"Жаңа Өзбекстан" идеясының тийкарғы мәниси узақ әсирлер даўамында цивилизациялар әткөншегин тербеген кеңпейил өзбек халқының халықаралық майдандағы имиджин және де жоқары дәрежеге көтериўден ибарат. Усы жағынан бул ақылға уғрас сиясат тарийхый жақтан шексиз әҳмийетке ийе. Үзликсиз экономикалық-социаллық ҳәм сиясий реформалар арқалы елимизди ҳәр тәреплеме модернизациялаў жақын өтмишимизде аз бақланған ҳәдийселерден бири болып есапланады. Тек ғана жоқарыда келтирилген бағдарлар шеңберинде емес, ал халқымыздың улыўма дүньяқарасын, сын көзқарасын ҳәм пикир жүргизиў қәбилетин оятыў да узақты гөзлеп жүргизилип атырған мәмлекетлик сиясаттың тийкарғы мақсетлеринен бири болып есапланады.

Усы мақсетте әмелге асырылған жумыслардан Конституция реформасы да буған айқын мысал бола алады. Бас нызамымыздағы өзгерислердиң тийкарында ең жоқары қәдирият - инсан қәдирин және де улығлаў ҳәм оған социаллық-экономикалық қәўипсизлик бере алатуғын жаңаша принциплердиң киргизилиўи халқымыздың келешекке исенимин және де беккемлеўи анық. Инсанды улығлаў, оны ҳәр тәреплеме қорғаў жаңа Өзбекстанның уллы мақсети, Президентимиздиң социаллық мәмлекет қурыў басламасы болса шын мәнисинде сиясий ерк-ықрар болып есапланады.

Жақын тарийхта усындай ақылға уғрас сиясат жолын таңлаған миллет қаҳарманлары жетисип шыққан. Мәселен, Сингапур миллий қаҳарманы Ли Куан Ю. Еки лидерди бирлестирип турыўшы ең тийкарғы қәсийет жаңалықларға болған ықлас ҳәм пуқта ойланған реформалар болып есапланады.

"Реформа" атамасына ҳәр қыйлы қатнас жасаў ҳәм анықлама бериў мүмкин. Бирақ оның тийкарғы мәниси бираз басқаша. Яғный, оны миллетти өзгерислерге, айдын келешекке исендире алыў, деп айтыў мүмкин.

Дүнья үшинши жер жүзилик урыс ямаса ядролық урыс босағасына келип қалған ҳәзирги ўақытта қоңсы туўысқан мәмлекетлер менен суўып кеткен өз-ара қатнасықларды қайта тиклеў басламасы да елимиз тарийхында өшпес из қалдырды. Қалаберди, туўысқан халықлардың әййемги цивилизациялық байланысларын қайта тиклеў де жаңа Өзбекстанның мойнындағы жуўапкершилик болып есапланады.

Цивилизациялар тәбиятына қарай эволюцион жолды басынан кеширеди. Яғный, раўажланыўдың басқышпа-басқыш реформалары арқалы камалға келеди. Елимиздиң әййемги ислам цивилизациясының раўажланыўына қосқан үлеси оғада шексиз. Ана жеримизде жетилисип шыққан уллы ойшылларға мүнәсип әўлад тәрбиялаў арқалы Үшинши Ренессансты қурыў да ақыллы сиясаттың жемиси, мийнеткеш өзбек халқының татлы тәғдири болып есапланады.

Усы сиясат шеңберинде миллетимиздиң қара күнлеринде илим шырағы менен аспанымызды нурландырыўға урынған жаңалық тәрепдарлары - жадид бабаларымыздың пәк естеликлериниң тиклениўи, сондай-ақ, олардың тарийхын және де терең үйрениў арқалы тарийхый сабақ алыў да жаңа Өзбекстан атына тән ҳәм сәйкес болып есапланады. Ҳәр тәреплеме үлги бола алатуғын илимге умтылыўшы ата-бабаларымыз бар екенлигин атап өтиў жасларымызға бүгинги қәўетерли заманда өз орнын табыўда шын мәнисинде маяк ўазыйпасын атқаратуғыны сөзсиз.

Үшинши Ренессансты жадидлердиң пәк естелигин улығламай турып әмелге асырыў логикасыз болар еди. Қалаберди, елимиз халқының демографиялық өсиўи қуўанышлы дәрежеде жоқары екенлигин факт сыпатында келтиретуғын болсақ, инсан капиталы жаңа Өзбекстанның Үшинши Ренессанс қурыў пәрўазындағы беккем қанатлары болып хызмет етиўи анық.

Батыс Қытай ҳәм Япония цивилизациясында бақланып атырған халықтың демографиялық өсиў пәтлери кескин төменлеп атырған ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде бақланып атырған толық унамлы көрсеткишлер де жарқын келешегимизден дәрек сыяқлы.

