Сүйек тоқымаларына инфекция қалай түседи?

    Сүйектиң ириңли самалланыўы ҳаққында еситкенбисиз? Бул патология медицинада остеомийелит деп аталади. Кеселлик инфекциялардың сүйек тоқымаларын зыянлаў менен өтеди.

    Республикалық қәнигелестирилген травматология ҳәм ортопедия илимий-әмелий медицина орайының директоры Мурод Ирисметов усы кеселликтиң белгилери, себеплери, асқыныўлары, диагноз қойыў ҳәм емлеў усыллары ҳаққында мағлыўмат берди.

    - Остеомийелитте сүйек тоқымасының барлық элементлери (сүйек тоқымасы - остит, кемиги - мийелит, пердеси - периостит ҳәм қоршаған тоқымалар) исиниўи бақланады, - дейди қәниге. Кеселлик көбинесе адам скелети геўек сүйеклериниң буўынға жақын жеринде ушырасады. Буған ириң пайда етиўши микроблар, мысалы, стафилококк, стрептококк себеп болады.

    Инфекциялар сүйек тоқымасына қалай түседи? Олар организмниң ҳәр қыйлы ноқатларындағы ириң ошағынан, мысалы, шийқәннан, исинген эмбрион безлеринен, жаңа туўылған балаларда инфекция түскен киндиктен қан ағымы менен келиўи мүмкин. Гейде исиниў туберкулёз, сифилис кеселликлери ақыбетинде де пайда болады.

    Соның менен бирге, суўықта узақ қалып кетиў, операция ўақтында сүйек тоқымаларына инфекция түсиўи, жарақатлар өз ўақтында емленбеўи, сүйеклер ашық сынғанда, ашық жаралар патасланғанда бул кеселликтиң келип шығыў жағдайы көбирек ушырасады.

    Кеселликтиң өткир гематоген остеомийелит түри әдетте 8-17 жасларда жүз береди. Ол көбинесе денеге суўық урғанда ямаса жарақатланғанда тосаттан басланыўы мүмкин.

    Наўқас қалтырап, температурасы 39-40 градусқа шекем көтериледи, пульсы тезлеседи, көз алды қараңғыласып, уйқылай алмайды, шоршынады. Кейин исинген сүйек аўырады, үстиндеги тери исип, қызарады. Ириң жарып шыққанда температура пәсейип, наўқастың аўҳалы жақсыланады.

    Остеомийелит ақыбетинде сүйеклер деформациясы, жалған буўынлар пайда болыўы да әмелиятта бақланады.

    Соның менен бирге, остеомийелит тез-тез қайталаныўшы кеселлик есапланады. Бул процесте асқыныўлар адам денесиниң барлық ағзаларына өз тәсирин өткермей қомайды. Ақыбетинде буўынлар, нерв системасы, қан тамырлары, жүрек, бүйрек, баўыр ҳәм басқа да жумсақ тоқымаларда өзгерислер жүзеге келеди.

    Остеомийелитке ушыраған түтик тәризли сүйеклерде патологиялық сыныў, сүйек тоқымасының ириўи, өсиўден тоқтаўы сыяқлы жағдайлар қәўипи де бар.

    Егер наўқас кеселлик басланғанын дәрҳал сезип, өз ўақтында емленсе, асқыныўларсыз саўалып кетеди. Бирақ, сүйек жемирилип, ириң қанға тарқалған болса, сезилерли асқыныўлар қалады.