Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2025-жыл 11-марттағы "Өзбекстан Республикасында шахсқа байланыслы мағлыўматларды қорғаў жумысын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында"ғы ПП-45-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў, миграция ҳәм персонализация тараўында басқарыў системасын жетилистириў, жасалма интеллект имканиятларынан кеңнен пайдаланған ҳалда халыққа жедел ҳәм сапалы хызмет көрсетиў, сондай-ақ, тараўда санластырыў процесслерин избе-из даўам еттириў мақсетинде:

I. Тийкарғы бағдарлар.

1. Төмендегилер миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

а) ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў бөлимлерин оперативлик ҳәм ашық-айдынлық принциплери тийкарында халыққа және де арзан ҳәм сапалы хызмет көрсететуғын "сервис бөлимлери"не басқышпа-басқыш трансформациялаў;

б) миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы республикалық - ўәлаятлық - районлық (қалалық) бөлимлерди шөлкемлестириўди сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў, сондай-ақ, жумыс нәтийжелилигин арттырыў;

в) миграция ҳәм персоналластырыў тараўында көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлерди санластырыў;

г) шахсқа байланыслы мағлыўматлардың дурыслығын ҳәм исенимлилигин тәмийинлеў;

д) тараўға заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын кеңнен енгизиў арқалы әмелдеги мәлимлеме системаларында мәлимлеме қәўипсизлиги ҳәм киберқәўипсизликти тәмийинлеў.

II. Шөлкемлестириў илажлары.

2. Төмендегилер:

а) Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги жанындағы Миграция ҳәм персоналластырыў департаменти (кейинги орынларда - Департамент) ҳаққындағы реже 1-қосымшаға муўапық;

б) Ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы жумысын сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў бойынша "Жол картасы" 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

3. 2026-жыл 1-майдан баслап тәжирийбе тәризинде Ташкент, Самарқанд ҳәм Ферғана ўәлаятлары және Қарақалпақстан Республикасы район (қала) ларының бириндеги ишки ислер уйымларының миграция ҳәм персоналластырыў бөлимлеринде жасалма интеллект технологиялары тийкарында ислеўши, өзине-өзи хызмет көрсетиў имканияты жаратылған "ақыллы" миграция пункти (Smart migration stations) шөлкемлестирилетуғыны белгиленсин. Бунда:

а) дәслепки басқышта "ақыллы" миграция пунктлеринде 3-қосымшада келтирилген мәмлекетлик хызметлер көрсетиледи;

б) Ишки ислер министрлиги тәрепинен өзине-өзи хызмет көрсетиў түрлери кеңейтиледи.

Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) 2027-жыл 1-майға шекем эксперимент нәтийжелеринен келип шығып, республиканың басқа да аймақларында, сондай-ақ, саўда ҳәм кеўилашар орайлары, туристлик зоналарында "ақыллы" миграция пунктлерин шөлкемлестириў бойынша Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

III. Халыққа қолайлықлар жаратыў.

Ишки ислер министрлиги, Санлы технологиялар министрлиги, Салық комитети ҳәм Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлигиниң төмендеги усыныслары мақуллансын:

а) 2026-жыл 1-майдан баслап Департамент ҳәм оның аймақлық басқармаларына Өзбекстанға электрон кириў визасы тийкарында кирип келген сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың электрон визасының әмел етиў мүддетин 30 күнге шекем бир мәрте создырыў ҳуқықын бериў;

б) сырт ел пуқараларына мийнет етиў ҳуқықын тастыйықлаўды рәсмийлестириў ўәкиллигин бериў;

Өзбекстан Республикасы аймағында да Департаментке ҳәм оның аймақлық басқармаларына;

в) аймақлық ишки ислер уйымларының басшыларына сырт ел пуқараларына визалардың әмел етиў мүддетин создырыў, олар оқып атырған мәкемелерде ямаса олар мийнет етип атырған кәрхана ҳәм шөлкемлерде болыў орны бойынша дизимнен өткериў мақсетинде миграция бөлиминиң қурамына шәртнама тийкарында кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң қаржылары есабынан қосымша аттестациядан өткен штат бирликлерин киргизиў ҳуқықын бериў;

г) 2026-жыл 1-сентябрьден баслап студентлерди студентлер турақ жайына жайластырыў бойынша шәртнама дүзиў менен бир ўақытта оларды жасаў орны бойынша дизимге алыўдың композит тәртибин енгизиў;

д) 2026-жыл 1-февральдан баслап физикалық шахсларға идентификация ID-картасын бирлемши рәсмийлестириўде оның чипине киргизилетуғын электрон санлы қолтаңба сертификатын бийпул бериў, сондай-ақ, пуқараны "Электрон ҳүкимет" системасынан пайдаланыўшыларды идентификациялаўдың бирден-бир мәлимлеме системасында автоматикалық түрде бийпул дизимнен өткериў.

