Биринши мәрте майыплығы болған жаслар арасында "Имканиятлар олимпиадасы" кәсиплер жарысы өткериледи

    21 сәуір 2025 1135

    "Имканиятлар олимпиадасы" 2025-жыл 21-апрельден 1-майға шекем Ташкент қаласында өткериледи.

    Атап өтилиўинше, "Имканиятлар олимпиадасы"н шөлкемлестириўден мақсет - майыплығы болған шахсларды өз потенциалын жүзеге шығарыўын қоллап-қуўатлаў, кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў, социалластырыў, өзине болған исенимин арттырыў ҳәм мийнет базарында олардың орнын беккемлеўден ибарат.

    Усы жылы "Имканиятлар олимпиадасы" қатнасыўшылары 10 кәсип бойынша өз-ара беллеседи.

    • фотография;
    • АКТ (мәлимлеме коммуникация технологиялары);
    • мобилография;
    • сүўретшилик;
    • кестешилик;
    • гүлалшылық;
    • кондитерлик;
    • торнаханашылық;
    • агаш усташылық;
    • қурғақ қурылыс жумыслары.

    Таңлаўда қатнасыў тилегинде 389 майыплығы болған шахс арнаўлы платформада дизимнен өткен.

    Жуўмақлаўшы басқыш ҳәм сыйлықлаў мәресими 1-2-май күнлери "Ўзэкспомарказ"да өткерилетуғын "Инсан ушын" республикалық ярмаркасы шеңберинде болып өтеди.


    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates