Кем тәмийинленген ҳәм кәмбағаллық қәўпи бар шаңарақларды анықлаў, халықтың реал талапларын есапқа алған ҳалда, социаллық жәрдем ҳәм хызметлерди бирден-бир система тийкарында шөлкемлестириў илажлары көрип шығылды.
Өткен дәўирде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри шеңберинде 1 миллион 800 мың шаңарақтың социаллық жағдайы баҳаланып, олардың 739 мыңы, соның ишинде, кем тәмийинленген ҳәм кәмбағаллық шегиндеги шаңарақлар реестрге киргизилген. Оларға напақа ҳәм ҳәр қыйлы түрдеги материаллық жәрдемлер тайынланған.
Бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў мақсетинде Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында Социаллық реестрди қәлиплестириў нәзерде тутылған. Онда шаңарақлар социаллық-экономикалық жағдайы бойынша мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақлар, кем тәмийинленген шаңарақлар ҳәм кәмбағаллық шегиндеги шаңарақларға ажыратылады. Ҳәр бир категория ушын тийисли қоллап-қуўатлаў илажлары ҳәм социаллық хызмет түрлери белгиленеди.
Социаллық қоллап-қуўатлаў халықтың дәрамат дәрежеси ҳәм бәнтлик имканиятларынан келип шығып, дифференциалласқан қатнас тийкарында әмелге асырылады.
Атап айтқанда, имканияты шекленген шаңарақлардың айырым категориялары ушын мәжбүрий бәнтлик талап етилмеген ҳалда социаллық жәрдем көрсетиў нәзерде тутылмақта. Онда "мәҳәлле жетилиги"не ағзаларының мийнет қәбилети шекленген ямаса аўыр турмыс шараятындағы шаңарақларды Социаллық реестрге киргизиў ҳуқықы бериледи.
Сондай-ақ, реестрге киргизилген шаңарақлардың дәраматларын арттырыў, денсаўлықты сақлаў, бәнтлик, турақ жай менен тәмийинлеў ҳәм басқа да бағдарларда социаллық хызметлер көрсетиў, мийнетке жарамлы шаңарақ ағзаларын бәнтлик ҳәм исбилерменлик жумысына тартыў илажлары нәзерде тутылмақта.
Аймақларда мүтәж халық ушын комплексли социаллық ҳәм реабилитация хызметлерин кеңейтиў мақсетинде аймақлық социаллық хызметлер орайларын шөлкемлестириў усыныс етилди. 2026-2027-жылларда 20 усындай орайдың ашылыўы режелестирилген. Оларда тәрбиялаў, қараў, абилитациялаў, реабилитациялаў ҳәм оқытыў бойынша комплексли хызметлер көрсетиледи.
Орайлардың жумысы арқалы майыплығы болған шахслар, өзгелердиң күтимине мүтәж пуқаралар, жалғыз шахслар қамтып алынады. Хызмет көрсетиўдиң күндизги түрлерин раўажландырыў есабынан оларды социаллық мәкемелерге турақлы жайластырыўды қысқартыў мөлшерленбекте.
Соның менен бирге, хызметлерди алыў процесслерин санластырыў, электрон бағдарламаларды енгизиў ҳәм көрсетилип атырған жәрдем сапасының турақлы мониторингин тәмийинлеў нәзерде тутылмақта.
Президентимизге балаларды зорлықтың барлық түрлеринен қорғаў бойынша 2026-2030-жылларға мөлшерленген стратегия ҳаққында да мағлыўмат берилди.
Стратегияның тийкарғы мақсети балалар ушын қәўипсиз ҳәм зорлықтан жырақ орталық жаратыў, қәўип топарындағы балаларды ерте анықлаў, сондай-ақ, зорлықтан жәбир көрген ямаса гүўа болған балаларға комплексли жәрдем көрсетиўден ибарат.
Стратегия шеңберинде балаларға зорлықтың алдын алыў, шаңарақлар ҳәм қәўип топарындағы балалар менен ерте ислесиў, балалар ҳәм олардың шаңарақларына социаллық, психологиялық, билимлендириў ҳәм ҳуқықый хызметлер көрсетиў бойынша тийкарғы бағдарлар белгиленген.
Ҳүжжетте балалар менен ислесиўдиң киши форматлы "ашық" орайларын енгизиў, ҳәр бир бала бойынша индивидуал режелер ислеп шығыў, балалардың билим алыўы ҳәм социаллық интеграциясын тәмийинлеў илажлары нәзерде тутылған.
Балалардың ҳуқықый қорғалыўын күшейтиў мақсетинде процессуал ҳәрекетлерде баланың мәплерин кепиллеў, балалар менен ислейтуғын қәнигелерди арнаўлы таярлаў, балалықты қорғаў мәселелери бойынша уйымлараралық бирге ислесиўди күшейтиў бойынша ўазыйпалар белгиленди.
Буннан тысқары, стратегияда социаллық қорғаўға мүтәж балаларды билимлендириў менен қамтып алыўды кеңейтиў, оларды альтернатив жайластырыў механизмлерин раўажландырыў, кәсипке бағдарлаў ҳәм балаларды социаллық бейимлестириў илажлары нәзерде тутылған.
Шаңарақлар менен ислесиўде балаларға зорлық ислеў қәўпин азайтыў, ата-аналарды қоллап-қуўатлаў, психологиялық ҳәм социаллық жәрдемди шөлкемлестириў бойынша айрықша ўазыйпалар белгиленген.
Балаларды социаллық қорғаў тараўында бирден-бир электрон платформаны қәлиплестириў, сондай-ақ, балаларға болған зорлық жағдайларын есапқа алыў ҳәм мониторинг етиўдиң бирден-бир системасын енгизиў де стратегияның әҳмийетли бағдары етип белгиленген.
Президентимиз жуўапкер уйымларға социаллық қорғаў ҳәм балаларды қорғаў тараўларында белгиленген ўазыйпаларды әмелге асырыўда системалы қатнас жасаўды тәмийинлеў, илажлардың орынланыўын турақлы қадағалаўға алыў бойынша тапсырмалар берди.