Ушырасыўда мәлимлеме тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў, Өзбекстанның экологиялық күн тәртибин халықаралық майданда алға қойыў, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм климат өзгериўине қарсы гүресиў тараўындағы реформаларды сәўлелендириўге қаратылған қоспа медиа жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

"Жасыл" трансформацияны ғалаба ен жайдырыў, биокөптүрлиликти сақлап қалыў ҳәм глобал климат күн тәртиби шеңберинде Өзбекстанның басламаларына халықаралық жәмийетшиликти тартыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Сырт ел делегациясының сапары жуўмағында Миллий комитет бойлап экскурсия өткерилип, онда экологиялық жағдайды мониторинг етиў ҳәм оператив илажларды муўапықластырыў әмелге асырылып атырған Жағдай орайының жумысы көрсетилди.