Ҳақыйқый ғәрезсизлик тек ғана байрақ емес, бул халықтың өз тәғдирин өзи белгилеў ерк-ықрары.

Бул қатарларды бүгин, мәмлекетимиз ғәрезсизлигиниң 34 жыллық даңқлы байрамы қарсаңында жүректен сезинип оқыймыз. Себеби Өзбекстан ғәрезсизлиги жаңа ғана қолға киргизилген жемис емес, ал ҳәр бир ўатанласымыздың турмысында, қәлбинде, арзыў-мақсетлеринде, мийнети ҳәм пидайылығында жасап киятырған уллы қәдириятқа айланған. Ғәрезсизлик бир әўладтың мәртлиги менен басланған, кейинги әўладлардың пидайылығы менен даўам етип атырған тарийхый сапар болып табылады.

Әсиресе, ғәрезсизликтиң кейинги сегиз жылы жаңа Өзбекстанның жаңа нәпеси, жаңа руўхы ҳәм жаңа бағдары менен есте қалды. Президентимиздиң басшылығында басланған реформалар, бәринен бурын, халыққа хызмет етиў, инсан мәплерин жоқары қәдирият сыпатында көриўге қаратылды. Ҳақыйқатында да, "Инсан қәдири ушын" идеясы халықшыл сиясаттың орайына айланды. Бул тек ғана сүрен емес, бул әмелдеги реформалар, реал нәтийжелер арқалы өз тастыйығын таўып атырған философия, мәмлекетлик басқарыўдың жаңа көзқарасы.

Өзбекстан бүгин тек ғана ишки раўажланыў емес, ал регионаллық бирге ислесиў ҳәм халықаралық татыўлықта да белсене роль атқарып атырған мәмлекетке айланды. Егер буннан он жыл алдын Өзбекстан сыртқы сиясатта абайлы ҳәм тар шеңберде ҳәрекет еткен болса, бүгин ол региондағы процесслердиң орайында турған, баслама көрсетип атырған, додалаўларды баслап атырған, глобаллық шешимлер усыныс етип атырған мәмлекетке айланды.

Орайлық Азия - қурамалы тарийх, стратегиялық мәкан, бай тәбият ҳәм өз-ара тығыз байланысқан халықлар регионы. Усы аймақта тынышлық ҳәм турақлылықты тәмийинлеў, жақсы қоңсышылық, исенимли бирге ислесиў орталығын жаратыў Өзбекстанның кейинги жыллардағы сыртқы сиясатының ең әҳмийетли тийкарғы бағдары болып келмекте. Президентимиз басшылығындағы сиясий басшылықтың дәслепки басламалары - регионда өз-ара тартысларды сапластырыў, шегара мәселелерин шешиў, суў, энергетика, транспорт ҳәм саўда байланысларын жақсылаў бойынша әмелге асырылған дәслепки қәдемлер бүгин өз нәтийжесин бермекте.

Бир ўақытлары өз-ара исенимсизлик себепли сөйлесе алмаған қоңсылар енди бир стол әтирапында отырып, улыўма келешекти додалай баслады. Өткен жыллар даўамында Орайлық Азия мәмлекет басшыларының турақлы ушырасыўлары дәстүрге айланды. Усы формат шеңберинде усы ўақытқа шекем болып өткен жоқары дәрежедеги саммитлер регионаллық интеграцияның жаңа басқышқа көтерилгенин көрсетти. Биргеликтеги жойбарлар - газ, электр энергиясы, темир жол ҳәм автотранспорт жоллары, логистика орайлары ҳәм басқа да инфраструктура системалары ҳақыйқый экономикалық ҳәм сиясий аўызбиршиликти жарата баслады.

Бир ғана мысал: Өзбекстан, Қазақстан ҳәм Қырғызстан арасында транскаспий транспорт жөнелиси арқалы экспорт-импорт көлеми 2023-жылы 30 процентке артты. Бул тек ғана экономикалық пайда емес, ал өз-ара исеним ҳәм сиясий турақлылық жемиси болып есапланады.

