Бүгин еки тәреплеме байланыслар раўажланып, өз тарийхындағы ең жақсы дәўирди басынан өткермекте. Ташкент ҳәм Душанбе бурын жыйналып қалған мәселелерди табыслы шешип, бирге ислесиўдиң сапа жағынан жаңа басқышына өтиў ушын беккем тийкар жаратты. Егер бурын бирге ислесиў тийкарынан эпизодик характерге ийе болып, көп жағынан конъюнктура факторларына байланыслы болған болса, бүгинги күнде ол системалы, көп дәрежели ҳәм стратегиялық түрге енбекте.
Бул процессте еки мәмлекет басшыларының избе-из ҳәм узақты гөзлеп жүргизип атырған сиясаты тийкарғы роль атқарды. Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмон арасындағы турақлы ҳәм исенимли сөйлесиўлер мәмлекетлераралық байланыслардың пүткил системасын жаңалаўға хызмет етип, оған турақлы пәт бағышлады.
2017-жылдан берли Өзбекстан ҳәм Тәжикстан жетекшилери 40 тан аслам ушырасыў өткергени бирге ислесиўди избе-из раўажландырыўға болған сиясий ерк-ықрардан дәрек береди. 2024-жылы бирге ислесиўге узақ мүддетли стратегиялық характер берген Аўқамласлық қатнасықлары ҳаққындағы шәртнамаға қол қойылыўы бул бағдарламаның логикалық нәтийжеси болды. Болажақ сөйлесиўлер ерисилген нәтийжелерди беккемлеў ҳәм шерикликтиң жаңа бағдарларын белгилеп алыў имканиятын беретуғыны күтилмекте.
Қәлиплескен исеним орталығы институционаллық жақтан беккемленди. Сыртқы сиясий уйымлардың турақлы мәсләҳәтлесиўлери, тийисли структуралар арасындағы бирге ислесиўдиң кеңейиўи, сондай-ақ, Саўда-экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның жумысы еки тәреплеме бирге ислесиўдиң турақлы архитектурасын қәлиплестирмекте. 2020-жылы Өзбекстан ҳәм Тәжикстан парламентлери төменги палаталарында шөлкемлестирилген Парламентлераралық дослық топарының байланыслары да сезилерли дәрежеде беккемленди: басламаларды қоллап-қуўатлаў ҳәм олардың әмелге асырылыўын қадағалаў тәмийинленбекте.
Интенсив сиясий сөйлесиў терең өзгерислердиң көрсеткиши болған экономикада да өз көринисин табады. 2017-жылдан берли мәмлекетлер арасындағы товар алмасыў дерлик төрт есеге артып, турақлы өсиўди көрсетип, 237 миллион доллардан 2025-жылдың жуўмағы бойынша дерлик миллиард долларға жетти. Онда саўда структурасы да өзгермекте: дәстүрий товарлар менен бир қатарда жоқары қосымша қунлы өнимлер - тоқымашылық, қурылыс материаллары, электротехника ҳәм машина қурылысы өнимлериниң үлеси артпақта. Бул 2028-жылға шекем еки миллиард долларға жеткериўге қаратылған экономикалық бирге ислесиўдиң көп қырлы моделине өтилгенинен дәрек береди.
Соның менен бирге, бүгинги күнде тийкарғы итибар әсте-ақырын инвестициялық-өндирислик кооперацияға қаратылмақта. 2017-жылдан берли Өзбекстанда Тәжикстан капиталының қатнасыўындағы кәрханалардың саны 16 есеге өсип, 386 ға жетти, деп хабар берди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги баспасөз хызметиниң 2026-жыл 25-марттағы мағлыўматына бола. Тәжикстанда да өзбек бизнеси жедел раўажланбақта: ҳәзирги ўақытта ол жерде 116 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, бул еки мәмлекет исбилермен топарларының өз-ара исеними беккемленип атырғанын көрсетеди.
Бул бирге ислесиў шеңберинде 2021-жылдан берли Өзбекстан - Тәжикстан аймақлараралық инвестициялық форумы өткерилип келинбекте. Сол жылы "Тәжикстан-Өзбекстан инвестициялық компаниясы" қоспа кәрханасы шөлкемлестирилип, оның устав капиталы кейин ала төрт еседен аслам - 12 миллион доллардан 50 миллион долларға шекем көбейди. Бул санаат, энергетика, аўыл хожалығы, денсаўлықты сақлаў, банк ҳәм қурылыс тараўларында ири жойбарларды әмелге асырыў ушын финанслық базаны қәлиплестириў имканиятын берди.
