Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда кластер, фермер ҳәм санаат кәрханаларының пикирин үйренип, мәселеге илимий қатнас жасаў, фермерлерди заманагөй агротехнологияларға оқытыў әҳмийетли екенин атап өтти. Жуўапкерлерге заманагөй пахта териў машинасы ҳәм халықтың қыйтақ жерлери ушын киши агротехника қуралларын ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.
Ҳақыйқатында да, пахта зүрәәтин толық ҳәм сапалы жыйнап алыўда, ўақыттан утыўда пахта териў машиналарының орны үлкен. Бирақ, бул процесстиң өзине тән талаплары да бар. Соның ишинде, айырым фермер хожалықларында машинада пахта териў ғаўашаның дефоляцияланғаны ҳәм жапырақларының кеминде 70-80 процент төгилип, пақаллардың 80-90 процент ашылғанында ғана кириседи.
Тез писер ҳәм жоқары зүрәәтли пахта сортларының көбейип баратырғаны себепли атызларда АҚШ ҳәм Қытайдан алып келинген горизонталь шпинделли пахта териў машиналарынан пайдаланылмақта. Бул машиналар, тийкарынан, ғаўаша ғореклери 80-90 процент ҳәм оннан жоқары дәрежеде ашылғанында жыйын-терим жумысларына тартылмақта.
Дурыс, бул машиналардың терим толықлығы көрсеткишлери жоқары: 90-95 процент. Бирақ, елимиздиң ҳаўа-райы шараяты ҳәм климат өзгериўлери себепли пахта териминиң басланыў дәўиринде гөреклер 80-90 процентке ашылып үлгермейди. Соның ушын жыйын-терим басында гөреклер 50-60 процент, жыйын-терим ақырында 60-70 процент ашылғанда ҳәм атыздағы зүрәәт гектардан 25-30 центнер ҳәм оннан төмен болғанда терилмекте. Бул экономикалық жақтан пайдасыз. Себеби, бундай жағдайда жыйын-терим қәрежетлери артады. Талшық сапасы төменлейди. Нәтийжеде кластер ҳәм фермер хожалықлары зыян көреди. Сол себепли, фермер хожалықлары пахта өнимин горизонталь шпинделли машиналар жәрдеминде жыйнаўдан ўаз кешип, қолда жыйнаўға ҳәрекет етпекте. Бул, әсиресе, усы мәўсимде айқын сезилди. Айырым жерлерде өзимизде 2010-2016-жылларда ислеп шығарылған "МХ-1,8" маркалы вертикал шпинделли пахта териў машиналарынан пайдаланылды. Бақлаўлар буның нәтийжелери унамлы болғанын көрсетпекте.
Мәселен, арнаўлы шөлкемлестирилген жумысшы топар Наўайы ўәлаяты фермер хожалықларында мәўсимди үйрениў нәтийжесинде пахта терими ҳәм сапасының жақсыланғанына, қаржы жумсалыўының азайғанына гүўа болды. Нәтийжеде кейинги жылларда "МХ-1,8" маркалы вертикал шпинделли пахта териў машинасын теримге тартыўды көбейтиў бойынша илажлар ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.
Бирақ, "МХ-1,8" пахта териў машинасын пахтаның гөреклери 80-90 процент ашылған ҳәм пахта зүрәәти гектардан 30-40 центнер ҳәм оннан жоқары болған атызларда қолланыў себепли терим 80-85 проценттен аспайды. Жерге төгилип атырған пахта муғдары 5-10 процент ҳәм оннан көп, бункерге түскен пахта патаслығы болса 10-12 процентке жетеди. Бундай агротехникалық көрсеткишлер, әлбетте, фермерлерди қанаатландырмайды. Бул жағдай "МХ-1,8" маркалы вертикал шпинделли пахта териў машинасынан жоқары өнимдарлы, гөреклери 80-90 процент ҳәм оннан жоқары дәрежеде ашылған атызларда пайдаланылғанда нәтийже төменлейди. Сол себепли фермерлер бул техникадан айырым жағдайларда ғана ямаса илажсыз жағдайда пайдаланбақта.
Жоқарыда көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Ташкент мәмлекетлик техника университети жер үсти транспорт системалары кафедрасы профессор-оқытыўшылары бир жумысқа киристи. Илимпазларымыз ғаўаша гөреклери 80-90 процент ҳәм оннан да көбирек дәрежеде ашылған ҳәм өнимдарлығы 30-45 центнер болған атызларда жетистирилген пахтаны сапалы жыйнаў ушын ашылған гөреклерге үш мәрте қайта ислеў беретуғын (бир қатарда үш жуп барабанлы), терим толық 94 процентке шекем ҳәм жерге төгилген пахта қалдықлары 3 проценттен аспайтуғын, терилген пахта патасланыўы мәмлекетлик стандарт бойынша 8 проценттен аз болған, "МХ-1,8" маркалы вертикал шпинделли машинаға орнатыўға мөлшерленген пахта териў аппаратын ислеп шықты. Аппаратқа Интеллектуал мүлк орайы тәрепинен патент берилди.
Бул терим аппараты орнатылған "МХ-1,8" маркалы вертикал шпинделли пахта териў машинасын санаат тийкарында ислеп шығарыўға таярлаў ҳәм пахта жыйын-терими мәўсиминде кеңнен қолланыў фермер хожалықлары және аўыл хожалығы раўажланыўына үлкен үлес қосады. Имканиятын кеңейтеди. Бул арқалы қымбат ҳәм эксплуатация қәрежетлери жүдә жоқары болған горизонталь шпинделли машиналарды сырт елден сатып алыў ушын жумсалатуғын валюта үнемленеди. Республикамыз санаат кәрханаларында жаңа жумыс орынлары жаратылады. Ең тийкарғысы, тоқымашылық санааты сапалы ҳәм арзан пахта талшығы менен тәмийинленеди.
Машарип ҲОЖИЕВ,
Ташкент мәмлекетлик техника
университети доценти,
техника илимлериниң кандидаты.