Мәжилис климат қәўип-қәтерлерине қарсы гүресиў бойынша биргеликтеги илажларды додалаў, регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў ҳәм экология тараўында әмелий шешимлерди ислеп шығыў ушын әҳмийетли майдан болды.

Сөйлесиўде Өзбекстан Президентиниң экология мәселелери бойынша кеңесгөйи - Экология ҳәм климат өзгериўи миллий комитетиниң баслығы Азиз Абдуҳакимов, Қазақстан экология ҳәм тәбийғый ресурслар министри Ерлан Нысанбаев, Әзербайжан экология ҳәм тәбийғый ресурслар министриниң орынбасары Рауф Гаджиев, Қырғызстан тәбийғый ресурслар, экология ҳәм техникалық қадағалаў министри Ақыл Тоқтабаев, Түркия қоршаған орталық, урбанизация ҳәм климат өзгериўи министриниң орынбасары Ҳасан Сувер, ТМШ бас хаткери Кубаничбек Омуралиев ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң бас хаткери Асад Мажид Хан қатнасты.

Әзиз Абдуҳакимов өзиниң шығып сөйлеген сөзинде заманагөй экологиялық қәўип-қәтерлер - климаттың өзгериўинен баслап биологиялық көп түрлиликтиң жоқ болыўына шекем мәмлекетлик шегараларды тән алмайтуғынын, өз-ара муўапықластырылған ҳәм әмелий ҳәрекетлерди талап етип атырғанын атап өтти.

"Өзбекстан Республикасы Президентиниң Түркий экологиялық кеңести шөлкемлестириў ҳаққындағы басламасы айрықша әҳмийетке ийе. Биз оған мәмлекетлеримиздиң ҳәрекетлерин бирлестириў, системалы тәжирийбе алмасыў ҳәм келисилген шешимлер ислеп шығыў ушын әҳмийетли институционаллық механизм сыпатында қараймыз", - деп атап өтти ол.

Болажақ Кеңес жанында қәнигелескен экспертлик уйымы - илимий-техникалық структура ямаса жумысшы топарды шөлкемлестириў усынысына айрықша итибар қаратылды. Оны Нөкис қаласында жайластырыў усыныс етилмекте.

Өзбекстан тәрепи бул басламаны алға қойыў, соның ишинде, Кеңестиң дәслепки мәжилислеринен бирин Арал апатшылығының ақыбетлерин айқын сәўлелендиретуғын регион - Нөкис қаласында өткериўге таяр екенин билдирди.

Ушырасыўдың Нөкис қаласында өткерилиўи қатнасыўшыларға Арал апатшылығының ақыбетлерин, сондай-ақ, Аралбойы регионының экосистемаларын тиклеў ҳәм халықтың турмыс шараятларын жақсылаў бойынша көрилип атырған илажларды көрсететуғын Климат өзгериўи музейиниң экспозициясы менен танысыў имканиятын беретуғыны атап өтилди.

Ушырасыў қатнасыўшылары тәрепинен додалаўлардан ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға өтиў зәрүрлиги атап өтилди. Тийкарғы бағдарлар қатарында төмендегилер белгиленген:

"жасыл" экономиканы раўажландырыў;

экологиялық таза технологияларды енгизиў;

тәбийғый екосистемаларды тиклеў;

патасланыў дәрежесин азайтыў;

турақлы тутыныў моделлерин алға қойыў.

Инвестициялар ҳәм алдынғы шешимлерди тартыў ушын халықаралық шериклер менен бирге ислесиўди кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Түркий мәмлекетлер үлкен тәбийғый ҳәм илимий потенциалға ийе болып, биргеликте глобал климат күн тәртибине ҳәм турақлы раўажланыў мақсетлерине салмақлы үлес қосыўға уқыплы екени атап өтилди. Усы мәниде өз-ара исенимди беккемлеў, ҳәрекетлердиң бирлиги ҳәм избе-излиги айрықша әҳмийетке ийе.