Көп жумысларға ықласым болмаған ўақытлары усы кейпиятыма қарама-қарсы тәризде үлкенирек "бир нәрсе" туўралы пикир жүргизгим келетуғын еди, соны да еплеп ойлай алмас едим: қыялларым шашылған, айтарлықтай реже де, мақсет те жоқ еди. Кейин не ушын бир нәрсе туўралы ойланыўым керек екенлигиниң себебин табыўға урындым. Себеби әпиўайы еди - мен усы арқалы жалғызлық липасын шешип, жәмийетлик санаға қосылыўды қәледим, яғный барлық табыслы, исбилермен ҳәм бахытлы инсанлар - жуўапкершиликли пуқаралар сыяқлы күш-ғайратқа, әрманға толып тасыўды, ҳәр таң ҳәлсиз ҳәм режесиз емес, көтериңки руўх пенен ояныўды қәледим, маған булардың ҳәммесин пайда етиўши идея керек болған.

Хош, идея өзи не, қайсы тәрийп оның тийкарғы мазмунын ашып береди, инсан ҳәм миллет тәғдирин бир идея өзгертиўи мүмкин бе? Идея өлшемсиз, материаллық емес субстанция, ол көзимизге көринбейди, формаға ийе емес ҳәм сол ҳалында келешегимиз бағдарын белгилейди. Биз ҳәр күни қарар қабыл етемиз, реже дүземиз, бир нәрсеге ерисиў нийетинде ҳәрекет етемиз - булардың ҳәммеси қандай да бир идеяның саясында қәлиплеседи. Адамзат тарийхындағы ҳәр бир үлкен бурылыс идеядан басланған. Идея - сөзден алдынғы пикир, ҳәрекеттен алдынғы түртки, инсан руўхыйлығының ишки ушқыны.

Әлбетте, ҳәр қандай идея бирдей пайдалы емес. Буған мысал ретинде тарийхта зулымлық идеялары себеп болып өткен қорқынышлы еки жер жүзилик урысты еслеў жеткиликли. Демек, идея тек ҳәрекет емес, ал әдеп-икрамлылық сынағы да болып табылады. Онда қайсы идея адамды жоқарылатады, қайсы бири төменлетеди? Бул сораўлардың жуўабы идеяның нийетинде, дерегинде, кимге хызмет етиўинде.

Идея жасап атырған дәўиримизге тиккелей байланыслы екенин түсинбеўге ҳақымыз жоқ. Әтирапымыздағы барлық нәрсе идея менен тойынған. Шексиз әлем ҳәм ең киши клетка ядросында - орайында идея жатады. Илим-идеяның системаластырылған формасы, философия-идея үстинде пикирлеў зәрүрлиги, дин-идеяны жетик мүтәжлик дәрежесине көтериў имканияты. Усы мәнисте, адамзат мәдениятын идеялар тарийхы, десек асыра айтқан болмаймыз. Ол адамды жалғыз жасаў тилегинен суўырып алады - инсанды жеккеликке емес, жоқарыда айтып өткенимдей, жәмийетлик санаға жетелейди. Онда "мен" емес, "биз" сәўлеленеди. Себеби, ҳақыйқый таза идея ҳеш қашан тек ғана бир адамға хызмет етпейди - ол ақыры пүткил жәмийеттиң турмысын өзгертиўге қәнигелескен.

Идея ҳәм реформа

Идеясыз әмелге асырылған реформалар да, тилекке қарсы, табылады. Бундай өзгерислер оларды әззи, турақсыз ҳәм тәсир мүддети қысқа болған процесслерге айландырған, себеби, идея жоқ болғанда ямаса оның жасалмалығында адамлар тек буйрықты орынлайды, оның мәнисин аңламайды. Улыўма идея бар жәмийетте болса ҳәр бир пуқара өз қатнасыўының баҳасын биледи, қәдирлейди. Ол реформаны жүк емес, имканият деп қабыл етеди. Мине, не ушын мәмлекетимиз басшысы бүгин Өзбекстандағы ҳәр қандай өзгерислер тийкарында терең ҳәм пуқта идеялар болыўы зәрүр екенлигин қайта-қайта атап өтпекте.