Екинши әҳмийетли бағдар - дүнья жәмийетшилигиндеги орнымыз. Бүгин Өзбекстан тек ғана регионда емес, ал глобал көлемде де тән алынып атырған мәмлекетке айланбақта. "Өзбекстан - 2030" стратегиясы, жаңаланған Конституция ҳәм мәмлекетлик басқарыўда инсан ҳуқықлары, ашық-айдынлықты тәмийинлеў бойынша қабыл етилген нызамлар халықаралық майданда үлкен унамлы тәсир көрсетпекте.

Жақын жыллар ишинде Өзбекстан БМШ, ЕҚБШ, Ислам бирге ислесиў шөлкеми, ШБШ, ТМШ сыяқлы көплеген халықаралық структуралар менен нәтийжели бирге ислесиўди жолға қойды. Олар менен биргеликте тарийхый мийрас объектлерин қорғаў, экологиялық машқалалар, әсиресе, Арал апатшылығы бойынша халықаралық жойбарлар шеңберинде дүньяның итибарын тартты.

2024-жылы тарийхта биринши мәрте Өзбекстан жалпы ишки өними 115 миллиард АҚШ долларына жетти. Бул - тек ғана сан емес. Бул мийнет еткен халықтың, исбилерменликке имканият берилген жәмийеттиң, инвестиция орталығы жақсыланған мәмлекеттиң нәтийжеси болып есапланады.

Миллий валютамыз - сум турақласты. Инфляция дәрежеси қадағалаўға алынды. Бирден-бир салық төлеми, пуқаралар ушын салық жеңилликлери, исбилерменликти раўажландырыў ушын жаратылып атырған заманагөй инфраструктура, электрон дизимнен өтиў ҳәм лицензия алыў процесслериниң әпиўайыласыўы - булардың барлығы тек ғана экономиканы емес, ал халқымызды еркин, азат, абадан турмысқа жетеклемекте.

Бир сөз бенен айтқанда, бүгин Өзбекстан дүньяға "мен барман!" деп айтып атыр. Бул даўа емес - бул нәтийже. Бул мақсет емес - бул алынған жол. Ең әҳмийетлиси, бул жаңа Өзбекстанның ертеңги күнине исеним менен қараў, өз тәғдирине ийелик етиўге таяр жәмийеттиң жоқары санасы болып есапланады.

Соның ушын Өзбекстан мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына айрықша руўх, мазмун ҳәм айрықша жуўапкершилик пенен қарап атырмыз. Оған үнлес тәризде Президентимиздиң "Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик ғәрезсизлигиниң отыз төрт жыллық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарына бола, бул байрам "Ўатан ушын, миллет ушын, халық ушын!" деген идея әтирапында өткерилмекте. Бул сөзлер тосыннан емес. Олар миллеттиң тарийхы, халықтың арзыў-нийетлери ҳәм Ўатанға садықлығын өзинде жәмлеген көринис болып есапланады.

Ҳәр жылы өткерилип атырған ғәрезсизлик салтанаты тек тарийхқа нәзер таслаў ушын емес, ал келешекке де нәзер таслаў ушын да имканият бермекте. Бүгин Өзбекстан өз жолын таңлаған, өз сөзине ийе, өз халқына сүйенген ҳәм дүнья жәмийетшилигинде мүнәсип орын ийелеп атырған мәмлекетке айланды. Бул жолда ҳәр бир пуқараның үлеси бар. Ҳәр бир муғаллим, фермер, шыпакер, инженер, жазыўшы, әскер, студент ҳәм көркем өнер шебериниң мийнети бар.

