Атап өтилиўинше, "Имканиятлар олимпиадасы"н шөлкемлестириўден мақсет - майыплығы болған шахсларды өз потенциалын жүзеге шығарыўын қоллап-қуўатлаў, кәсиплик көнликпелерин раўажландырыў, социалластырыў, өзине болған исенимин арттырыў ҳәм мийнет базарында олардың орнын беккемлеўден ибарат.

Усы жылы "Имканиятлар олимпиадасы" қатнасыўшылары 10 кәсип бойынша өз-ара беллеседи.

  • фотография;
  • АКТ (мәлимлеме коммуникация технологиялары);
  • мобилография;
  • сүўретшилик;
  • кестешилик;
  • гүлалшылық;
  • кондитерлик;
  • торнаханашылық;
  • агаш усташылық;
  • қурғақ қурылыс жумыслары.

Таңлаўда қатнасыў тилегинде 389 майыплығы болған шахс арнаўлы платформада дизимнен өткен.

Жуўмақлаўшы басқыш ҳәм сыйлықлаў мәресими 1-2-май күнлери "Ўзэкспомарказ"да өткерилетуғын "Инсан ушын" республикалық ярмаркасы шеңберинде болып өтеди.