Идеяның пухталығы сөзи тек ғана сулыў гәп болғаны ушын ойлап табылған емес, ол әмелий көриниске ийе. Мәселен, бүгин билимлендириў системасындағы реформалар тек сабақлықларды жаңалаў менен шекленбей атыр, муғаллимниң көзқарасын, оқыўшының мақсети, ата-ананың қатнасын да өзгертип атыр. Бул болса идеялық қатнасықсыз имкансыз. Ямаса коррупцияға қарсы гүресиўде тек ғана жазаны күшейтиў емес, ал адамларды ҳадал жасаўға исендиретуғын идеяны қәлиплестирип атырғанымызды да мысал етип келтириў мүмкин.

Идеялық пуқта реформалар қашан нәтийжели болады? Қашан халықтың мүтәжлигинен туўылғанда, талап ҳәм усынысларды есапқа алғанда, тарийхый тамырларға сүйенип, заманагөй көзқараслар менен үйлескенде. Ҳәзирги күнлерде биз қәлеген, биз умтылып атырған ҳәм әмелге асырып атырған ҳәрекетлер жыйындысы усы үйлесимлиликке тийкарланған емес пе? Бүгин бир ўақыттың өзинде ҳәм миллий, ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға сай реформалар жүз берип атырғанын, қәлеймиз бе, жоқ па, бийкарлай алмаймыз.

Бийкарлай алмаймыз, дегенимниң себеби - реформалар үлкен-киши қарсылықларға ушырасыўы тәбийий. Айырымлар ушын өзгерис - раўажланыў, басқалар ушын болса гезектеги қолайсызлық. Себеби ҳәр қандай жаңалық инсаннан итибар, исеним, қабыл етиў ҳәм өзгериске таярлықты талап етеди. Өзин өзгертиўге де таяр болмаған адам, әлбетте, реформаны бийкарлайды. Бул бийкарлаў жағдайы болса көбинесе терең аңланбаған ашыў, ишки наразылық ҳәм тийкарсыз айыплаўлар арқалы көринеди.

Реформаларға бийпәрўалық тек ғана "деактив" жағдай емес, ал жәмийетке, өз турмысына салыстырғанда немқурайдылық, деп ойлайман. Бундай жағдайда инсан жаңаланыўларды бақламайды, ең жаманы, олардың пайдасын тән алмайды. Өзгерип атырған орталық ишинде қалып қойған турғынлық адамы барған сайын өзин шетке ылақтырып таслағандай сезе баслайды. Ал ҳақыйқатында болса жәмийет өзгерген, тек ғана ол сол-сол болып қалған. Өзин жаңалай алмаған адам бара-бара жаңалықты жаманлық сыпатында көре баслайды. Өзиниң жалқаўлығын басқаларға жүклейди. Усы тәризде реформаларды әмелге асырып атырған ҳәрекетлерди "жалған", "нәтийжесиз", "халықшыл емес" деп атайды, бирақ ҳеш қашан өзи олардың не екенин түсиниўге урынып көрмейди. Бундай адамлар көбинесе өз қылмысларының өшин басқалар төлеўге мәжбүр екенин айтып өкпелейди. Өзи жумыс таба алмаған - демек, система айыплы. Өзи оқымаған - билим сапасыз. Өзи ҳадал ислеўге умтылмаған - әдиллик жоқ. Бул наразылық, тек ғана ерксизликтиң бир көриниси. Ҳәр бир жаңаланыўда инсан қатнаспаса, оны түсинбесе ҳәм оған бейимлеспесе, ол өзин жәмийеттен саналы түрде ажыратқан болады. Бул ажырасыў болса ашынарлы болатуғыны анық.

Аўылымызда жалқаў, бирақ жүдә сум адам бар еди. Арзымаған пулға адамлардың малларын бағып жүреди, қолына азырақ пул түссе шайханаға жуўырып, тапқанын шашып, ярым ақшамда мәс болып еки дүньядан наразы болып тоңқылдап отыратуғын еди. Ол өзиниң сорлы, бахытсыз екенлигин айтыўдан жалықпайтуғын еди, адамлардың оған аянышлы қарасы жалған жубаныш беретуғын еди, себеби ол ҳәр қандай итибарға мүтәж еди. Усы жөнсиз налыўлар, бақырыспалар, өсеклер арқалы ишиндеги бослықты толтырыўға урынды, нәтийжеде сол бослыққа өзи қулады. Оның жалғыз улы болса тамырын жоғалтқан индивидке айланып қалды.

