Мәмлекетимиз басшысы Ташкент елимиздиң экономикалық, социаллық ҳәм мәдений орайы сыпатындағы орнын және де беккемлегени, яғный пайтахтымыздың экономикалық раўажланыў дәрежеси сезилерли дәрежеде артқанын атап өтти.

Соның менен бирге, қай жерде турмыс сапасы жақсыланып, дәрамат көбейсе, сол жерде "аңсат пул" табыўға умтылатуғын жынайый структуралар күшейип, жынаяттың жаңа усыл ҳәм түрлери, бәринен бурын, мине усындай орынларда пайда болып атырғаны атап өтилди.

Пайтахтта ҳуқық-тәртипти тәмийинлеў системасы жүз берип атырған өзгерислерге үлгере алмай атырғаны атап өтилди. Ташкентте зәрүр ресурс, күш ҳәм қураллар, илимий потенциал бар болса да, аймақларға үлги болмай атырған пайтахтлық ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының жумысы сынға алынды. Соның менен бирге, бир қатар басшылар бундай имканиятларға қарамастан, елеге шекем ески көзқараслар шеңберинен шыға алмай атыр.

Ҳуқықбузарлықлар профилактикасының тийкарғы буўыны мәҳәлле дәрежесиндеги профилактика екени атап өтилди. Бирақ профилактика хызметлериниң жумысы дурыс шөлкемлестирилмегени себепли Ташкент қаласында системалы машқалалар жыйналып қалған.

Мәселен, елимиздеги 208 районның ишинде шаңарақлық зорлық, тонаўшылық ҳәм бийзарылық бойынша Чиланзар биринши, тонаўшылық бойынша Юнусабад биринши орында турады. Өткен жылы ең көп адам өлтириў Яшнобод ҳәм Мирабадта, дене жарақатын жеткериў жағдайлары Алмазарда, тонаўшылық Шайхантаҳурда жүз берген.

Усы мүнәсибет пенен Ташкент қаласы ИИББ баслығы Р.Султонхўжаевқа ҳәм Ташкент қаласы прокуроры ўазыйпасын атқарыўшы А.Урмоновқа сөгис жәрияланып, 6 айлық сынақ мүддети белгиленди.

Ири базарлар ҳәм адамлар көп болатуғын орынларда жәмийетлик қәўипсизликти тәмийинлеўде Миллий гвардия, ишки ислер уйымлары ҳәм айрықша жағдайлар бойынша хызметлердиң өз-ара бирге ислесиўи жетерли дәрежеде емеслиги айрықша атап өтилди.

Ишки ислер министриниң мәлимлеме технологияларына жуўапкер орынбасары системаны санластырыў бойынша сезилерли нәтийжелерге ерисе алмай атырғаны сынға алынды. Сондай-ақ, ишки ислер министрлигиниң кибержынаятшылыққа қарсы гүресиў бөлиминиң жумысы төмен екенлиги көрсетип өтилди.

Президент жуўапкерлердиң нәшебентлик қылмыслары ҳәм шөлкемлескен топарларға қарсы гүресиўде инталылығы жетерли емеслигин сынға алып, нәшебентлик қуралларын анықлаў жумысларын соңғы дәреклер ҳәм қәўендерлерге жеткериў зәрүрлигин атап өтти.

Сырт елге шығып кеткен, ол жерде шөлкемлескен жынайый топарлар дүзип, Өзбекстан пуқараларына қарсы жынаятлар ислеп атырған шахслардың жумысына шек қойыўда кешиктириў жағдайлары да бар екенлиги атап өтилди.

Пайтахтта жасырын экономикаға қарсы гүресиў ҳәм салық ҳәкимшилиги қанаатландырарсыз екени атап өтилди. Қосымша қун салығын жасалма артықша төлеў ҳәм бюджеттен компенсация алыў арқалы нызамсыз қаплаў жағдайлары көбейип атырғаны көрсетип өтилди. Сол себепли Салық комитети баслығының биринши орынбасары М.Мирзаев лаўазымынан азат етилди.

Мәмлекетимиз басшысы "Өзбекнефтгаз" акционерлик жәмийети ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигинде көп миллиард сумлық талан-таражлықлар анықланғанын мәлим етти. Мысал ретинде, агентлик жуўапкерлери базар баҳасы кеминде 250 миллиард сум болған жер участкасын жабық аукционға шығарып, 120 миллиард сумға сатқаны көрсетип өтилди. Усы мүнәсибет пенен агентлик директоры А.Ортиқов лаўазымынан азат етилди.