Сонлықтан, ғәрезсизлик тек ғана мәмлекетлик белгилер, байрам илажлары ҳәм тарийхый сәне емес, ол ҳәр бир инсанның күнделикли турмысы, мийнети, арзыў-әрманы ҳәм жуўапкершилигинде өз көринисин таўып атырған жанлы идея болып есапланады. Ғәрезсизлик Ўатан ушын жуўапкершилик, миллет ушын садықлық, халық ушын пидайылық демек. Жаңа Өзбекстандағы реформалар, қабыл етилип атырған ҳәр бир пәрман ҳәм қарардың тийкарында да әне усы идея жәмленген. Ғәрезсизлигимиздиң отыз төрт жыллық байрамын өткериўге байланыслы қарар да әне усындай мазмун ҳәм руўхта.

Ғәрезсизлик әпиўайы байрам емес. Бул - миллий өзлигимиз, жақсы арзыў-нийетлеримиз, келешекке умтылысымызды кеңнен көрсетиў имканияты. Себеби бүгинги жаңа Өзбекстан, бәринен бурын, өз таянышын халқында, күшин тилеклеслигинде, жүзи нурлы жасларында, шаңарағының қәдириятларында, мийнеткеш пуқараларының пидайылығында көрмекте.

Бүгинги күнде қала ма, аўыл ма - мәмлекетимиздиң ҳәр бир мүйешинде өзгерис, жаңаланыў, жаратыў процеси болып өтпекте. Жаңа Конституциямызда белгиленгениндей, Өзбекстан - социаллық мәмлекет. Бул енди мәмлекет адамнан емес, адам мәмлекеттен үмит етиў, жәрдем алыў, қоллап-қуўатлаў сезимин сезип атыр, дегени.

Буны турмыслық мысалларда да көрип турмыз. Жақын жылларда елимизде 500 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылды. Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарламалары себепли миллионлаған шаңарақлардың турмысында унамлы өзгерислер жүз берди. Ең әҳмийетлиси, адамларға исеним, өз өмири ушын жуўапкершилик сезими қайта тикленбекте.

Мине усындай қуўанышлы, үлкен имканиятларға толы дәўирде жасап атырмыз. Бүгинги табыслардың тийкарында елимиздеги тынышлық, миллетлер арасындағы дослық, кеңпейиллик орталығы жатады. Өтмишти қәдирлеп, келешекке нәзер таслап атырған, дүнья менен теңдей қарым-қатнас жасап атырған, өз жолын таңлаған ҳәм оннан шегинбейтуғын мәмлекет - бул, әлбетте, жаңа Өзбекстан!

Қалаберди, бүгинги заманагөй дүньяда абырай-мәртебеге тек ғана ерисип болатуғын нәрсе емес. Ол исеним, әмелий жумыслар нәтийжеси арқалы арттырылады. Мине усындай исенимли, ашық, дүньялық мәмлекетке айланыў халық пенен пикирлесиўге тийкарланған сиясий мәденият, ең әҳмийетлиси, халық исеними себепли жүзеге шықты.

Сыртқы сиясаттағы жоқары статусымыз, регионаллық жетекшилик, халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиў - булардың барлығы тек ғана дипломатиялық табыслар емес, ал мәмлекетимиздиң үлкен сахнада мүнәсип орын ийелеп атырғанынан дәрек береди.

Быйылғы ғәрезсизлик байрамы әне усы өзгерислер, пидайылықлар ҳәм уллы мақсетлердиң салтанаты болады. Бул байрам тек рәмзий салтанат емес, ал социаллық ҳәм руўхый ояныў, халықтың Ўатанға садықлығы, келешекке исениминиң көриниси болып табылады. Себеби бул бизиң Ўатанымыз. Бул миллет - биз жүрегинде жасайтуғын миллет. Бул халық - бизиң ана халқымыз. Бул ғәрезсизлик - бизиң мәңгилик жолдасымыз.

Сабир ТУРСУНОВ,

педагогика илимлериниң докторы, профессор