Илим-мәрипатқа умтылыў халқымыз тәбиятына тән ең жоқары пазыйлетлерден бири. Әсирлер даўамында бул жер дүньяға уллы ойшыллар, мәмлекетлик ғайраткерлер ҳәм ағартыўшыларды жеткерип берип, илимди раўажланыўдың бас факторы сыпатында улығлап келген. Ата-бабаларымыз илимди тек ғана жеке жетилисиў емес, ал мәмлекетшиликти беккемлеў қуралы сыпатында да қәдирлеген. Бүгин ҳәр бир мәмлекеттиң күш-қүдирети, бәринен бурын, интеллектуаллық потенциалы менен белгиленеди. Билимлендириўге инвестиция киргизген жәмийет узақ мүддетли турақлы өсиўге ерискенлигин раўажланған мәмлекетлердиң тәжирийбеси көрсетпекте. Усы мәниде Өзбекстанда соңғы жыллары билимлендириў системасының барлық буўынларын қамтып алған кең көлемли реформалар болып өтпекте. Мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыў кеңейди, жаңа заманагөй мектеплер қурылды, мәмлекетлик емес билимлендириў мәкемелериниң саны артты. Жоқары билимлендириўге қабыллаў квоталары бир неше есеге көбейтилгени жаслар ушын жаңа имканиятлар есигин ашты. Сонлықтан, Президентимиз тәлим-тәрбия мәселесин турмыс дәрежесиндеги тийкарғы ўазыйпа сыпатында атап келмекте. Атап айтқанда, Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатта да кәсиплерди раўажландырыў, жаңа мийнет базары архитектурасын жаратыў, жасалма интеллект ҳәм космослық изертлеўлерди кеңейтиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. 2028-жылы Самарқанд қаласында Халықаралық астронавтика конгрессин өткериў режелестирилип атырғаны, сондай-ақ, ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында биринши мәрте миллий космонавтты космосқа ушырыў бойынша жумыслардың басланғаны мәмлекетимиздиң илимий потенциалы жаңа басқышқа көтерилип атырғанынан дәрек береди.
Кейинги жыллардағы нәтийжелер бул итибардың нәтийжелилигин көрсетпекте. 2025-жылы өзбекстанлы оқыўшылар 29 халықаралық олимпиадада қатнасып, жәми 210 медалды қолға киргизди, соннан 26 сы ең абырайлы пән олимпиадаларына туўра келеди. Жеңимпаз оқыўшылар ҳәм олардың устазларын хошаметлеў көлеми де сезилерли дәрежеде артты: 2019-жылдағы 780 миллион сум орнына быйылғы жылы 12 миллиард 424 миллион сум ажыратылды.
Жоқары билимлендириў системасында әҳмийетли өзгерислер бақланбақта. “QS World University Rankings — 2026” рейтингине Өзбекстанның 7 жоқары оқыў орны киргени, олардан бесеўи биринши мәрте дизимге алынғаны әҳмийетли ўақыя болды. Сондай-ақ, “Times Higher Educationning Impact Ranking” рейтингинде мәмлекетимиздиң 59 жоқары оқыў орны қатнасып, 12 си ең жақсы мыңлықтан орын алды. Бул жағдай миллий жоқары билимлендириў системасы халықаралық нормалар тийкарында тән алынып атырғанын көрсетеди.
Билимлендириў мәселеси мәмлекет қәўипсизлиги менен де тиккелей байланыслы екени атап өтилмекте. Заманагөй шараятта жеңистиң гилти физикалық күш емес, ал интеллектуаллық үстинлик, санлы компетенция ҳәм илимий потенциал болып табылады. Жасларды "Бир миллион программист" ҳәм "Бес миллион жасалма интеллект жетекшиси" бағдарламалары шеңберинде оқытыў басламасы киберқәўипсизлик ҳәм технологиялық бәсеки шараятында стратегиялық әҳмийетке ийе. Китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў, әскерий бөлимлерди көркем әдебиятлар менен тәмийинлеў де руўхый жетикликти арттырыўға хызмет етеди.