Цивилизациялық өзгешелик ҳәзирги глобалласқан дүньяда оғада үлкен әҳмийетке ийе. Цивилизациялар аралық қарым-қатнас ҳәм бәсеки тенденциясы шеңберинде жүз берип атырған унамсыз процесслер қанхорлықлардың тийкарғы себеби болып есапланады. Тарийхтан алып қарасақ, уллы муҳаддис Имам Бухарий, араб тилиниң толық грамматикасын жаратқан Маҳмуд аз-Замахшарийден баслап заманагөй алгебра пәнине тийкар салған Хорезмий бабамыздың илимге қосқан үлеси дүнья илиминдеги дүнья жүзлик ойлап табыўлардың дәслепки қәдеми еди. Орайлық Азияда бирден-бир есапланған Ислам цивилизациясы орайының қурылыўы да тарийхый әҳмийетли ўақыя болып есапланады. Бул илажлар, сөзсиз, цивилизациялық өзгешелигимизди сақлап қалыўда айрықша әҳмийетке ийе.

Өткен әсирдиң соңғи он жыллығында америкалы профессор Самуэл Хантингтон "Цивилизациялар соқлығысыўы ҳәм дүнья тәртибиниң қайта тиклениўи" шығармасында цивилизациялардың саны, әҳмийети ҳәм де олардың инсаният раўажланыўының жемиси екенлигин атап өтип, илимий гипотезасын баян етеди. Бурынғы аўқамның қулаўы нәтийжесинде суўық урыс ҳәм еки полюсли дүнья сапластырылды. Дүнья белгили бир мүддет АҚШ гегемонлығында бир полюсли болды. Усындай жагдайда АҚШ жетекшилигиндеги Батыс цивилизациясы алдына жана бәсекилес ойлап табыў зәрүрлиги қойылды.

Хантингтон басқа заманлас теорияшылар киби бул бәсекини табыўға бел байлады. Нәтийжеде "Цивилизациялар соқлығысыўы" шығармасы дүньяға келди. Бул шығарма Освальд Шпенглердиң "Европа қуяшының батыўы" шығармасынан ҳәм де Жозеф Найдың "Жумсақ күшлер" шығармасынан илҳамланып жазылған болып, оған көре Батыс цивилизациясы өз өмириниң ақырғы дәўирин жасап атыр ҳәм набыт болыўға ҳүким етилген. Хантингтон Батысқа потенциал қарсылас сыпатында ислам цивилизациясын қояды. Руўхый тәрептен ислам цивилизациясы, геоэкономикалық ҳәм геосиясий тәрептен қытай цивилизациясы Батыс цивилизациясына итималлы бәсекилес сыпатында көрген Хантингтон буның бир қанша себеплерин келтирип өткен. Яғный, биз ҳәзир көзсиз умтылып атырған Батыс цивилизациясы экономикалық ҳәм әскерий қүдиретте теңи жоқ болыўына қарамай әллеқашан руўхый кризиске ушыраған. "Ислам цивилизациясының тийкарғы қүдирети ондағы қәдириятлар, муқаддес түсиниклердиң өз ҳалында сақланып қалғанлығында", дейди Хантингтон.

Атап айтқанда, шаңарақтың муқаддеслиги, шаңарақ институтының жәмийет раўажланыўындағы ролиниң шексизлиги, бир сөз бенен айтқанда, цивилизациялық өзине тәнликке зыян жетпегенинен, деп атап өтеди. Бул тәреплер ҳәзирги күнде жаңа Өзбекстанда бақланып атырған халықтың демографиялық өсиўиниң жоқарылығына тиккелей байланыслы. Экономикалық жақтан қарама-қарсы тенденцияның Батыс цивилизациясында ямаса Япон цивилизациясында бақланыўының тийкарғы себеби де усында. Парадокс. Усы көз-қарастан пикир жүргизсек, бизде ҳеш бир цивилизацияларда бақланбайтуғын тенденция - инсан капиталының өсип барыўының өзи айдын келешек қурыў тийкарларынан бири болып есапланады.

Соны аңлаған ҳалда, Президентимиз миллеттиң арзыў-нийетлерин билдирген жаңа Өзбекстанда цивилизациялық раўажланыўға итибар берип, Үшинши Ренессансты қурыў зәрүрлигин халқымызға, атап айтқанда, жасларға және бир мәрте еслетти, жоқары исеним билдирди.

Жаңа Өзбекстанның алдына тап тарийхта болғанындай пүткил ислам цивилизациясының раўажланыў ўазыйпасы да жүкленгени сыяқлы. Биз бул ўазыйпаны миллет сыпатында орынлағанбыз ҳәм және бир мәрте орынлаймыз.


Бекдавлат АЛИЕВ,

философия илимлериниң докторы, профессор

Исламбек РАҲМОНБЕРДИЕВ,

таяныш докторанты