып, олардың 40 процентин қәнигели ҳаял-қызлар қурайды. Бул болса гендер теңлик сиясатын әмелге асырыў, ҳаял-қызларды санаат тараўларына кеңнен тартыў ҳәм олардың социаллық белсендилигин арттырыўда әҳмийетли қәдем болып есапланады.
Завод инфраструктурасы да заманагөй талапларға жуўап беретуғын дәрежеде шөлкемлестирилген. Ҳәзирги күнде 5 цехта 80 ге шамалас жоқары технологиялық үскенелер орнатылған. Бул үскенелер арқалы жоқары анықлықта өним таярлаў, сапа қадағалаўын әмелге асырыў ҳәм техникалық нормаларға толық әмел етиў мүмкин.
Кадрлар таярлаў мәселесинде де қатаң қатнас бар. 2024-жылы 7 қәниге Қытайдың “Zhejiang Jinlun Electromechanic Co., Ltd” кәрханасында қәнигелигин арттырды. Сондай-ақ, және 60 техникалық хызметкерди сырт елде оқытыў бойынша арнаўлы бағдарламалар ислеп шығылған.
Бул процесслер арқалы тек ғана өндирис технологиясы емес, ал алдынғы басқарыў мәденияты ҳәм заманагөй инженерлик көзқараслар да миллий санаатқа енгизилмекте.
Бүгинги глобалласыў ҳәм технологиялық бәсеки шараятында энергетикалық ғәрезсизлик ҳәм технологиялық суверенитет ҳәр бир мәмлекет ушын стратегиялық тийкарғы бағдарға айланбақта. Өзбекстан да мине усы мақсетке қарай избе-из ҳәрекет етпекте, атап айтқанда, гидроэнергетика тараўында комплексли реформалар ҳәм заманагөй шешимлер енгизилмекте. Қайта тиклениўши энергия дәреклеринен, әсиресе, гидроэнергетика потенциалынан нәтийжели пайдаланған ҳалда миллий энергетика инфраструктурасы басқышпа-басқыш модернизацияланбақта.
ГЭСлер ушын зәрүр болған қурамалы технологиялық үскенелер - гидроагрегатлар, аўысық бөлеклер ҳәм арнаўлы әсбап-үскенелерди мәмлекетимизде ислеп шығарыў бойынша жолға қойылған локализациялаў ҳәм санаат кооперациясы процесслери өз нәтийжесин бермекте. Нәтийжеде елимизде өндиристиң артынан импортқа ғәрезлилик сезилерли дәрежеде азаймақта, жергиликли ислеп шығарыўшылардың технологиялық потенциалы артып бармақта, гидроэнергетикалық үскенелердиң баҳасы сырт ел аналогларына салыстырғанда 12-27 процентке шекем арзанламақта, жүзлеген жаңа жумыс орынлары жаратылып, маман миллий кадрлар таярланбақта.
Бул жетискенликлер, бәринен бурын, мәмлекетимиз энергетика системасын турақластырыў, санаатты локализациялаў ҳәм халықаралық базарда бәсекиге шыдамлы орын ийелеў жолындағы әҳмийетли қәдемлер болып есапланады.
Соның менен бирге, ГЭСлердиң қурылысы тек ғана экономикалық емес, ал экологиялық ҳәм социаллық жақтан да үлкен әҳмийетке ийе. Олар тәбийғый ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў, ыссыхана газлери шығындысын азайтыў, аўыл хожалығы ҳәм инфраструктураны раўажландырыўға тийкар жаратады. Бул болса турақлы раўажланыў мақсетлерине хызмет етеди.
Бир сөз бенен айтқанда, локализациялаў ҳәм санаат кооперациясы арқалы гидроэнергетика тармағында ерисилип атырған нәтийжелер тек ғана техникалық ямаса экономикалық жетискенлик емес, ал елимиздиң илимий, санаат ҳәм экспорт потенциалын арттырыўға қаратылған әҳмийетли тарийхый қәдем болып есапланады.
Сардор ТОЛЛИБОЕВ,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы