Сондай-ақ, тараўда жумыс алып барып атырған хызметкерлерди заманагөй техника ҳәм транспорт қураллары менен тәмийинлеў жумыслары избе-из даўам етпекте.

Усы мүнәсибет пенен Нөкис қаласында "Аймақлық электр тармақлары" акционерлик жәмийети Қарақалпақстан аймақлық филиалы ушын сатып алынған хызмет автотранспорт қуралларын тапсырыў мәресими болып өтти.

Илаж даўамында аймақлық филиал қарамағындағы қала ҳәм район электр тәмийнаты бөлимлери ушын жүк-жолаўшы тасыўға мөлшерленген 30 заманагөй «Changan» электромобиллер тапсырылды.

Бул транспорт қураллары электр тармақларында профилактикалық қадағалаў жумысларын алып барыў, авариялық жағдайларға оператив жетип барыў ҳәм хызмет көрсетиў процесслериниң нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң joqargikenes социаллық тармағы.