Соның менен бирге, жынаятшылық, нәшебентлик, радикал идеялар ҳәм кибер қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиўде билимлендириў ең нәтийжели қурал сыпатында көринбекте. Билимли, кәсип-өнерли жас радикал идеялар, нәшебентлик ямаса "аңсат пул табыў" умтылысындағы қәўипли жолларға аз бериледи, себеби билим оларға сын көзқарастан пикирлеў ҳәм саналы қарар қабыл етиў имканиятын береди.
Усы жылдың 24-февраль күни Президентимиздиң жаслар менен өткерген кең көлемли сөйлесиўи де мине усы идеяның әмелий көриниси болды. Онда жаслардың шет тиллерин үйрениўи, заманагөй кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, өз стартап ҳәм инновациялық жойбарларын әмелге асырыўы ушын барлық басшылар жеке жуўапкер екени қатаң атап өтилди. Енди билимлендириў мәкемелериниң жумысы жаслардың реал турмыслық талаплары - мийнет базарында бәсекиге шыдамлылық, инновациялық пикирлеў ҳәм экономикалық еркинлик нормалары тийкарында баҳаланады.
Президентимиздиң атап өткениндей, жаслар тәрепинен жаратылған 63 стартап жойбардың раўажланған мәмлекетлер базарына кирип барғаны билимлендириўдиң әмелий нәтийже берип атырғанын көрсетеди. Бүгин жасларымыз дүньяның ең абырайлы жоқары оқыў орынларында билим алмақта. Соның ишинде, Гарвард, Йель, Корнелл сыяқлы жетекши билимлендириў орынларында оқып атырған жасларымыздың саны 500 ден асты. Дүньяның ең жақсы мыңлықтағы жоқары оқыў орынларында билим алып атырған ул-қызларымыз болса 3,5 мыңнан асламды қурамақта. Бул көрсеткишлер Өзбекстан жаслары глобал билимлендириў майданында мүнәсип орын ийелеп атырғанынан дәрек береди. Президентимиздиң атап өткениндей, Өзбекстанның Жаслар раўажланыўы глобал индексинде ең тез пәтлерде раўажланып атырған мәмлекет сыпатында тән алыныўы бәршемизге мақтаныш бағышлайды. Бул тән алыў жаслар сиясаты избе-из ҳәм системалы түрде әмелге асырылып атырғанының халықаралық көлемдеги тастыйығы болып есапланады.
Кейинги жылларда жасларды шет тиллерин толық ийелеўге хошаметлеў бойынша кең көлемли илажлар әмелге асырылды. Шет тили сертификатын алған жасларға имтихан ҳәм оқыў қәрежетлерин қаплаў жолға қойылғаны нәтийжесинде сертификатқа ийе жаслардың саны 600 мыңнан асты. Соның менен бирге, шет тиллерин жетик билетуғын 72 мың инструктор таярланды. Жеке меншик оқыў орайларына имаратын ижараға берген исбилерменлер ижараға алынатуғын дәрамат ҳәм пайда салығынан азат етилиўи орайлардың және де жедел ислеўине үлкен түртки болды. Бул орайлардың оқытыўшылары алдынғы халықаралық билимлендириў орайларында стажировкаға жиберилип, кәсиплик потенциалы және де арттырылмақта. "Көмек" бағдарламасы шеңберинде алыс ҳәм шетки аймақларда шет тилин үйрететуғын 120 дан аслам жаңа оқыў орайы ашылды. Бул орайлар ушын 130 миллион сумға шекем процентсциз ссуда ажыратылған болып, бул жас исбилерменлердиң бизнесин раўажландырыў ҳәм нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етпекте.
Усы жылы Ташкент қаласында Жәҳән жасларының тынышлық жолындағы ҳәрекети бас резиденциясын шөлкемлестириў режелестирилгени, Самарқанд қаласының Жаслар парламенти ағзаларының 12-глобал конференциясы, “Take Off” халықаралық стартап саммити ҳәм 46-жәҳән шахмат олимпиадасына басшылық етиўи Өзбекстан жасларының халықаралық майдандағы абырайы артып атырғанынан дәрек береди. Бул илажлар тек ғана мәмлекетимиздиң абырайын арттырып қоймастан, ал жаслар ушын глобаллық тәжирийбе ҳәм бирге ислесиў есиклерин де ашады.
