Ҳаял-қызлар «Ҳәким кубоги» ушын беллести
Шоманай районы Балалар спорт мектеби имаратында районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң басламасы менен жәмийетте ҳаял-қызлардың тутқан орнын күшейтиў, гендер теңликти тәмийинлеў, олардың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, спорттың ғалабалығына ерисиў мақсетинде мәкеме ҳәм кәрханаларда жумыс ислеп атырған ҳаял-қызлар арасында «Ҳәким кубоги» ушын спорттың волейбол түри бойынша жарыс болып өтти.