Тамырын жоғалтқан индивид

Тамырын жоғалтқан индивид өзиниң қайдан келгенин, не ушын жасап атырғанын, неге умтылып атырғанын да билмейди. Ол еркинлик деп өзине жат мәдениятты қушақлайды. Раўажланыў деп ҳасылынан ўаз кешеди. Ақыбетинде ол өзге дүнья ушын да жат, өз елинде болса суўық, бийпәрўа адамға айланады. Бундай индивид жәмийетте жасай береди, бирақ оған сиңбейди. Өз тамырын жоғалтқан адам тәсирге, манипуляцияға ашық болады. Себеби онда таяныш ноқаты жоқ.

Гейде алға жүриў ушын артқа қәдем таслаўға туўра келеди - инсан тамырынан қуўат алады. Тамырын аңлаған индивид өз дәўириниң жетекшисине айланады. Қаяқтан келгенин билмеген адам болса қайда баратуғынын да билмейди. Сол себепли ҳәр бир пуқара жаңаланыўды таллаўы, оны аңлаўға ҳәрекет етиўи керек. Дурыс, барлық реформалар да толық ислеп шығылмайды, бирақ ҳәрекет бар жерде өмир бар, раўажланыў бар. Ҳәрекетти бийкарлаў өмирдиң өзин бийкарлаў деген сөз. Соның ушын бийпәрўалық иллетин жоқ етиў ҳәм өзин өзгертиў пуқаралық жағдайының биринши жуўапкершилиги есапланады.

Кәмиллик күтилмейди, ол жаратылады

Ақыры, бир көз алдыңызға келтириң, ҳәр бир пуқара ҳадаллық вакцинасы менен шаншылса, мийнетти жақсы пазыйлет деп билсе, нызамды терең түсинсе, дурыс талқылай алса, финанслық, сиясий, экономикалық саўатлы болса, қандай әжайып жәмийет қәлиплеседи!

Бириншиден, тәртип орнатылады. "Бақлаў" деген түсиник екинши дәрежеге түседи. Жәмийет өзин-өзи бақлай баслайды. Ишки мәденият, социаллық жуўапкершилик әдеп-икрамлылық дәрежесине көтериледи.

Екиншиден, пуқарасы ояў мәмлекетте раўажланыў тәбийий ағымға айланады. Ҳадаллық исенимди беккемлейди. Исенимли болған жәмийеттиң халықаралық шериклери күшейеди. Бирге ислесиў болған жерде болса өсиў сөзсиз.

Үшиншиден, әдиллик беккемленеди. Ҳәмме әдил болса, система тек әдилликке сүйенеди. Адамлар нызамлы жол менен машқаланы шешиўди үйренеди. Дәслеп өз турмысында, кейин шаңарағында, кейин жәмийетте. Бул болса суд системасын да, сиясий мәдениятты да жоқарылатады.

Төртиншиден, мәнаўият тикленеди. Себеби ҳадаллық тек ғана юридикалық түсиник емес, бул - әдеп-икрамлылық пазыйлет. Мийнет - экономика дөңгелегин айландырыўшы кишкене винт, дурыс, бирақ өмирге болған реал мүнәсибет те мийнеткешлик болып табылады. Финанслық саўатлылық статистика ҳәм санлардан ибарат болғаны менен ол өзине тән ерк-ықрар мәденияты болып есапланады. Булардың барлығы инсанның ишки дүньясын қайта қурады. Бундай жәмийет болса күтилмейди, жаратылады.

Идея ҳәм реформа - санадағы революция. Бул өзгеристи үйрениў мәденияты. Бул "мен"нен басланатуғын "биз" ҳәрекети. Солай екен, өзиңизге сораў бериң: Реформалар мен ушын не? Соңғы бир ай, еки жыл, сегиз жылда дүньяға көзқарасым қаншелли өзгерди? Өзгерислер, идеялар меннен айланып өтип атыр ма ямаса керисинше, мен олардың ишине кирип атырман ба? Бунда толық жуўап табыў әҳмийетли емес, әҳмийетлиси, усы сораўларды жойтып алмасаңыз болды.

Азиз БАХТИЁР,

журналист