Мәмлекетлик уйымларда коррупцияға қарсы комплаенс ҳәм ишки қадағалаў системасы енгизилип атырғаны атап өтилди.

Қысқа мүддетте бюджет түсимлери бойынша 53 триллион сумлық нызамбузыўшылық, талан-таражлық ҳәм финанслық кемшиликлер, сыртқы саўда операциялары бойынша 8 миллиард доллардан аслам қарыздарлық сыяқлы оғада қәўетерли жағдайлар анықланды. Коррупциялық схемалар бойынша 4,2 триллион сум зыян анықланып, 1,3 триллион сум өндирилген, 55 шахс қамаққа алынған.

Сондай-ақ, ИИМ системасында мәмлекетлик сатып алыўларда 186 миллиард сум муғдарында бюджет қаржыларының талан-тараж етилгени анықланғаны, министрдиң орынбасары Б.Абдуллаев ҳәм департамент баслығы Р.Турсуновқа жынаят иси қозғатылғаны мәлим етилди.

Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша жуўапкерлердиң жумысын сын көзқарастан қайта көрип шығыў ўақты келгени атап өтилди.

Тараўдағы төрт бағдар - шөлкемлескен жынаятшылық, наркожынаятшылық, кибержынаятшылық ҳәм жасырын экономиканы қатаң қадағалаўға алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бул бағдарларда пүткиллей жаңа система жаратылып, биринши гезекте Ташкент қаласында жолға қойылады. Атап айтқанда, қәўипсиз орталықты қәлиплестириў бойынша "пайтахт үлгиси" енгизилмекте.

Президентимиз жаңа көзқарасларды Чиланзар районы мысалында түсиндирип берди.

Бул жерде жәмийетлик қәўипсизлик күшлери ҳәм қуралларын басқарыў жаңаша шөлкемлестириледи. Патруль-пост хызмети, жол-патруль хызмети, қорғаў ҳәм профилактика хызметлери күни-түни үш сменада ислеўге өтеди. Патруль топарларының хабар келген ўақыттан баслап 5 минут ишинде ўақыя орнына жетип барыў системасы енгизиледи.

Районлық ишки ислер бөлимлери баслықларының 5 орынбасары түнги хызметти тиккелей мәҳәллелерде шөлкемлестиреди. Түнги ўақытта олар басшылық ўәкиллигине ийе болады, еркин қарар қабыл етеди ҳәм нәтийже ушын толық жуўапкер болады.

Ишки ислер уйымлары ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерине түнги хызметтиң ҳәр бир сааты ушын базалық есаплаў муғдарының 5 проценти муғдарында компенсация төленеди.

Алдынғы тәжирийбелер тийкарында адамлар көп жыйналатуғын орынларда дронлар жәрдеминде патруль бақлаўы шөлкемлестириледи.

Сондай-ақ, Чиланзар районы ишки ислер уйымларының хызметкерлери тараў ҳәм аймағына қарамастан, пуқаралардың мүрәжатларын қабыллайтуғыны, көшеде хызметкерге мүрәжат етиў "102"ге хабар бериў менен теңлестирилетуғыны атап өтилди.

Барлық 55 мәҳәлледе профилактика инспекторларының хызмет бөлмелери есиклери оператив мүрәжат етиў ушын байланыс түймелери менен тәмийинленеди, халық мобил байланыс ҳәм планшет арқалы күни-түни инспектор менен байланысыў имканиятына ийе болады.

Мәмлекетимиз басшысы наркожынаятшылыққа қарсы гүресиў мәселесине айрықша тоқтап өтти.

синтетикалық нәшебентлик затлардың 95 проценти интернет арқалы тарқатылып атырғаны, есап-санақлар криптовалюта арқалы әмелге асырылып атырғаны, өзимизде нарколабораториялар ашылып атырғаны көрсетип өтилди. Сондай-ақ, нызамшылықта мәмлекетлик уйымлардың бул тараўдағы миннетлемелери толық белгиленбегенлиги атап өтилди.

Нәшебентлик затлар ҳәм оқ атыў қуралларын қадағалаў агентлигиниң аналитикалық ҳәм халықаралық бирге ислесиў менен шекленип қалған жумысы сынға алынды. Келешекте агентликтиң жуўапкершилиги күшейтиледи: оған тийисли уйымлардың жумысын муўапықластырыў, қадағалаў ҳәм нәтийжелиликти баҳалаў ўәкилликлери бериледи.

Трансшегаралық ҳәм виртуал шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша бир пүтин система жаратыў ўазыйпасы қойылды. Ишки ислер министрлигинде шөлкемлескен жынаятшылыққа қарсы гүресиў бойынша өз алдына хызмет шөлкемлестириледи.

