Министрлер Кабинетиниң 2025-жыл 29-июльдеги тийисли қарары менен "Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы дем алыў орынларына дем алыўшыларды қабыл етиў тәртиби ҳаққында"ғы Реже тастыйықланды.
Оған бола, министрлик системасындағы дем алыў орынларына министрлик системасы хызметкерлери, соның ишинде, педагог кадрлар ҳәм мәмлекетлик улыўма орта билимлендириў шөлкемлериниң (7-14 жас) қәбилетли оқыўшыларын қабыл етиў тәртиби белгиленди.
Дем алыў орынларында:
министрлик системасы хызметкерлери ҳәмде алдынғы педагоглар ушын - сентябрь-май айларында;
қәбилетли оқыўшылар ушын - июнь-август айларында 12 күнлик дем алыс күнлери белгиленеди.
Жолламалар таңлап алыў критериялары тийкарында бөлистириледи ҳәм ең жоқары нәтийжелерге ерискен министрлик системасы хызметкерлери, педагог кадрлар ҳәм қәбилетли оқыўшыларға избе-излик тийкарында бийпул жоллама бериледи.
Орынларда дем алыўшы алдынғы педагоглар төмендеги нормалар тийкарында таңлап алынады:
халықаралық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған оқытыўшылар;
оқытыўшы болып жумыс алып барып атырған халықаралық олимпиадалар жеңимпазлары;
шет тили ҳәм STEAM пәнлеринен қәнигелиги бойынша халықаралық сертификатларға ийе оқытыўшылар (TESOL Level 5, SEFR B2, IELTS 6 ҳәм оннан жоқары, сондай-ақ, министрлик тәрепинен белгиленетуғын басқа да сертификатлар);
тийкарғы олимпиадалардың республикалық басқышы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер;
республикалық басқыштағы таңлаўларда ҳүрметли орынларға ийе болған оқытыўшылар;
жоқары ҳәм биринши маманлық категориясына ийе баслаўыш класс муғаллимлери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагоглары;
тийкарғы олимпиадалардың ўәлаят басқышы жеңимпазларын таярлаған оқытыўшылар.
Мәкемелерде дем алыўшы қәбилетли оқыўшылар (7-14 жас) төмендеги критериялар тийкарында таңлап алынады:
тийкарғы олимпиаданың үшинши ҳәм төртинши басқышларында пәнлер кесиминде 1-, 2-, 3-орынларды ийелеген оқыўшылар;
регионаллық халықаралық олимпиадалар жеңимпазлары;
абырайлы халықаралық олимпиадаларда қатнасқан оқыўшылар;
халықаралық таңлаў, фестиваль ҳәм жарыс жеңимпазлары;
республикалық дәрежедеги шөлкемлер тәрепинен шөлкемлестирилген түрли таңлаўлар ҳәм жарыслардың республикалық басқышы жеңимпазлары.
Дем алыў орынларында:
руўхый-ағартыўшылық, кеўил ашар, саламатландырыў, спорт, оқыў ҳәм илимий-изертлеў бағдарларында;
қәбилетли оқыўшылардың туризм, спорт, техника, китапқумарлық, мәденият ҳәм көркем өнер бағдарларындағы қәбилетлерин раўажландырыў мақсетинде ҳәр қыйлы илажлар шөлкемлестириледи.