Президентимиз тәрепинен жаслар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў мақсетинде қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны жәрияланыўы қысқа мүддетли баслама емес, ал узақ келешекке мөлшерленген стратегиялық сиясаттың әмелий көриниси болып есапланады. Бул қаржы жүз мыңлаған жаслардың экономикалық белсендилигин арттырыў, рәсмий емес бәнтликти азайтыў ҳәм жаңа жумыс орынларын жаратыў ушын беккем финанслық тийкар жаратады. Өзин-өзи бәнт еткен жаслар ушын кредит муғдарының 100 миллион сумнан 300 миллион сумға шекем арттырылыўы олардың киши басламалардан турақлы бизнес басқышына өтиўин хошаметлейди. Сондай-ақ, ҳәр жылы "Жас исбилерменлер" таңлаўы өткерилип, ең жақсы 100 жойбарды брендке айландырыў мақсетинде "Жаслар венчур" қорынан 1 миллиард сумға шекем қаржы ажыратылады. Бул механизм жаслардың басламасын хошаметлеў, инновациялық жойбарларды раўажландырыў ҳәм экономикалық жақтан еркин кадрлар таярлаўға хызмет етеди. Банклер тәрепинен шөлкемлестирилген консалтинг компаниялары арқалы усы жылы 50 мың жас исбилерменге бизнес реже таярлаўда жәрдем берилип, олардың қәрежетлери қапланады. Ири саўда тармақларының ўәкиллери ҳәм маман қәнигелер тартылып, кеминде 20 мың жас исбилерменликке оқытылады, бул болса әмелий тәжирийбе арттырыў ҳәм базарда бәсекиге шыдамлы өним жаратыўға имканият береди.
Өзбекстанда кейинги жылларда волонтёрлықтың ҳуқықый тийкарларының жаратылыўы, Волонтёрлар мектеби және жоқары билимлендириў мәкемелеринде арнаўлы орайлардың шөлкемлестирилиўи нәтийжесинде бул бағдардағы жаслардың саны 5 есеге артты. Экология, медициналық хызмет, билимлендириў, айрықша жағдайларда жәрдем бериў сыяқлы бағдарларда жумыс алып барып атырған волонтёрлардың саны 100 мыңнан асламды қурайды. Бул жаслардың жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ҳәм социаллық жуўапкершилиги артып баратырғанының айқын көриниси болып есапланады. Усындай интакер жасларды қоллап-қуўатлаў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары және белсенди кеўиллилерден ибарат Волонтёрлық ҳәрекетин раўажландырыў бойынша Қәўендерлик кеңесин шөлкемлестириў усыныс етилди. Сондай-ақ, Жаслар ислери агентлиги жанында Волонтёрлықты қоллап-қуўатлаў қоры шөлкемлестирилип, ҳәр жылы мәмлекетлик бюджеттен 20 миллиард сум ажыратылатуғыны белгиленди.