Өткен жылы усланған шөлкемлескен жынайый топарлар қурамында пайтахтта 259 жас ҳәм "қыйын" категориядағы спортшылар болғаны атап өтилип, жағдай оғада қәўетерли екени атап өтилди.

Спортшылардың көшеде тәртипсизлик етиўи, пул ушын жасырын урыс шөлкемлестириў жағдайлары көбейип атырғаны көрсетип өтилди. Бул бағдарда қадағалаўды тәмийинлеў, жаўынгерлик гүрес түрлери менен шуғылланып атырған жасларды кәсип-өнерге оқытыў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў системасын жолға қойыў бойынша тапсырмалар берилди.

Ҳәр қыйлы радикал ҳәм экстремистлик идеялар мәлимлеме технологиялары арқалы жаслардың санасына тәсир көрсетиўге урынып атырғаны, бул машқаланы тек ғана қадаған етиў ҳәм жазалаў менен шешиў мүмкин емес екенлиги атап өтилди.

Келешекте пайтахтымыздың ҳәр бир районында турақлы түрде "қайтыў топарлары"ның жумысы жолға қойылады.

Кибержынаятшылықтың саны артып, түрлери 18 ден 62 ге жеткени атап өтилди. Жеке мағлыўматлардың урланыўы, жасалма интеллект жәрдеминде даўыс ҳәм келбет имитациясы, зыянлы файллардың тарқатылыўы, урланған қаржылардың сырт елге криптовалюта түринде алып шығылыўы айрықша қәўетер оятпақта.

Бундай жынаятларды жедел ашыў ҳәм оларға шек қойыў ушын ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери кибертехнологиялар ҳәм жасалма интеллект қуралларын жетик ийелеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен Ишки ислер министрлигинде кибержынаятшылық бойынша өз алдына департамент шөлкемлестириледи ҳәм оған министр жеке жуўап береди. Әдиллик министрлигинде кибержынаятшылық ҳәм санлы ҳуқық бойынша өз алдына басқарма ашылады.

Кадрлар турақлылығын тәмийинлеў, маман ҳәм пидайы хызметкерлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сол себепли профилактика инспекторларын қоллап-қуўатлаў ҳәм жәмийеттеги абырайын арттырыў бойынша қосымша илажлар жәрияланды. Усы жылдың 1-июльинен баслап пайтахттағы профилактика хызметкерлерине мине усы тараўдағы жумыс стажы ушын 5 миллион сумға шекем айлық үстеме төленеди. 1-февральдан жоқары оқыў орнын тамамлап, ишки ислер уйымлары системасына хызметке киргенлерге юридикалық жоқары оқыў орнында оқыў дәўири стажға қосып есапланады. Аймақлардан келип, пайтахтта ислеп атырған хызметкерлерге ижара компенсациясы айына 1,8 миллион сумнан 3,1 миллион сумға шекем арттырылады. Ишки ислер хызметкерлери ушын қурылып атырған турақ жайлардың 30 проценти тек ғана профилактика инспекторларына ажыратылады.

Халық пенен тиккелей ислесетуғын, жәмийетлик қәўипсизлик ҳәм жынаятшылыққа қарсы гүресиўге жуўапкер ишки ислер уйымларының бөлимлерин жаңа системаға өткериў бойынша пәрман жойбарын киргизиў тапсырылды.

Бул бөлимлер ҳақыйқый хызмет структурасына айланыўы ушын оларға хызмет өтеў, сөйлесиў мәденияты, оператив ҳәрекет етиў, күш ҳәм қурал қолланыўдың бирден-бир стандартлары енгизиледи.

Әдиллик системасын да беккемлеў зәрүрлиги атап өтилди. Биринши басқыш сыпатында Әдиллик министрлиги тәрепинен ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында "ҳуқықый аудит" механизми енгизиледи. "Ҳуқық қорғаў жумысы ҳаққында"ғы нызам жойбары ислеп шығылып, онда әдиллик уйымларының анық орны, жаңа ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери беккемленеди.

Мәмлекетимиз басшысы додаланған басқа бағдарларда да әмелдеги нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерди жетилистириў ҳәм жаңа ҳүжжетлерди қабыл етиў талап етилетуғынын атап өтти.

Үлкен нызамбузыўшылыққа жол қойған жуўапкерлерге жуўапкершилик илажлары белгиленип, нызам үстинлигин тәмийинлеў бойынша ўазыйпалар қойылды.

Мәжилисте ҳуқық қорғаў уйымлары басшыларының есабаты тыңланды.