Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген ветеранлар саны мәлим етилди

    2 мамыр 2025 1954

    Бүгинги күнде Өзбекстанда Екинши жер жүзилик урыс қатнасыўшылары ҳәм оларға теңлестирилген ветеранлардың саны 82 ни қурайды.

    Бул ҳаққында "Жаңа әўладқа естелик хаты" сүрени астында жуўырыў марафоны өткерилиўи бойынша болып өткен баспасөз конференциясында мәлим етилди.

    Атап өтилиўинше, бүгинги күнде олардың ең жасы үлкени 114 жасты қарсы алған.

    Мағлыўмат ушын, Өзбекстан урыста ерисилген жеңиске салмақлы үлес қосқан. Сол дәўирде республика халқы 6,5 млн адам болған болса, соннан 1 млн 951 мыңнан аслам адам фронтқа жиберилген. Олардың 538 мыңы саўашта қайтыс болған.

    Мәмлекет аймағында 280 жаңа кәрхана қурылған, әскерий өнимлер ислеп шығарыў жолға қойылған. Буннан тысқары, Өзбекстан 1,5 миллионнан аслам эвакуацияланғанларды, соның ишинде, 250 мың жетим баланы қушағына алған.