Harvard Growth Lab: 5 жыл ишинде Өзбекстан экономикалық қурамалылық рейтингинде 25 текшеге көтерилди

    Гарвард университетиниң Өсиў лабораториясы Экономикалық қурамалылық индекси (ECI) нәтийжелерин жәриялады.

    Бул индекс тийкарында мәмлекетлердиң технологиялық қурамалылық ҳәм експорт ҳәр қыйлылығы бойынша рейтинги дүзилген.

    Harvard Growth Lab (Ҳарвард университетиниң пәнлераралық жойбары) аналитиклери усы жыл апрель айында 2023-жыл мағлыўматларын қосып, экономикалық қурамалылық атласын жаңалады ҳәм дүньяның 133 экономикасын қамтып алған Экономикалық қурамалылық индекси баҳасы бойынша мәмлекетлер рейтингин усынды.

    Өзбекстан экономикалық қурамалылық рейтингинде өз орнын сезилерли дәрежеде жақсылап, соңғы 5 жыл ишинде 25 текшеге көтерилди ҳәм 133 мәмлекет арасында 80-орынды ийеледи.

    Рейтингте:

    Өзбекстан 80-орынды,

    Түркия 44-орынды,

    Вьетнам 53-орынды,

    Қазақстан 84-орынды (6 текше төменлеген),

    Россия 94-орынды (5 текше төменлеген),

    Тәжикстан 124-орынды (5 текше көтерилди),

    Түркменстан 126-орынды (12 текше төменледи) ийеледи.

    Биринши үшликке төмендеги мәмлекетлер кирди:

    1-орын - Швейцария,

    2-орын - Япония,

    3-орын - Сингапур.

    Мәмлекетимиз экономикасы турақлы өсиўди көрсетип, экспорт жылына орташа 20,5 процентке артпақта. Бул регионның басқа мәмлекетлериндеги өсиў пәтлеринен әдеўир жоқары. Соның менен бирге, шийки зат ресурсларынан тысқары таяр өнимлердиң экспорты жылына 21,9 процентке өсип, орташа жәҳән өсиўинен озып кетти.

    5 жыл ишинде экспорттың өсиўине орташа дәрежеде қайта исленген санаат товарлары ең үлкен үлес қоспақта. Ислеп шығарыўы қурамалы болған өнимлер арасында транспорт қураллары (89%), санаат үскенелери (77%), электротехника (59%) бойынша жоқары өсиў пәтлери бақланбақта.

    Өзбекстан өзиниң экспорт портфелине 67 жаңа өним қосылды. Бул 2,1 миллиард доллар дәрамат келтирди ҳәм диверсификация және бәсекиге шыдамлылықты арттырыў бойынша стратегия табыслы екенин тастыйықлады. Бул өнимлер 2023-жылы халықтың жан басына 59 доллар дәрамат келтирди.

    Harvard Growth Lab өткерген таллаўға бола, Өзбекстан дүнья базарында бәсекиге шыдамлы үстинликлерге ийе болған 162 түрдеги өнимге ийе. Бул оның глобал экономикадағы потенциалын көрсетеди.

    2033-жылға шекем экономикалық өсиў прогнозлары

    2033-жылға шекем Өзбекстан экономикасының орташа жыллық өсиўи 5,6 процентти қураўы күтилмекте. Бул өсиў пәтлери бойынша дүньяда екинши орын есапланады.

    Кейинги он жыллықта Вьетнамда орташа жыллық өсиў пәтлери 3,6 процентти:

    Тәжикстанда - 4 процентти,

    Қырғызстанда - 3,9 процентти,

    Грузияда - 3,6 процентти,

    Қазақстанда - 3,6 процентти,

    Арменияда - 3,3 процентти,

    Бангладеште - 3 процентти,

    Түркменстанда - 2,7 процентти,

    Беларуста - 2,4 процентти,

    Әзербайжанда - 2,2 процентти,

    Россияда - 1,1 процентти қурайды.

    Өзбекстан аўыл хожалығы сыяқлы аз нәтийжели тараўлардан электроника ҳәм машина қурылысы сыяқлы жоқары нәтийжели тараўларға ресурсларды бағдарлаў арқалы экономиканы структуралық жақтан реформалаўды даўам еттирмекте.