IV. Миграция ҳәм персоналластырыў тараўын санластырыў.

6. Департамент төмендеги орайлық мағлыўматлар базаларын қәлиплестириў ҳәм турақлы жаңалап барыў бойынша ўәкилликли уйым есапланады:

физикалық шахслар бойынша:

а) сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы пуқараларының жасаў ҳәм болыў орны бойынша дизимге алынған мәнзили ҳаққындағы мағлыўматлар;

б) идентификация ID -картасының сериясы, номери, берилген орны, берилген сәнеси ҳәм әмел етиў мүддетиниң өтиў сәнеси ҳаққындағы мағлыўматлар;

в) Өзбекстан Республикасы пуқаралығы ҳаққындағы мағлыўматлар;

г) Өзбекстан Республикасы пуқаралары, Өзбекстан Республикасында турақлы жасап атырған шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар;

д) Өзбекстан Республикасына мирәт етилген шет ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ҳаққындағы мағлыўматлар, сондай-ақ, олардың виза мүддетиниң созылыўы ҳаққындағы мағлыўматлар.

Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) 2026-жыл 1-августқа шекем жасалма интеллект технологиялары тийкарында:

а) "Паспорт-виза" автоматластырылған мәлимлеме системасы комплексиниң электрон мәмлекетлик хызметлер көрсетиў, миграция ҳәм персоналластырыў тараўында ҳуқықый онлайн мәсләҳәтлер бериў, жүклемеси аз миграция бөлимлери ҳаққында мағлыўмат алыў имканиятын беретуғын «Passport-visa» мобил қосымшасын ислеп шықсын.

Онда, бул мобил қосымшада көрсетилиўи нәзерде тутылған миграция ҳәм персоналластырыў тараўындағы электрон мәмлекетлик хызметлер дәслепки басқышта Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы арқалы көрсетиледи;

б) сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслардың Өзбекстанда болыў қағыйдаларына әмел етиўин "Қәўипсиз қала" системасы арқалы анықлаў ҳәм мониторинг етиў имканиятын жаратыў;

в) "Паспорт-виза" автоматластырылған мәлимлеме системалары комплексиниң «Face-ID» модули арқалы миграция ҳәм персоналластырыў тараўында басқа шахстың келисимин талап ететуғын мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўде шахсты аралықтан анықлаў ҳәм келисим алыў имканиятын беретуғын «E-Rozilik» платформасын иске қоссын.

8. 2026-жыл 1-сентябрьден баслап Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ҳәм мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы төмендеги мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў имканияты жаратылатуғыны белгиленсин:

а) сырт елде жасап атырған ўатанласларды ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын Өзбекстан Республикасына мирәт етиў;

б) пуқаралығы болмаған шахслардың биометриялық ҳәрекетлениў ҳүжжетлерин рәсмийлестириў ушын арза жибериў;

в) мүлк ийеси ямаса болыў орнында дизимге алынған Өзбекстан Республикасы пуқарасының мүрәжаты тийкарында болыў орнында дизимге алыўды бийкарлаў ҳаққындағы арзаны жибериў.

9. Ишки ислер министрлиги Санлы технологиялар министрлиги менен биргеликте 2026-жылдың ақырына шекем шахсқа байланыслы мағлыўматлардың турақлы жаңаланыўын ҳәм қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәмлекетлик хызметлердиң санын көбейтиў ҳәм бир-бирин тәкирарлайтуғын мағлыўматларды бирлестириў арқалы мәлимлеме ресурсларынан пайдаланыў имканиятын арттырыў мақсетинде Персоналластырыў орайының мағлыўматлар базалары ҳәм программалық тәмийнатларын Ишки ислер министрлигиниң "Паспорт-виза" автоматластырылған мәлимлеме системасы комплекси менен интеграцияласын. Бунда:

а) шахсқа тийисли мағлыўматлар топланатуғын "Бирден-бир санлы миграция" платформасы (Digital migration platform) шөлкемлестириледи;

б) "Паспорт-виза" автоматластырылған мәлимлеме системасының комплексин жетилистириў ҳәм қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Департамент ҳәм оның төменги бөлимлери ушын серверлер, компьютерлер ҳәм басқа да қурылмаларды сатып алыўға байланыслы қәрежетлер Ишки ислер министрлиги ҳәм Персоналластырыў орайының бюджеттен тысқары қаржылары есабынан әмелге асырылады.

V. Қарар орынланыўын шөлкемлестириў, тәмийинлеў ҳәм қадағалаў.

10. Ишки ислер министрлиги (З.Қ.Қурбонов) Департаменттиң барлық мәлимлеме системалары, программалық тәмийнаты ҳәм мағлыўматлар базаларында мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў, мәлимлеме технологиялары ҳәм телекоммуникация инфраструктураларын раўажландырыў ҳәм техникалық қоллап-қуўатлаў илажларын көрсин.

11. Ишки ислер министрлиги (А.А.Ташпулатов) үш ай мүддетте:

а) миграция ҳәм персонализация бөлимлерине сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахсларға Өзбекстанда нызамсыз мийнет еткенлиги ушын ҳәкимшилик шаралар көриў ўәкиллигин бериўди нәзерде тутатуғын нызам жойбарын ислеп шығыў;

б) нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым қарарларына 4-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.

Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы ишки ислер министри А.А.Ташпулатов белгиленсин.

Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы департаментиниң баслығы Д.Б.Кадировқа жүкленсин.

Президент

Ш. МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2026-жыл 19-январь.