Инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи

    Жиззақ ўәлаятындағы 1-санлы политехникум және Ташкент ўәлаятындағы Аҳангаран қалалық политехникум жанында инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи.

    Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Электротехника санаатын раўажландырыўды жаңа басқышқа алып шығыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында"ғы қарарында белгиленген.

    Қарарға муўапық, жоқары технологиялы өндиристи енгизген электротехника санааты кәрханаларына жоқары технологиялы өндирис объекти пайдаланыўға қабыл етилген сәнеден баслап 3 жыл мүддетке төмендеги салық жеңилликлери бериледи:

    пайда салығының ноль дәрежели ставкасын қолланыў;

    мүлкке салынатуғын салықты төлеўден азат етиў.

    Электротехника тараўында инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ушын электротехника санааты кәрханалары тәрепинен ғалабалық саўдалар арқалы сатып алынатуғын мәмлекетлик ҳәм мәмлекет қатнасыўындағы кәрханалардың көшпес мүлк объектлери бойынша төлемлерди 10 жылға шекемги мүддетте бөлип-бөлип төлеўге келисим бериледи.

    Жиззақ ўәлаятындағы 1-санлы политехникум және Ташкент ўәлаятындағы Аҳангаран қалалық политехникум жанында инженерлик мектеплери шөлкемлестириледи.

    2025-2027-жылларда "Өзэлтехсанаат" ассоциациясы қурамындағы кәрханалардың жергиликли капитал базарында қысқа (1-жылға шекем) ҳәм орта (5-жылға шекем) мүддетли облигацияларын жайластырыў ҳәм халықаралық капитал базарларында 2 тармақ кәрханасының евро облигацияларын шығарыў есабынан ресурс тартыўға рухсат бериледи.

    Электротехника өнимлери экспортын буннан былай да жеделлестириў ушын жаңа “Eltechexport” қаржыландырыў линиясы енгизиледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates