28-февральдан баслап Өзбекстанның қалаларынан Дубай, Шаржаў, Мадина, Доха, Жидда, Тель-Авив, Тегеран ҳәм Кувейтке баратуғын барлық авиарейслер бийкар етилди. Ақыбетинде 28-февральдан 2-мартқа шекем 1 мың 681 пуқарамыз Кувейт, Израиль, Саудия Арабстаны, Қатар ҳәм БАӘден ушып кете алмаған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң "Персид қолтығы мәмлекетлеринде қалып кеткен пуқараларымызды Ўатанға қайтарыўды нәтийжели шөлкемлестириў ҳаққында"ғы тапсырмасы шеңберинде Транспорт министрлиги, резидент авиакомпаниялар ҳәм сырт ел авиакомпаниялары менен биргеликте анық режелер ислеп шығылды. Жумысларды муўапықластырыў мақсетинде "Узавиация" агентлигинде 24/7 режиминде ислейтуғын штаб шөлкемлестирилди.

Бир қатар мәмлекетлердиң ҳаўа кеңислиги жабық болып қалып атырғаны ҳәм жағдай өзгерип атырғанын есапқа алып, сырт еллердиң авиация ҳәкимияты менен сөйлесиўлер нәтийжесинде ерисилген келисимлерди инабатқа алып, барлық авиакомпаниялар ушыўларды әмелге асырыўы керек болған талаплар белгиленди.

Ҳәзирги ўақытта резидент ҳәм резидент емес авиакомпаниялар тәрепинен 2026-жыл 28-февральға шекем ушып кеткен жолаўшыларды Өзбекстанға қайтарыў мақсетинде рейслер әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнге шекем елимиздиң резидент авиакомпаниялары тәрепинен Мадина ҳәм Жидда аэропортларынан 21 рейс әмелге асырылып, 4 948 жолаўшы Өзбекстанға жеткерилди, сондай-ақ, Дубай қаласынан 235 жолаўшының жетип келиўи тәмийинленди.

Усы рейслер бойынша мағлыўматларды анықластырыў ушын тек ғана авиакомпаниялардың ўәкилханаларына ҳәм олардың рәсмий сайтларында көрсетилген телефонлар (тез қоңыраў етиў телефонлары) арқалы мүрәжат етиў керек.

Жүзеге келиўи мүмкин болған түсинбеўшиликлер ҳәм финанслық қәўип-қәтерлердиң алдын алыў мақсетинде тек ғана рәсмий мәлимлеме дәреклеринен пайдаланыў ҳәм тастыйықланбаған дәлдалшыларға мүрәжат етиўден сақланыў усыныс етиледи.

Жолаўшыларға жәрдем көрсетиў мақсетинде "Узавиация" агентлигиниң call-орайы 24/7 режиминде ислемекте: тел: +998 78 120-00-72, +998 (71) 200-07-65.