Азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелери көрип шығылды

    Президент Шавкат Мирзиёев 25-ноябрь күни азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў, пахта ҳәм ғәлле өнимдарлығын арттырыў бойынша усыныслардың презентациясы менен танысты.

    Мәмлекетимиз басшысы жақында болып өткен парламент мәжилисиндеги шығып сөйлеген сөзинде халықтың саны көбейип баратырған ҳәзирги шараятта азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ең әҳмийетли ўазыйпа екенин атап өтти.

    Ҳақыйқатында да, елимиз халқы жылына дерлик 1 миллион адамға өсип бармақта. Жер ҳәм суў дереклери болса шекленген. Соның ушын ишки базар турақлылығын исбилерменлик ҳәм өнимдарлық арқалы тәмийинлеў мүмкин.

    Презентацияда аўыл хожалығы министри бул бағдардағы режелерди билдирди.

    Келеси жылы 4 миллион 800 мың гектар жерде егинлер жетистириў мөлшерленген. Соннан 2 миллион гектардан аслам жерде мийўе-овош, картошка, собықлы ҳәм палыз өнимлери егиледи. Олардың атызларда жайластырылыўы ҳәм зүрәәттиң резервке топланыўы мониторинг етип барылады.

    Атап айтқанда, халыққа бирлемши зәрүр болған 10 түрдеги тийкарғы азық-аўқат өнимлериниң системалы есап-санағы жүргизиледи. Онда ҳәр бир район кесиминде қандай өним жетистирилетуғыны ҳәм ишки базар ушын қаншасы резервке топланыўы мәлим болады.

    Бизге белгили, Президентимиздиң басламасы менен 260 мың гектар жер 800 мың халыққа дийқаншылық етиў ушын бөлинип берилген еди. Сондай-ақ, Сайхунабад тәжирийбеси тийкарында қыйтақ жерлерде өним жетистириў қоллап-қуўатланбақта. Бул адамларды, әсиресе, жасларды жумыс орны ҳәм дәрамат пенен тәмийинлеўде дурыс жол болғанын турмыстың өзи көрсетти. Сондай-ақ, бул аўыл хожалығы өнимлериниң көп жетистирилип, олардың баҳасы кескин артып кетпеўиниң әҳмийетли факторы болды.

    Енди бул жумыслардың сапасын арттырып, ажыратылған жерлер ҳәм қыйтақ жерлерден өнимли пайдаланыў, халыққа илимий ҳәм әмелий жақтан жәрдемлесиў зәрүр. Буннан тысқары, районлардың өзи аўыл хожалығына грант ҳәм техникалық жәрдемлерди тартыўы, алдынғы технологияларды қолланыўы талап етиледи.

    Мәмлекетимиз басшысы сырт ел тәжирийбесин үйренип, картошка жетистириў системасын жетилистириў ҳәм өнимдарлығын арттырыў зәрүрлигин атап өтти.

    Өткен жылдың қысында 9 мың гектар бағ ҳәм 4 мың гектар жүзим атызларын суўық урған еди. Нәтийжеде 207 мың тонна өним набыт болды.

    Президентимиз бундай ҳаўа-райы шараятларында дийқанлардың зыян көриўиниң алдын алыў бойынша тапсырма берген еди. Соған муўапық, сырт елли қәнигелер менен биргеликте "Аўыл хожалығы тәўекелшилигин қамсызландырыў ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылды. Оның қабыл етилиўи дийқан ҳәм фермерлердиң экономикалық қорғалыўын тәмийинлейди.

    Пахташылықта сырт ел сортларын егиўдиң нәтийжелилиги талланды.

    Мәмлекетимиз басшысы бул бағдарда кластер, фермер ҳәм санаат кәрханаларының пикирин үйренип, мәселеге илимий қатнас жасаў, фермерлерди заманагөй агротехнологияларға оқытыў әҳмийетли екенин атап өтти. Заманагөй пахта териў машинасы ҳәм халықтың қыйтақ жерлери ушын киши агротехникалар ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берилди.

    "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде барлық аймақларда терекзарлар бой тиклемекте. Бундай бағлардың әтирапы ҳәм атыз шетлеринде адамларға пайда келтиретуғын егинлер жетистириў мүмкин екенлиги айтылды.

    Презентацияда ўәлаят ҳәм районларда аўыл хожалығы тараўында басқарыў системасын реформалаўға байланыслы усыныслар да көрип шығылды.

    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates