Онда Өзбекстан ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлериниң орынбасарлары қатнасты.
Семинар даўамында Венгрия аўыл хожалығы ҳәм тәбийий илимлер университети (МАТЕ) профессоры Золтан Лакнер мәмлекеттиң туризмди раўажландырыў бойынша тийкарғы көзқараслары ҳәм табыслы әмелиятлары ҳаққында баянат жасады. Профессор өзиниң шығып сөйлеген сөзинде еки мәмлекет халықларының тарийхый жақынлығын айрықша атап өтип, Венгрияның Түркий мәмлекетлер шөлкеми мәмлекетлери менен жедел бирге ислесиўин атап өтти.
Қатнасыўшылардың итибарына геотермал дәреклерден пайдаланыў, агротуризм, виношылықты раўажландырыў, халықаралық фестивалларды шөлкемлестириў, регионаллық брендлерди үгит-нәсиятлаў ҳәм туризмди турақлы раўажландырыў принциплерин енгизиў бойынша әҳмийетли мағлыўматлар усынылды.
Венгрияда әмелге асырылып атырған "Ақыллы туризм" жойбары және туризм тараўының бәсекиге шыдамлылығы ҳәм модернизациясы мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Сырт елли туристлерди тартыўда кино санаатының әҳмийетли орны айрықша атап өтилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.