Келешектеги интеграция ушын заманагөй шегараалды инфраструктурасы үлкен әҳмиетке ие. Атап айтқанда, "Айбек - Фатаҳобод" өтиў жолы тийкарында саўда-логистика хабының шөлкемлестирилиўи трансшегаралық саўда нәтийжелилигин арттырыўға хызмет етеди. Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Самарқанд ўәлаятының Ургут районы раўажланбақта, бул жерде шегараалды аймақларды экономикалық белсендилик орайларына айландырыўға уқыплы болған комплексли транспорт-логистика ҳәм саўда инфраструктурасы қәлиплеспекте.
Әмелге асырылатуғын жойбарлар саўда, транспорт ҳәм медицина комплекслерин шөлкемлестириў, суткасына 100 жүк машинасын өткериў қуўатлылығына ийе болған логистика орайын модернизациялаўды нәзерде тутады. Соның менен бирге, бажыхана тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў бойынша да жумыс алып барылмақта. Самарқанд - Ургут темир жолының қурылысы транспорт қәрежетлерин азайтыў ҳәм аймақтың өз-ара байланыслылығын арттырыўда әҳмийетли қәдем болады.
Дәстүрий түрде региондағы ең сезгир тараўлардан бири болған суў-энергетика тараўындағы бирге ислесиўдиң трансформацияланып атырғаны да айрықша әҳмийетке ийе. Бурынғы бәсекиликтиң орнына тәреплер өз-ара мәплерди есапқа алатуғын прагматикалық моделди избе-из қурмақта, ирригация системаларын модернизациялаў ҳәм гидроэнергетиканы раўажландырыў бойынша биргеликтеги жойбарларды әмелге асырмақта. Бундай қатнас жасаў ҳәттеки ең қурамалы мәселелер де турақлы кооперация ҳәм раўажланыў ушын тийкар бола алатуғынын көрсетеди.
Ең терең өзгерислер мәдений-гуманитарлық тараўда жүз бермекте. Пуқаралар арасындағы байланыслардың кеңейиўи, өз-ара сапарлардың көбейиўи, мәдений-ағартыўшылық алмасыўлардың раўажланыўы улыўма гуманитарлық мәканды қәлиплестирмекте, онда мәмлекетлераралық байланыслар жаңа сапаға ийе болмақта.
Ҳәрекетлениў режиминиң либералластырылыўы туризм тараўында да бирге ислесиўди жеделлестириўге хызмет етти. 2022-жыл июнь айынан "Ташкент - Душанбе" жолаўшы поездының қатнаўы жолға қойылды, "Ташкент - Хоженд" ҳәм "Қоқанд - Шайдан" автобус жөнелислери қайта тикленди, ҳәзирги ўақытта ҳәптесине оннан аслам қатнаўларды әмелге асырып атырған авиақатнаўлар көлеми кеңеймекте.
Нәтийжеде өткен жылдың өзинде Өзбекстанға Тәжикстанның 2,7 миллион пуқарасы келген, бул өз-ара исеним ҳәм ашық-айдынлықтың жоқары дәрежесин сәўлелендиреди. Сиясий келисимлер күнделикли өз-ара бирге ислесиўдиң әмелий жағдайына айланып бармақта.
Бул процесске еки мәмлекет халықларының тарийхый ҳәм этномәдений жақынлығы айрықша әҳмийет бағышлайды. Өзбекстанда тәжик ҳәм Тәжикстанда өзбек жәмийетшилигиниң салмақлы орын ийелеўи бирге ислесиўди қәлиплескен социаллық ҳәм мәдений байланыслардың тәбийғый даўамы етип атыр. Бундай шараятта гуманитарлық бағдар аўқамласлық қатнасықлары турақлылығының әҳмийетли факторларынан бирине айланбақта.
Усы мәниде, Тәжикстан Президенти Эмомали Раҳмонның Өзбекстанға сапары тек ғана ерисилген нәтийжелерди беккемлеў емес, ал келешектеги бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белгилеўге қаратылған.
Оның жуўмақлары, әлбетте, еки тәреплеме шерикликти беккемлеў ҳәм регионның турақлылығын арттырыўға хызмет ететуғын анық жойбарлар менен басламаларда өз көринисин табады.
Шаҳло Ҳамрахожаев,
Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы
Стратегиялық ҳәм аймақлар аралық изертлеўлер институтының
жетекши илимий хызметкери.