Буннан тысқары, ўәлаят ҳәкимлери тәрепинен жергиликли бюджеттен 3 миллиард сумнан қаратылады. Бул қаржылар есабынан жаслардың волонтёрлық жойбарларына 100 миллион сумға шекем грант ажыратылады. Ықтыярлы жасларға "социаллық белсендилик картасы" ашылып, экология, социаллық қорғаў, медицина, билимлендириў ҳәм жәмийетлик қәўипсизлик бағдарларындағы қатнасына қарап балл берилип барылады. Бул система волонтёрлық жумысын хошаметлеў ҳәм системалы қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Мәлимлеме ҳүжимлери күшейген бүгинги дәўирде жаслар арасында китапқумарлықты кеңнен үгит-нәсиятлаў да әҳмийетли ўазыйпаға айланды. Усы мақсетте Китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў қоры шөлкемлестирилип, ең талантлы жазыўшыларға дөретиўшилик буйыртпа бериў ҳәм бир жыл даўамында айына 20 миллион сумнан ҳақы төлеў системасы енгизиледи. Ең сайланды шет ел әдебиятларын өзбек тилине, миллий шығармаларды болса шет тиллерге аўдарыў ҳәм басып шығарыў қәрежетиниң ярымы қапланады. Жаңа оқыў жылына шекем ең жақсы 100 шығармадан ибарат китаплар топламын таярлап, барлық мектеп ҳәм техникумларға жеткериў ўазыйпасы қойылды. Мектеплердеги ең белсенди китапқумар оқыўшыларға 10 миллион сумнан сыйлық бериледи. Сондай-ақ, китапхана, “book cafe” ҳәм китап дүканларын ашып, саўда көлемин айына 10 мың данадан асырған исбилерменлерге үш жыл мүддетке 1 миллиард сумға шекем 7 процентлик ссуда ажыратыў механизми жолға қойылады.
Сондай-ақ, техникумлардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў мәселеси тийкарғы ўазыйпалардан бири етип белгиленди. Ҳәр жылы кеминде 100 техникумды толық оңлаў, оларды заманагөй технологиялар ҳәм талап жоқары болған кәсиплерге сәйкес үскенелер менен тәмийинлеў режелестирилген. Бул болса оқыўшылардың заманагөй өндирис процесслерине сәйкес билим ҳәм көнликпелерди иелеўине хызмет етеди. Енди ҳәр айда техникумларда "Кәсиплик раўажланыў күни" ҳәм мийнет ярмаркалары шөлкемлестириледи. Бул илажлар арқалы оқыўшылар жумыс бериўшилер менен тиккелей сөйлесиў, бос жумыс орынлары менен танысыў ҳәм әмелият өтеў имканиятына ийе болады. Усы жылдан баслап техникум оқыўшылары ушын да "Жумыс исле ҳәм саяхат қыл (Work and travel)" бағдарламасы жолға қойылады. Бул бағдарлама тийкарында олар алты ай даўамында сырт елде ислеп, халықаралық тәжирийбе арттырыў ҳәм қосымша дәрамат табыў имканиятына ийе болады. Бағдарлама қатнасыўшыларына жол ҳақы қәрежетлери ушын ссуда ажыратылыўы болса жаслардың бул имканияттан кеңнен пайдаланыўына хызмет етеди.
Президентимиздиң атап өткениндей, "Елимиздеги 22 миллионнан аслам жасларымыз тымсалында биз жүдә үлкен экономикалық, социаллық ҳәм сиясий күшти көремиз". Сонлықтан, ҳәр бир министр, ҳәким, жоқары оқыў орны ректоры, техникум ҳәм мектеп директоры өз аймағындағы жаслардың тил үйрениўи, кәсип-өнер ийелеўи, спорт пенен шуғылланыўы, стартап ҳәм жойбарларын әмелге асырыўы ушын жеке жуўапкер екенлиги айрықша атап өтилди. Енди тийкарғы мақсет ҳеш бир жасты итибардан шетте қалдырмаў, оларды билимли, кәсип-өнерли, жумыслы ҳәм дәраматлы етип тәрбиялаў болып табылады. Жаслар потенциалы жаңа Өзбекстан раўажланыўының ең үлкен күши болып есапланады.
Улыўма алғанда, бүгинги реформалардың орайында жаслар ҳәм билимлендириў турыпты. Билимлендириў, бәнтлик ҳәм исбилерменлик тараўындағы бул илажлар жасларды қоллап-қуўатлаўдың үзликсиз ҳәм комплексли системасын қәлиплестирмекте. Бул сиясат жасларды келешек ийеси сыпатында емес, ал бүгинги раўажланыўдың белсенди қатнасыўшысы сыпатында көриўге тийкарланған.
Баҳром АБДУЛЛАЕВ,
Олий Мажлис Сенатының Илим, билимлендириў ҳәм
денсаўлықты сақлаў мәселелери комитетиниң баслығы